1. Ҳаа. Мийм.
2. Айн. Сийн. Қоф[2].
3. (Ҳәй Муҳаммад!) Қүдиретли, Ҳикметли Аллаҳ саған ҳәм сеннен алдынғыларға (пайғамбарларға) усылай ўаҳий қылады.
4. Аспандағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де Оныки. Ол – Жоқары, Уллы.
5. (Мушриклердиң ширкинен) үстинен аспанлар жарылып кетиўине жақын қалады[3]. Ал, периштелер Рәббисиниң ҳамды менен тасбиҳ айтады ҳәм жердегилерге (мусылманларға Аллаҳтан) мағфират сорайды. Билип қойың, әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, Рейимли.
6. Оннан басқа «дослар»ды услағанларды (оларға сыйынғанларды) Аллаҳ – бақлап турыўшы. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен оларға қорықшы емессең.
7. (Бәрше) қалалар анасы (Мәккә халқын) ҳәм оның әтирапындағыларды ескертиўиң ушын, гүман жоқ болған «топланыў Күни» (қыямет күни)нен ескертиў ушын Биз саған усындай араб тилиндеги Қуранды ўаҳий қылдық. (Ол Күни) бир топар жәннетте ҳәм бир топар дозақта (болады).
8. Егер Аллаҳ қәлегенде, әлбетте, олар (инсанлар)ды бир миллет (бир динде – Исламда) қылған болар еди. Бирақ, Ол Өзи қәлегенин мийримине (жәннетине) киргизеди. Залымларға (кәпирлерге) ҳеш бир дос та, жәрдем бериўши де жоқ.
9. Ямаса олар Оннан (Аллаҳ тааладан) басқаны «дослар» (қылып) услады ма (соларға сыйынып атыр ма)?! (Яқ,) Аллаҳтың Өзи ғана шын дос. Ол өлилерди тирилтеди. Ол ҳәмме нәрсеге қәдир.
10. (Ҳәй Муҳаммад, айт:) «Сизлер тартысқан ҳәр бир нәрсениң ҳүкими – Аллаҳта. Мине, усы сизлердиң Аллаҳыңыз – Рәббим. Оған ғана тәўекел қылдым ҳәм Оған ғана қайтарыламан».
11. (Ол –) аспанлар ҳәм Жердиң жаратыўшысы. Ол сизлер ушын өзлериңизден болған жубайларды жаратты. Шарўа ҳайўанларын да жуп (қылып жаратты). Ол сизлерди сол (жуплық) тийкарында көбейтеди. Оған уқсайтуғын[4] ҳеш нәрсе жоқ. Ол – Еситиўши, Көриўши.
12. Аспанлар ҳәм Жердиң (ғәзийнелериниң) гилтлери Онда. Ол өзи қәлегенине ырысқыны кең қылады ҳәм тар қылады. Ҳақыйқатында да, Ол – ҳәмме нәрсени билиўши.
13. (Ҳәй ийман келтиргенлер!) Ол сизлерге дин етип, Нуҳға ўәсият еткен (буйырған) нәрсени ҳәм саған (Муҳаммадқа) ўаҳий қылған нәрсемизди (сондай-ақ) Ибраҳим, Муўса ҳәм Ийсаға ўәсият еткен (буйырған) нәрсени – баян етти: «Динди кәмил услаң ҳәм онда топар-топар болып алмаң!» – деди. (Ҳәй Муҳаммад!) Мушриклерге сен оларды шақырған нәрсе аўырлық қылды. Аллаҳ Өзи қәлегенин таңлап алады ҳәм Ол Өзине ғана илтижа қылыўшыларды ҳидаят қылады.
14. Олар (өткен қәўимлер) тек өзлерине (бөлинбеў ҳаққында) илим (ҳүжжет) келгеннен кейин ғана, өз ара көре алмаўшылық қылып топар-топар болып алды. Егер Рәббиңнен мәлим мүддетке шекем (азапты қыямет күнине шекем кешиктириў) ҳаққында сөз өтпегенде, олар арасында, әлбетте, ҳүким шығарылған болар еди. Әлбетте, олардан кейин Китапқа (Таўрат ҳәм Инжилге) мийрасхор қылынғанлар (яҳудий ҳәм насранийлер) ол ҳаққында (өз Китапларынан) гүманда.
15. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Соның ушын да, (динге) шақыр, өзиңе буйырылғандай туўры жолда бол ҳәм олардың (мушриклердиң) ҳаўайы нәпсине ерме, (оларға): «Мен Аллаҳ нәзил еткен ҳәр бир Китапқа ийман келтирдим ҳәм араңызда әдалат орнатыўға буйырылдым. Аллаҳ – бизлердиң де Рәббимиз, сизлердиң де Рәббиңиз. Бизлердиң ислеген ислеримиз өзлеримиз ушын, сизлердиң ислеген ислериңиз өзлериңиз ушын. Бизлер менен сизлердиң арамызда жәнжел(ге орын) жоқ. Аллаҳ (қыяметте) ҳәммемизди жәмлейди. Қайтыў – жалғыз Оның Өзине», – деп айт.
16. Аллаҳ (дини) ҳаққында оны (адамлар тәрепинен) қабыл етилгенинен кейин де тартысатуғынлардың ҳүжжетлери Рәббиси алдында бийҳуўда болады[5]. Оларға (бул дүньяда) ғәзеп, (ақыретте) қатты азап бар.
17. Аллаҳ шынында да Китапты ҳәм тәрезини (әдалатты) нәзил етти. Қаяқтан билесең, итимал қыямет жақын шығар.
18. Оған (қыяметке) ийман келтирмейтуғынлар оны тезлестириўди қәлейди. Ал, ийман келтиргенлер – оннан қорқыўшы. Олар оның ҳақ екенин биледи. Билип қойың! Әлбетте, қыямет ҳаққында тартысатуғынлар (ҳидаяттан) узақ адасыўда.
19. Аллаҳ бенделерине мийримли. Ол қәлегенине (пәраўан) ырысқы береди[6]. Ол – Күшли, Қүдиретли.
20. Ким ақырет егинин (саўабын) қәлесе, биз оған егинин (зүрәәтин) зыяда қылып беремиз. Ким дүнья егинин қәлесе, биз оған оннан беремиз ҳәм оған ақыретте ҳеш бир несийбе (саўап) болмайды.
21. Ямаса олардың (мушриклердиң) диннен Аллаҳ руқсат бермеген нәрселерди шәрият етип берген шериклери (бутлары) бар ма?! Егер (қыяметте жазалайман деген) ажыратыў кәлиймасы болмағанда, әлбетте, олар арасында (усы дүньяда-ақ) ҳүким етилген болар еди. Әлбетте, залымлар ушын аўыртыўшы азап бар.
22. (Қыямет күни сол) залымларды өзлери кәсип қылған нәрселеринен қорқып турған ҳалда көресең. Ол (жаза) – (бәри бир) оларға түсиўши! Ийман келтирип, ийгиликли ислерди ислеўшилер жәннет бағларында болып, олар ушын Рәббиси алдында қәлеген нәрсеси бар. Мине, усы – үлкен кеңшиликтиң өзи.
23. Аллаҳтың ийман келтирип, ийгиликли ислерди ислеген бенделерине беретуғын хош хабары – усы. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Мен сизлерден буған (Исламға шақырғаным ушын) ҳақы сорамайман[7], тек ағайиншиликтеги дослық (жақынлық)ты ғана (сорайман)», – деп айт. Ким жақсылық қылса, Биз оған сол (исинде) жақсылықты зыяда қыламыз. Әлбетте, Аллаҳ – Кеширимли, шүкир қылыныўға ылайық.
24. Ямаса олар: «Ол Аллаҳ жөнинде өтирик тоқыды», – дей ме?! (Ондай емес.) Егер (сен өтирик тоқыйтуғын болсаң,) Аллаҳ қәлесе, кеўлиңе тамға басады ҳәм Аллаҳ Өзиниң сөзлери менен наҳақты жоқ қылып, ҳақыйқатты жүзеге шығарады. Әлбетте, Ол – кеўиллердеги нәрсени (сырларды) билиўши.
25. Оның Өзи бенделеринен тәўбени қабыл етеди, гүналарды әпиў етеди ҳәм не қылып атырғаныңызды биледи.
26. Ол ийман келтирип, ийгиликли ислер ислегенлердиң (дуўасын) қабыл етеди ҳәм оларға Өз кеңшилигинен зыядалық береди. Ал, кәпирлер ушын қатты азап бар.
27. Егер Аллаҳ бенделерине ырысқыны кең қылып қойса, әлбетте, олар Жер бетинде ҳәдден асып кетеди. Бирақ, Ол Өзи қәлегенше өлшем менен (ырысқы, байлық) түсиреди. Әлбетте, Ол – бенделеринен хабардар, (ҳәмме нәрсени) көрип турыўшы.
28. Ол (Аллаҳ адамлар) үмитсиз болғаннан кейин жаўынды түсиреди ҳәм Өз мийримин (берекетин) жаяды. Ол – (мөминлерге) Дос, Мақталған.
29. Аспанлар ҳәм Жердиң жаратылыўы ҳәм де олардағы (Аллаҳ) тарқатып қойған жанзатлар – Оның (Аллаҳтың бар екениниң) белгилеринен. Ол Өзи қәлеген ўақытта оларды жыйнап алыўға қәдир.
30. (Ҳәй инсанлар!) Сизлерге қайсы бир мүсийбет жетсе, демек, (ол) өз қолыңыз қылған кәсиптен (гүнадан). Ол – (гүналардың) көпшилигин әпиў етиўши. (Кери жағдайда, мүсийбет буннан да көп болар еди.)
31. Сизлер Жерде (ҳеш кимди) илажсыз қалдырыўшы емессиз. Сизлер ушын Аллаҳтан басқа бир дос та, жәрдем бериўши де жоқ.
32. Теңизде таўлардай болып жүзип жүриўши кемелер де – Оның белгилеринен.
33. Егер Ол (Аллаҳ) қәлесе, самалды тоқтатып қояды. Кейин олар (кемелер) оның (теңиздиң) үстинде тоқтап қалады. Әлбетте, бунда ҳәр бир (бәлеге) сабыр етиўши, (Аллаҳтың неъматларына) шүкир қылыўшы ушын белгилер бар.
34. Ямаса оларды (кемедегилерди) қылған ислери себепли оларды (кемелерди) жоқ қылады (шөктиреди) ҳәм Ол (адамлардың) көпшилигин (өлимнен қутқарып) әпиў етеди.
35. Аятларымыз ҳаққында тартысатуғын адамлар, өзлери ушын (Аллаҳтың азабынан) қашып қутылатуғын жер жоқ екенин билип алады.
36. (Ҳәй инсанлар!) Сизлерге берилген нәрселер тек ғана дүнья өмириниң буйымы. Ийман келтирип, Рәббисине тәўекел қылғанлар ушын Аллаҳтың алдындағы нәрсе – (дүнья буйымларынан) жақсы ҳәм мәңги[8].
37. Олар – үлкен гүналар ҳәм бузықлықтан шетленетуғын, ғәзепленген ўақтында кеширип жиберетуғынлар.
38. Олар – Рәббисине ижабат қылған (буйрықларын орынлаған), намазды кәмил оқыған, ислери өз ара шуўро (мәсләҳәт) пенен болғанлар. Олар Биз оларға ырысқы етип берген нәрселеримизден (мүтәжлерге) садақа қылады[9].
39. Олар – өзлерине зулым қылынғанда (залымларға қарсы гүресип), утысқа ерисиўшилер.
40. (Ҳәр қандай) жаманлықтың жазасы – өзине уқсас жаманлық. Ким әпиў етип (араны) жақсыласа, енди оның сыйлығы Аллаҳға (Аллаҳ береди). Әлбетте, Ол залымларды жақсы көрмейди.
41. Әлбетте, ким өзине зулым қылынғаннан кейин (зулым қылған адамнан) утысқа ериссе (өш алса), онда бундайларды (айыплаўға) жол жоқ.
42. Тек адамларға әдалатсызлық қылатуғын ҳәм Жер бетинде наҳақтан зулым қылатуғынларды ғана (айыплаўға) жол бар. Соларға аўыртыўшы азап бар.
43. Ким (азарларға) сабыр етип, (Аллаҳ ушын) кеширсе, әлбетте, бул – мақсетли ислерден.
44. Аллаҳ кимди (жолдан) адастырса, енди оған Оннан басқа ҳеш бир (ҳидаятқа баслаўшы) дос болмайды. (Ондай) залымлар (қыямет күни) азапты көрген ўақтында: «(Және дүньяға) қайтыўға бир жол бар ма екен?» – деп атырғанларын көресең.
45. Оларды хорлық себепли қорыққан ҳәм (дозаққа) көз қыры менен қараған ҳалларында оған (дозаққа) кесесине қойылғанын көресең. Ийман келтиргенлер: «Әлбетте, зыян көриўшилер – қыямет күни өзлерине де, шаңарағына да зыян қылғанлар», – дейди. Билип қойың, әлбетте, залымлар мәңги азапта.
46. Оларға Аллаҳтан өзге жәрдем беретуғын ҳеш қандай дослар болмайды. Аллаҳ кимди адастырса, енди оған ҳеш бир (туўры) жол жоқ.
47. (Ҳәй инсанлар!) Аллаҳ тәрепинен қайтарып болмайтуғын Күн (қыямет) келиўинен алдын, Рәббиңизге ижабат қылың (бойсының)! Сол Күни сизлерге пана табылмайды ҳәм сизлер ушын (қылмысларыңызды) инкәр етиў де болмайды.
48. (Ҳәй Муҳаммад!) Егер олар (мушриклер ийман келтириўден) жүз бурса, онда биз сени оларға қорықшы қылып жибермедик. Сениң мойныңда тек (ўаҳийди) жеткериў ғана бар. Ҳақыйқатында да, егер Биз инсанға Өзимизден мийримди (неъматты) таттырғанымызда ол оннан қуўанады ҳәм егер оларға өз қоллары қылған нәрсе себепли жаманлық жетсе, онда, әлбетте, инсан нашүкир болады[10].
49. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Аллаҳтики. Ол қәлеген нәрсени жаратады. Қәлегенине қызларды ҳәдия етеди ҳәм қәлегенине улларды ҳәдия етеди.
50. Ямаса оларға уллар ҳәм қызларды қосып береди ҳәм қәлегенин туўмайтуғын қылады[11]. Әлбетте, Ол – (буның ҳикметин) Билиўши, (қәлеген нәрсесин қыла алыўға) Қәдир.
51. Инсан менен Аллаҳ (тиккелей) сөйлесиўи мүмкин емес, тек ўаҳий арқалы ямаса перде артынан яки елши (периште) жиберип, Өз руқсаты менен қәлеген нәрсесин ўаҳий қылыўы мүмкин. Әлбетте, Ол – Жоқары, Ҳикметли.
52. (Ҳәй Муҳаммад!) Солай етип, буйрығымыз бенен саған Руўхты (Қуранды) ўаҳий қылдық. Сен (буннан) алдын Китапты (Қуранды) да, ийманды да билмейтуғын едиң. Бирақ, Биз оны (Қуранды сондай) бир нур қылдық, оның менен бенделеримизден қәлегенин ҳидаят қыламыз. Әлбетте, сен (ўаҳий жәрдеминде) туўры жолға баслайсаң.
53. (Ол жол –) аспанлар ҳәм Жердеги (бар) нәрселер Оныки болған Аллаҳтың жолы. Билип қойың, (бәрше) ислер Аллаҳға ғана қайтады!
[1] 42. ШУЎРО СҮРЕСИ
Шуўро – мәсләҳәт, кеңес дегенди билдиреди.
Сүреде мусылманлар диний ҳәм дүнья ислерин өз ара мәсләҳәт ҳәм кеңес тийкарында әмелге асырыўы мақтаўға ылайық екени айтылады. Сондай-ақ, онда қыямет, жәннет, дозақ, таўҳид, ийман, күпир, ширк, зулым киби түсиниклердиң Ислам тәлиматы бойынша кең түсиниги ҳәм бир неше атақлы пайғамбарлардың атлары ҳәм де ақыретте болатуғын ўақыялар зикир етиледи.
[2] 2-аят. Ибн Аббастың (рз.) сөзине қарағанда, китап нәзил етилген бәрше пайғамбарларға «Ҳа, Мийм, Айн, Сийн, Қоф» ҳәриплеринен ибарат аятлар ўаҳий қылынған (Мд.).
[3] 5-аят. Аяттан бендениң ислери ишинде Аллаҳ тааланың қатты ғәзебине себеп болатуғын әмел – Оған ширк келтириў екени белгили болады. Аллаҳға ширк келтирилгенде, ҳәтте, аспанлар жарылып кетейин дейди екен.
[4] 11-аят. Аяттағы «уқсайтуғын» сөзи «затындай» деп тәфсир қылынған. Кери жағдайда, Оның уқсасы бар, бирақ уқсасындай нәрсе жоқ, дегенге уқсап қалады. Аяттың арабшасында да еки ташбиҳ кәлиймасы избе-из келген («камислиҳи»). Бундай ибаралар араб тилинде көп болғанлықтан, ҳеш ким оның ашық мәнисин есапқа алмай қоллана береди. Аяттағы еки ташбиҳ кәлиймасының бири зыяда келген, деп түсиник берген алымлар да бар.
[5] 16-аят. Ислам динине кирген мусылманларды және ески ҳалатларына қайтарыў мақсетинде яҳудий ҳәм насранийлер: «Бизиң китабымыз сизиң китабыңыздан алдын түскен ҳәм пайғамбарымыз да сизиң пайғамбарыңыздан алдын келген», – дегенлеринде усы аят арқалы Аллаҳ таала олардың бул сөзлери наҳақ екенин билдирмекте (Мд.).
[6] 19-аят. Ҳәдисте: «Мениң мөмин бенделерим ишинде сондайлары бар, олар бай болғанлығы себепли ийманлары орнында турады. Егер оларды кәмбағал қылып қойсам, ийманлары пәсейип кетеди. Және сондайлары да бар, олар кәмбағал болғанлығы себепли ийманлары орнында турады. Егер оларды байытып қойсам, сол себепли ийманларына путыр жетеди» (Мд.).
Демек, Аллаҳтың ҳәр бир иси, бизге кери туйылған тәғдирде де бизге белгисиз қандайда бир ҳикметтен жырақ емес. Тек биз көбинесе Аллаҳтың ислерине ақылымыз жетпей, Оның абырайына ылайық болмаған сөзлерди айтып қоямыз. Ҳақыйқатында, Оның бәрше сөзи ҳәм иси туўры ҳәм ҳақ екенине ийманымыз кәмил.
[7] 23-аят. Бул аяттағы «ағайиншиликтеги дослық» ибарасы түрлише тәфсир қылынған. Соның ишинде, Расул (а.с.) Қурайш қәўиминен болғаны ушын, усы қәўим мушриклеринен азар бермеўди сораған; үгит-нәсиятлары есесине ҳақы сорамаса да, өзлериниң әўлад ҳәм зүрядына силаи раҳмда болыўға шақырған; Аллаҳға жақынлық жолында досласыўға шақырған; мусылманларды бир-бири менен ағайиншиликтеги дослықты сақлаўға буйырған. Иймам Табарий (рҳ.) айтылған тәфсирлерден бириншисин мақуллап, Қурайш халқының Муҳаммад (а.с.) менен ағайиншилиги ҳүрметинен оның менен дослық мәмиледе болыўға, силаи раҳмды үзбеўге шақырғаны аят мазмунына сәйкеслеў есапланады, деген (Тб. Лс. Мд.).
[8] 36-аят. Бул аят Әбиў Бәкир (рз.) Аллаҳтың жолында ҳәмме байлықларын иҳсан қылып жибергенде адамлар оны өсек қылғаннан кейин, нәзил етилген (Мд.).
[9] 38-аят. Бул аят ансорлар (мадиналы мусылманлар) ҳаққында нәзил етилген болып, оларда бул жақсы сыпатлар бар еди. Аятта мәсләҳәтли истиң пазыйлети ҳәм қайыр-сақаўатлы болыўға үгит-нәсият жәмленген.
[10] 48-аят. Ҳақыйқатында да, инсан өзине исленген жақсылықларды умытыўшы, биреўге ислеген жақсылығын есинде сақлаўшы ҳәм миннет етиўши есапланады. Басына бир мүсийбет түссе яки әўмети келмесе, айыпты өзинен излеў орнына сабырсызлық ҳәм нашүкирликке өтеди.
[11] 50-аят. Перзент инам етиў Аллаҳ тааланың ықтыярында болғаны ушын ҳәтте, пайғамбарларға да бир қыйлы жыныста яки бир қыйлы муғдарда перзент бермеген. Мәселен, Лут ҳәм Шуайб (а.с.)ларға тек қыз перзентлер, Ибраҳимге (а.с.) тек ул перзентлер, Муҳаммадқа (а.с.) да қыз ҳәм ул перзентлер, ал Яҳя ҳәм Ийса (а.с.)лардың перзентсиз болыўын ерк қылған (Мд.).
Бул илаҳий бөлистириў бенделерин сынаў ушын есапланады. Өйткени, бендесинен неъматқа шүкир ҳәм мүсийбетке сабыр талап етиледи.