1. Ант етемен Туўр (таўы) менен,
2. жазылған Китап (Қуран) менен,
3. (ол) ашық қағаз бетинде;
4. және Байтул-маъмур менен[2],
5. бәлент көтерилген төбе (аспан) менен
6. ҳәм толған теңиз бенен,
7. әлбетте, Рәббиңниң азабы – (қыямет күни) шубҳасыз болыўшы.
8. Оны қайтарыўшы (күш) жоқ.
9. Сол күни аспан айланады.
10. Таўлар да (аспанда тозаңғып ушып) жүреди.
11. Солай екен, сол Күни (пайғамбарларды) өтирикшиге шығарғанларға ўайл болсын!
12. Олар – (адасыўда) сүңгип, ойнап жүретуғынлар.
13. Ол Күни олар жәҳәннем отына қарай айдалады.
14. )Оларға айтылады:) Сизлер өтирик деп жүрген дозақ – мине, усы!
15. Бул да сыйқыр ма?! Ямаса сизлер көрмей атырсыз ба?!
16. Оған кириң! Енди (оның азабына) шыдайсыз ба, шыдамайсыз ба – сизлерге бәри бир! Сизлер тек қылып жүрген әмеллериңиздиң жазасын аласыз.
17. Әлбетте, тақўалылар жәннетлер ҳәм неъматлар ишинде.
18. Рәббиси оларға берген нәрселерден шадықоррам. Рәббиси оларды жәҳәннем азабынан сақлаған.
19. (Оларға айтылады): «Сизлер қылып өткен (жақсы) ислериңиз себепли арқайын жеп-ишиң
20. қатар дизилген сыпаларда жамбаслаған ҳалыңызда!» Биз оларға гөззал көзли ҳүр қызларды жубай қылып берермиз.
21. Өзлери ийман келтирип, зүрядлары да оларға ийман менен ергенлердиң зүрядын да оларға қосамыз[3]. Оларға ислеген ислеринен ҳеш нәрсени кемейтпеймиз. Ҳәр бир адам өзи ислеген иси менен гиреўленеди.
22. Биз оларды (кеўиллери) қәлеген мийўе ҳәм гөшлер менен қуўатландырамыз.
23. Олар ол жерде (сондай мәй толы) кеселерге таласады (қолма-қол қылып ишеди). Ол жерде бийҳуўда гәп те, гүна да болмайды.
24. Олардың үстинде тап (маржанның ишинде) жасырынған гәўҳардай (пәк ҳәм шырайлы) балалар айланып (хызметте) жүреди.
25. Олар (сөйлесип отырып) бир-бири не қарап, сорай баслайды.
26. Айтты: «Әлбетте, бизлер алдын (дүньяда) өз шаңарағымызда (Аллаҳтың азабынан) қорқыўшылардан едик.
27. Мине, Аллаҳ бизлерди қуўандырды ҳәм бизлерди Самум (дозақ самалы) азабынан сақлады.
28. Ҳақыйқатында да, бизлер алдын (дүньяда) Оған дуўа қылар едик. Әлбетте, Оның Өзи – жақсылық етиўши ҳәм Рейимли».
29. Енди (ҳәй Муҳаммад! Инсанларға) еслетпе бер! Сен Рәббиңниң неъматы себепли палкер де емессең, жин урған да емессең.
30. Ал, олар (мушриклер): «Ол (Муҳаммад) – шайыр, бизлер оған заманның ҳәдийселери (жетиўин) күтемиз», – дейди?!
31. (Сен оларға) айт: «Күтебериң! Әлбетте, мен де сизлер менен бирге күтиўшимен».
32. Ямаса оларды «ақыллары» усыған буйырып атырған шығар?! Яки олар ҳәддинен асқан қәўим бе?!
33. Бәлким, олар: «(Муҳаммад Қуранды) өзи тоқыған дейтуғын шығар? Яқ, олар ийман келтирмейди.
34. Егер расгөй болса, өзлери де оған уқсас сөзди (Китап) әкелсин?!
35. Ямаса, олар жоқтан (Жаратыўшысыз) өзинен өзи пайда болып қалды ма?! Яки олар өзлери жаратыўшы ма?
36. Ямаса, аспанлар ҳәм Жерди де олар жаратты ма?! Яқ! Олар (бәри бир) исенбейди.
37. Ямаса, олардың алдында Рәббиңниң ғәзийнелери бар ма?! Яки олар (әлемди) басқарыўшы ма?!
38. Бәлким, оларда (шығып, периштелердиң сөзлерин) еситетуғын зәңгиси бар шығар?! Ондай болса, олардың еситип алыўшысы анық ҳүжжет келтирсин!
39. Ямаса қызлар (периштелер) Оған, уллар сизлерге ме?![4]
40. (Ҳәй Муҳаммад!) Ямаса Сен олардан (пайғамбарлығың ушын) ҳақы сорап атырсаң ба?! Олар төлеўден қыйналып атыр ма?!
41. Ямаса, олардың алдында ғайып (илими) болып, олар (оннан көширип) жазып алып атыр ма?!
42. Ямаса, олар (сени өлтириў ушын) ҳийле қылыўды қәлеп атыр ма?! Ондай болса, сол кәпирлердиң өзлери «ҳийле»ге ушырайды.
43. Ямаса, олардың Аллаҳтан басқа илаҳ бар ма?! Аллаҳ – олар ислеген ширктен пәк!
44. Егер олар (үстилерине) түсип атырған аспанның бир бөлегин көрсе де, «бул – (Аллаҳтың азабы емес) қалың булт», – дейди.
45. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сиз оларды қыйралатуғын Күнлерине жолыққанша, қойып қойың!
46. Ол Күни ҳийлелери оларға ҳеш қандай пайда бермейди ҳәм оларға жәрдем де берилмейди.
47. Әлбетте, зулым қылғанларға (кәпирлерге) буннан (қыяметтен) алдын (дүньяда) да азап(лар) бар, бирақ (буны) олардың көпшилиги билмейди.
48. (Ҳәй Муҳаммад!) Рәббиңниң ҳүкимине сабыр ет! Әлбетте, сен көз алдымызда (қорғаўымызда)саң! (Таңда уйқыдан) турғанда Рәббиңе тасбиҳ айт!
49. Сондай-ақ, түннен (белгили бир ўақыт ажыратып), жулдызлар жүз бурғаннан (батқаннан) кейин (сәҳәрде) де Оған тасбиҳ айт!
[1] 52. ТУЎР СҮРЕСИ
«Туўр» – таўдың аты. Муўса (а.с.) Аллаҳ пенен усы таўда сөйлескен. Ол Мысыр Араб Республикасының Синай ярым атаўы аймағында жайласқан.
[2] 4-аят. «Байтул-маъмур» – Абат үй дегенди билдиреди. Ол аспандағы бир ибадат қылатуғын орын болып, қубла сыпатында санаўсыз периштелер тәрепинен зыярат етип турылады.
[3] 21-аят. Жәннетте набада айырым ата-аналардың дәреже ҳәм мәртебелери жоқары болып, олардың перзент ҳәм зүрядлары пәслеў дәрежелерге ийе болып қалса, оларды бир-бирине жақынластырып қуўантыў мақсетинде Аллаҳ таала олардың да дәрежелерин көтерип, теңлестирип қояды. Муқотил (рҳ.) сөзи бойынша, балағат жасына жетпей қайтыс болған ул-қызлар жәннетте ата-аналары менен бирге қосып қойылады (Мд. Лс.).
[4] 39-аят. Яғный, Аллаҳ таала мушриклердиң сөзлеринен алып, өзлерине қарсы пикир билдирмекте. Олардың бузық исенимине қарсы «набада Аллаҳ перзентли болыўды қәлегенде еди, қызларды емес ул перзент тутқан болмас па еди?!» – делинбекте.