Қураны кәрийм аўдармасы

Қодр

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлбетте, Биз оны (Қуранды Лаўҳул-маҳфуздан биринши аспанға) Қәдир түни нәзил еттик.

2. (Ҳәй Муҳаммад!) Қәдир түни не екенин саған не аңлатты?

3. Қәдир түни мың айдан жақсырақ[2].

4. Онда (ол түнде) периштелер ҳәм Руўх (Жәбрайыл) Рәббисиниң руқсаты менен (жыл даўамында исленетуғын) ҳәмме ислер (режеси) менен (аспаннан Жерге) түседи.

5. Ол (түн) – таң атқанша саламатлық.



[1] 97. ҚОДР СҮРЕСИ

«Қәдир» сөзиниң түрлише мәнилери бар. Соның ишинде, қәдир-қымбат, өлшем, муғдар. Бул жерде булардың ҳәр бири туўры келе береди. Себеби, бул түнниң қәдир-қымбаты мың айдан уллылығы ҳәм бул түнде бир жыллық ислер өлшенип, режелестирилиўи буған дәлил болып есапланады.

[2] 3-аят. Бул уллы түн Рамазан айының 27-түни екенинен дерек беретуғын ҳәдислер көп. Қадр түни Рамазан айының нешинши түни екени Аллаҳ ҳәм Расулы тәрепинен сыр тутылған еди. Бирақ, саҳабалар Расулдан (а.с.) оны анықлап айтып бериўин көп сорағаннан кейин дәслеп айдың үшинши он күнлигинен, кейинирек тақ түнлеринен излеў керек екенлиги ҳаққында айтқан. Ақыры ол түнниң белгилерин айтқаннан соң 27-түн екени белгили болған (Бғ.).