Қураны кәрийм аўдармасы

Аҳқоф

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Ҳаа. Мийм.

2. (Бул Қуран –) Қүдиретли, Ҳикметли Аллаҳтан (тәрепинен) нәзил етилген Китап.

3. Биз аспанлар ҳәм Жерди ҳәм де олар арасындағы нәрселерди тек ҳақыйқат (ҳикмет) ҳәм (қыяметке шекем деп) белгиленген мүддет пенен жараттық. Ал, кәпирлер – өзлери ескертилген нәрсе (қыяметке ийман келтириў)ден жүз бурыўшы.

4. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (мушриклерге): «Аллаҳты қойып сыйынып атырған нәрселериңиздиң хабарын берип, маған көрсетиң, олар жерден нени жаратыпты? Ямаса аспанларды (жаратыўда) шериклиги бар ма екен? Егер расгөй болсаңыз, маған мынадан (Қураннан) алдын (нәзил болған) китапты ямаса илимий бир белгини (ҳүжжетти) әкелиң!» – деп айт.

5. Аллаҳты қойып, қыямет күнине шекем (дуўаны) қабыл ете алмайтуғын (бут)ларға илтижа қылатуғынлардан да бетер адасқан адам бар ма?! Олар (жансыз бутлар) олардың (кәпирлердиң) дуўасын сезбейди де.

6. (Қыямет күни) адамлар (есап-санақ ушын) топланғанда, солар (бутлар) оларға (мушриклерге) душпан болады ҳәм олардың қылған ибадатларын да тән алмайды.

7. Қашан оларға рәўшан аятларымыз тиләўат қылынса, күпир келтиргенлер ҳақыйқат (Қуран) ҳаққында ол өзлерине келген ўақытта-ақ: «Бул – анық сыйқыр», – деди.

8. Ямаса олар: «Оны (Қуранды Муҳаммадтың) өзи тоқып алған», – дей ме?! Сен: «Егер оны тоқып алған болсам, сизлер мен ушын Аллаҳ (келетуғын азап)тан ҳеш нәрсеге (қайтарыўға) қәдир емессиз. Оның Өзи – ол (Қуран) ҳаққында сизлер асырып (айтып) атырған нәрселерди (тоқыған гәплериңизди) жақсы билиўши. Оның Өзи сизлер менен мениң арамызда гүўалыққа жетерли. Ол – Кеширимли, Рейимли», – деп айт.

9. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Мен Пай­ғамбарлардың жаңасы (бириншиси) емеспен. Мен (келешекте) өзиме де, сизлерге де не қылыныўын билмеймен. Мен тек өзиме ўаҳий етилетуғын нәрсеге ғана еремен. Мен тек анық ескертиўшимен», – деп айт.

10. Сен: «(Ҳәй Исрайыл әўлады!) Айтың, егер (мына Қуран) Аллаҳтың алдынан болып, сизлер оған күпир келтирсеңиз ҳәм Исрайыл әўлaдынан бир гүўа[2] оған (Қуранға) уқсас нәрсеге гүўалық берип, ийман келтирип турған болса, ал сизлер (ийман келтирмей) тәкаббырлық қылғаныңыз неси?![3] Әлбетте, Аллаҳ залымлар қәўимин ҳидаят қылмайды», – деп айт.

11. Күпир келтиргенлер ийман келтиргенлерге: «Егер (мына Қуран) жақсы болғанда, (анаў жарлылар) оған бизлерден алдын бармаған болар еди», – деди. Олар оның (Қуран) менен ҳидаят таппағанда: «Бул – бурынғы тоқыма», – дейди.

12. Оннан (Қураннан) алдын Муўсаның жол баслаўшы ҳәм мийирманлық болған Китабы (Таўрат) бар еди. Бул (Қуран) – араб тилиндеги (алдынғы илаҳий Китапларды) тастыйықлаўшы бир Китап. Ол зулым қылыўшыларды (кәпирлерди ақырет азабынан) ескертиў ушын ҳәм жақсыларға (жәннет ҳаққында) хош хабаршы (болып нәзил етилген).

13. Әлбетте, «Рәббимиз – Аллаҳ», – деп, кейин (туўры жолда) турғанларға қәўип жоқ ҳәм олар қапа да болмайды[4].

14. Солар жәннет ийелери болып, олар ол жерде мәңги қалады. (Бул –) қылған әмеллериниң сыйлығы.

15. Биз инсанды ата-анасына жақсылық етиўге буйырдық. Анасы оны (қарнында) қыйналып көтерип жүрди ҳәм оны қыйналып туўды. Оның ҳәмилеси ҳәм (сүттен) ажыратыў (мүддети) отыз ай[5]. Ол ер жетип, қырық жасқа киргенде: «Я Рәббим! Өзиң маған ҳәм ата-анама берген неъматларыңа шүкир қылыўыма ҳәм Сен разы болған ийгиликли (ис)ти ислеўиме еристир ҳәм мен ушын зүрядымды дүзиўле! Әлбетте, мен Саған (гүналарымнан) тәўбе қылдым ҳәм әлбетте, мен мусылманларданман», – деди[6].

16. Солардың ислеген жақсы әмеллерин қабыл етемиз ҳәм жәннет ийелери қатарында жаманлықларын әпиў етемиз. (Бул –) оларға ўәде етилген ҳақыйқый ўәде.

17. Ата-анасына: «Уф сизлерге! Сизлер маған (қайта тирилип, қәбирден) шығарылыўымның ўәдесин берип атырсыз ба?! Меннен алдын да әўладлар өткен (олар тирилмеди ғой!» – дейди. Ол екеўи Аллаҳтан жәрдем сораған ҳалда, (балаларына қарап): «Саған ўайл болсын, ийман келтир! Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ», (десе) ол: «Бул тек өткенлердиң әпсаналары», – дейди[7].

18. Әне соларға өзлеринен алдын өткен жин ҳәм инсан(лардың кәпир) үмметлери қатарында (азап) сөзи ҳақ болды. Әлбетте, олар – зыян көриўшилер.

19. Ҳәммеге ислеген әмеллерине жараса дәрежелер бар. (Аллаҳ) оларға әмеллериниң (сыйлығын ямаса жазасын) толық береди ҳәм оларға зулым (наҳақлық) қылынбайды.

20. Күпир келтиргенлер дозаққа дуўшар етилген Күни (оларға): «Сизлер дүньядағы өмириңизде-ақ рәҳәтлериңизди кетирип, олардан пайдаланып болдыңыз. Енди бүгин Жер бетинде наҳақ тәкаббырлық ҳәм фасықлық қылғанларыңыз ушын хорлық азабы менен жазаланасыз», – делинеди.

21. (Ҳәй Муҳаммад!) Адтың (қәўиминиң) туўысқанын (Ҳудты) есле! Сол ўақытта ол өзинен алдын да, кейин де ескертиўшилер өткен қум төбелердеги[8] қәўимин: «Сизлер Аллаҳға ғана ибадат қылың, әлбетте, мен уллы Күни (қыяметте) үстилериңизге түсетуғын азаптан қорқаман», – деп ескерткен еди.

22. Олар: «Бизлерди қудайларымыздан бурыў ушын келдиң бе? Егер расгөйлерден болсаң, бизлерге ўәде қылып атырған нәрсеңди (азапты) әкел», – деди.

23. Ол: «Әлбетте, (азап ҳаққындағы) илим Аллаҳтың алдында. Мен сизлерге өзим елши қылып жиберилген нәрсени (динди) жеткиземен. Бирақ, сизлердиң надан қәўим екенлигиңизди көрип турман», – деди.

24. Кейин, қашан оны (азапты) өз ойпатларына қарап киятырған бир (қара) булт ҳалында көргенде: «Бул – бизлерге жаўын келтириўши булт», – деди. Яқ, ол – өзлериңиз асықтырған, ишинде (сизлерге арналған) аўыртыўшы азабы бар боран.

25. Ол Рәббисиниң буйрығы менен ҳәмме нәрсени ўайран қылады. Кейин (ол боран келип,) таң атқанда тек олардың мәканлары ғана көринер еди. Биз жынаятшы қәўимди усылай жазалаймыз[9].

26. Ҳақыйқатында да, (ҳәй Мәккә халқы!) Биз оларды (байлық ҳәм қуўатта) сизлерди қәдир қылмаған нәрселерге қәдир қылған едик ҳәм оларға қулақ, көз, кеўиллер бердик. Кейин, оларға қулақлары да, көзлери де, кеўиллери де пайда бермеди. Себеби, олар Аллаҳтың аятларын тән алмаған еди. Кейин, оларды өзлери масқара қылған нәрсе (азап) орап алды.

27. (Ҳәй Мәккә халқы!) Ҳақыйқатында да, Биз сизлердиң әтирапыңыздағы аўыл (ҳәм қала)ларды жоқ қылдық. Қәне еди, (жақсы жолға) қайтса, деп оларға ҳүжжетлерди баян еттик.

28. Енди Аллаҳты қойып, Оған жақынластырыўшы деп услаған «қудайлары» оларға жәрдем берсе болмай ма?! Яқ, олардан ғайып болып қалды. Бул – олардың дөҳметлери ҳәм (Аллаҳтың атына) тоқыған жалалары.

29. (Ҳәй Муҳаммад!) Есле, алдыңа бир топар жинлерди Қуран тыңласын, деп жиберген едик[10]. Кейин олар (Қуран тыңлаўға) келгенде (бир-бирине): «Тыныш, қулақ салың!» – деди. Кейин қашан (тиләўат) таўсылғанда, олар өз қәўимлерине ескертиўши болып қайтты.

30. Олар (жинлер) айтты: «Ҳәй қәўимимиз! Бизлер Муўсадан кейин түсирилген, өзинен алдынғы нәрсени (илаҳий Китап­ларды)­ тастыйықлаўшы, ҳаққа (динге) ҳәм туўры жолға ҳидаят қылыўшы Китапты (Қуранды) тыңладық.

31. Ҳәй қәўимимиз! Аллаҳтың шақырыўшысын (Муҳаммадты) қабыл етиң ҳәм оған ийман келтириң! (Сонда Аллаҳ) сизлердиң гүналарыңызды кеширеди ҳәм аўыртыўшы азаптан сақлайды.

32. Ким Аллаҳтың шақырыўшысын қабыл етпесе, онда ол – Жер бетинде қашып қутылыўшы емес ҳәм оған Оннан өзге «дослар» да жоқ. Әне солар – анық адасыўда».

33. Олар (ақыретти тән алмаўшылар) аспанлар ҳәм Жерди жаратқан ҳәм оларды жаратыўда шаршамаған Аллаҳ өлилерди де тирилтиўге қәдир екенин (ойлап) көрмеди ме? Яқ, әлбетте, Ол ҳәмме нәрсеге қәдир.

34. Күпир келтиргенлер дозаққа дуўшар қылынған Күни (оларға): «Мынаў (азап) ҳақ емес пе?!» (– делинеди). Олар: «Яқ, Рәббимизге ант, (ҳақ екен)», – дейди. (Сонда Аллаҳ): «Енди күпир келтиргенлериңиз ушын азапты татың!» – дейди.

35. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен де шыдамлылық ийеси болған пайғамбарлар сабыр еткениндей сабыр ет, оларға (азап жетиўине) асықпа! Олар өзлерине ўәде етилген нәрсени көргенинде тап (бул дүнья­да) күндизден бир саат ғана турғандай болып қалады. (Бул – Аллаҳ тәрепинен) бир жеткериў! Солай екен, тек фасық қәўим ғана қыйратылады!



[1] 46. АҲҚОФ СҮРЕСИ

«Аҳқоф» сөзиниң мәниси қум төбелер дегенди билдиреди. Сүреде пайғамбарлардан Ҳудтың (а.с.) Йемен қум төбеликлеринде жасайтуғын Ад қәўими менен араларында болған жәнжеллер, олардың Аллаҳ тәрепинен жазаланыўы, Муҳаммад (а.с.) өз үмметлериниң бахыт-саадаты жолында шеккен жәбир-жапалары ҳәм басқа мағлыўматлар өз сәўлелениўин тапқан.

[2] 10-аят. Ол гүўа адам Абдуллаҳ ибн Салам разыяллаҳу анҳу болып, ол яҳудий руўханыйлары ишинде Таўратты жақсы билетуғын адам еди.

[3] *Абдуллаҳ ибн Салам разыяллаҳу анҳу Қурандағы аятлар Таўраттағы аятлар менен бирдей мәниде екенин билгенде, ийман келтирген.

[4] 13-аят. Және бул аяттың мазмунын тереңирек аңлатыўшы «Фуссилат» сүресиниң 30-аяты тәфсирине мүрәжат етилсин.

[5] 15-аят. Усы аяттан ҳәмилениң ең аз мүддети алты ай екенлиги мәлим болады. Себеби «Бақара» сүресиниң 233-аятында нәресте толық еки жыл емизилиўи белгилеп қойылған. Отыз айдан жигирма төрт ай емизиўге кетсе, алты ай қалады. Ҳәмиле әдетте тоғыз айда туўылса да, оның ең аз мүддети 6 ай, ең көби 24 ай делинген. Буны медицина да тастыйықлаған.

[6] * Усы ҳәм кейинги аят Әбиў Бәкир (рз.), Әкеси Әбиў Қуҳафа, анасы Уммулхайр ҳәм перзентлери ҳаққында нәзил болған. Ол 38 жасында ийман келтирип, 40 жасында ата-анасын дуўа қылған. Саҳабалардың ишинде шаңарақ ағзалары менен ҳәммеси ийман келтирген шаңарақ тек Әбиў Бәкирдиң (рз.) шаңарағы есапланады (Мд.).

[7] 17-аят. Бул аят көп тәфсир китапларында Әбиў Бәкирдиң (рз.) Абдураҳман исимли мушрик баласы ҳаққында нәзил етилген. Онда ол ислам динин қабыл етпеген ўақты еди, деп жазылған. Бирақ, бул рәўиятты ҳәзирети Айша (рз.) бийкарлаған (Ол. Мд.)

[8] 21-аят. Қумтөбелер – араб тилинде «аҳқоф» болып, сүрениң аты усыннан алынған. Ҳуд алайҳиссаламның қәўими қайсы жерде жасағаны ҳаққында ҳәр түрли рәўиятлар бар. Солардан биринде, олар Йеменниң Мухра деген жери менен Оман ортасындағы қумтөбелерде шатырларда жасаған, делинген. (Мд.)

[9] 25-аят. Ҳуд, яғный Ад қәўимин Аллаҳ таала жоқ етиўди қәлегеннен кейин, олар жаўын жаўыўын күтип турғанда, оларға бир бултты жибереди. Олар буны көрип ҳәммеси сол булт тәрепке шыққанда, қатты бир самал келеди. Нәтийжеде олар жети түн ҳәм сегиз күн қум самалы астында қалады. Кейин самал ҳәммесин ушырып теңизге ылақтырады, Ҳуд алайҳиссалам ҳәм оның менен бирге болған мөминлер қәўипсиз жерде аман қалады.

[10] 29-аят. Жинлердиң саны 7 ямаса 9 болған. Олар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды таҳажжуд ямаса таң намазында табады ҳәм қылған қирәәтин тыңлайды. Басқа бир рәўиятта Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу менен Мәккәның жоқары тәрепиндеги Ҳужун атлы таў тасының алдына барады. Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳуды сол жерде қалдырып, өзи арманырақ кетеди. Қайтып келип, жинлер топарына «Алақ» сүресин оқып бергенин айтады.