1. Әлиф. Ләәм. Ро. Усылар – анық Китаптың аятлары.
2. Биз сизлер ақылларыңызды ислетиўиңиз ушын оны арабша Қуран қылып нәзил еттик.
3. Биз саған усы Қуранды (Оның сүресин) ўаҳий қылыўымыз бенен гөззал қыссаны айтып беремиз. Ал, сен (ҳәй Муҳаммад!) буннан (ўаҳийден) алдын бийхабарлардан (бири) едиң.
4. Есле, Юсуф әкесине (Яқубқа): «Аға, мен (түсимде) он бир жулдыз, Қуяш ҳәм Айдың маған сәжде қылып атырғанын көрдим», – деди.
5. (Яқуб) айтты: «Ҳәй балам! Түсиңди әжағаларыңа[1] айтпа. Тағы саған ҳийле қылып жүрмесин. Әлбетте, шайтан – инсанға анық душпан[2].
6. Усылайынша (түсиңде көргениңдей) Рәббиң сени таңлап алады, саған гәплердиң мазмунын (түс жорыўды) үйретеди ҳәм еки атаңа Ибраҳим ҳәм Исҳаққа (неъматларын) толық қылып бергениндей, саған ҳәм Яқубтың шаңарағына да (Өзиниң) инамларын толық қылып береди. Әлбетте, Рәббиң – Билимли, Ҳикметли».
7. Ҳақыйқатында да, Юсуф ҳәм оның туўысқанлары (қыссасында) сораўшылар ушын белгилер бар.
8. Сол ўақытта олар (әжағалары): «Бизлер көп болсақ та, Юсуф ҳәм оның иниси (Бинямин) әкемизге сүйкимлирек. Әкемиз анық адасып атыр», – деди.
9. (Биреўи): «Юсуфты өлтириң ямаса узақ жерге апарып таслаң, сонда әкеңиздиң өзи сизлерге қалады (тек сизлерге меҳир қояды). Оннан кейин (және) жақсылар қәўиминен боласыз», – деди[3].
10. Олардан бир сөйлеўши: «Юсуфты өлтирмең. Егер (оны бир нәрсе) қылажақ болсаңыз, (онда) оны қудықтың түбине таслаң, (сонда оны) базы жолаўшылар алып кетеди!» – деди[4].
11. Олар айтты: «Аға! Саған не болды, бизлер оған нәсиятшы болсақ та, Юсуфты бизлерге исенбейсиз?
12. Ертең оны бизлер менен жибер, ашылып (ҳәз етип) ойнап келеди. Әлбетте, бизлер – оны қорықлаўшымыз».
13. (Яқуб): «Оны алып кетиўиңиз мени тәшўишлендиреди. Сизлер оннан итибарсыз ўақтыңызда, (қәпелимде) оны қасқыр жеп кетиўинен қорқаман», – деди.
14. Олар: «Бизлер көпшилик болып турып, оны қасқыр жеп кетсе, онда бизлер зыян көриўши болып қаламыз ғой?!» – деди.
15. (Юсуфты) алып кеткеннен кейин оны қудықтың түбине таслаўға келисип алғанда, (кейин усы исти қылды.) Биз оған: «Сен, әлбетте, оларға (ўақты келгенде) бул ислериниң хабарын бересең, олар (сениң Юсуф екениңди) сезбейди», – деп ўаҳий қылдық[5].
16. Кеште жылап, әкесине келеди.
17. Олар: «Аға, биз Юсуфты нәрселеримиздиң алдында қалдырып, өзимиз жуўырысып кетиппиз, оны қасқыр жеп кетипти. Бизлер рас сөйлеўши болсақ та, (бәри бир) бизлерге исенбейсең!» – деди.
18. Олар оның өтирик қанға боялған көйлегин әкелди. (Яқуб): «Яқ! Сизлерди (усы) исти қылыўда нәпсиңиз жолдан азғырған. Енди шырайлы сабыр(дан басқа шарам жоқ). Сизлер сыпатлап атырған нәрседе (сабыр етиўге) Аллаҳ (маған) жәрдемши», – деди.
19. (Юсуф тасланған қудықта жатқанына үш күн өтип, қасына) бир кәрўан келди ҳәм суўшыны жиберди. Сонда ол шелегин (қудыққа) таслағанда: «Сүйинши бериң! Бул – бала ғой!» – деди. Оны сатылатуғын нәрсе сыпатында жасырып қойды. Аллаҳ – олардың ислеп атырған ислерин билиўши.
20. Оны (Мысыр базарында) арзан – санаўлы дирҳамларға сатты ҳәм бул исте олар (өзлеринше) тәрки дүнья қылыўшылардан болды.
21. Оны Мысырда сатып алған адам (Мысыр әзизи Қытфир) [6] ҳаялына (Зулайҳаға): «Оны жақсылап жайластыр, қәнекей бизлерге оның пайдасы тийсе ямаса бала қылып алсақ», – деди. Усылай, Юсуфты гәплердиң (түслерди жорыўды ямаса илаҳий китаплардың) мазмунын үйретиўимиз ушын жерге (Мысырға) жайластырдық. Аллаҳ – Өзиниң исинде Үстем. Бирақ, адамлардың көбиси (буны) билмейди.
22. Ер жеткенде оған ҳүкимди ҳәм илимди бердик. Шырайлы ис қылыўшыларды (Биз ҳәмийше) усылай сыйлықлаймыз.
23. Ол (Юсуф) үйинде болған ҳаял (Зулайҳа) оннан нәпсин (қандырыўды) қәледи. Есиклерди жаўып: «Бери кел!» – деди. (Юсуф): «Аллаҳ сақласын! Ол (күйеўиң) хожайыным ғой?! Маған жақсы орын берген болса?! Әлбетте, залымлар[7] утысқа ерисе алмайды», – деди.
24. Ҳақыйқатта ҳаял оған умтылды. Егер Рәббисиниң ҳүжжетин[8] көрмегенде, ол да (Юсуфтың кеўли де) оған умтылған болар еди[9]. Усылайынша оннан жаманлық ҳәм бузықлықты бурып жибердик. Әлбетте, ол Бизиң ықласлы бенделеримизден.
25. Екеўи есик тәрепке қарап қуўаласты (Юсуф қашты, ол қуўды) ҳәм (Зулайҳа) оның кийиминиң арқа тәрепин жыртып жиберди. Есиктиң алдында екеўи ҳаялдың күйеўине жолықты. (Зулайҳа): «Шаңарағыңа жаманлықты қәлеген адамның жазасы қамалыў ямаса аўыртыўшы азаптан басқасы болмаўы керек», – деди.
26. (Юсуф): «Оның өзи мениң нәпсимди (жынысый жақынлық қылыўымды) қәледи», – деди. Оның (ҳаялдың) ағайинлеринен бири[10] гүўалық берди: «Егер оның көйлеги алды тәрепинен жыртылған болса, онда ҳаял (Зулайҳа) рас айтыпты, ол (Юсуф) – өтирикши.
27. Егер оның көйлеги арты тәрепинен жыртылған болса, онда ол (Зулайҳа) өтирик айтыпты, ол (Юсуф) – рас сөйлеўши», – деди[11].
28. (Зулайҳаның күйеўи Юсуфтың) көйлеги арты тәрепинен жыртылғанын көргенде, былай деди: «Әлбетте, бул сиз – ҳаяллардың ҳийлеси. Әлбетте, сизлердиң ҳийлеңиз үлкен.
29. Юсуф! Сен бул исти қой! Ал, сен (ҳәй Зулайҳа!) гүнаң ушын кеширим сора! Себеби, сен қәте қылыўшылардансаң».
30. Қаладағы ҳаяллар: «(Мысыр) әзизиниң ҳаялы өзиниң хызметкериниң нәпсин қәлепти. Жүрегинен урып қалыпты! Әлбетте, Биз оны анық адасыўда деп билемиз», – деди.
31. (Зулайҳа) олардың (қала ҳаялларының) ҳийлесин еситкенде, оларға[12] (адам) жиберип (шақыртты). Оларға сүйенип отыратуғын жер (аўқат ямаса мийўе) таярлап, ҳәр бирине пышақ берди. Соң (Юсуфқа): «Олардың алдына шық!» – деди. Оны (Юсуфты, қала ҳаяллары) көргенде лал қалды ҳәм қолларын кесип алды. (Қала ҳаяллары): «Я Аллаҳ! Бул адам емес! Бул – ҳүрметленген периште ғой!» – деди.
32. (Зулайҳа): «Сизлер мени айыплаған нәрсе усы (жигит) еди[13]. Ҳақыйқатында да, оннан нәпсин (жынысый жақынлықты) талап қылғанымда, ол сақланды. Егер ол мениң буйрығымды қылмаса, әлбетте, қамалады ҳәм хор болыўшылардан болады», – деди.
33. (Юсуф): «Я Рәббим, олар мени шақырып атырған нәрседен көре маған қамақ жақсырақ, булардың ҳийлелеринен мени аўлақ қылмасаң, оларға умтылып, наданлардан болып қаламан», – деди.
34. Сонда Рәббиси (оның дуўасын) қабыл етип, олардың (ҳаяллардың) ҳийлесин оннан узақ қылды. Әлбетте, Оның Өзи – Еситиўши, Билиўши.
35. Соң оларда (Қытфир ҳәм сарай әмелдарларында жынаятқа тийисли) белгилерди көргенде, оны (мәлим) бир мүддет қамаў (пикири) пайда болды.
36. (Юсуф) пенен қамаққа еки жигит (жала менен) кирди. Олардан бири (патшаның мәй қуйыўшысы): «Мен түсимде мәй таярлап жүрген екенмен», – деди. Ал, екиншиси (патшаның нанбайшысы): «Мен түсимде басымның үстине нан көтерип турыппан, қус(лар) оннан жеп атыр екен. Бизлерге буларды жорып бер! Бизлер сени жақсылық қылыўшылардан екениңди көрип турыппыз», – деди.
37. (Юсуф) айтты: «Мен сизлерге ырысқы болатуғын аўқат келемен дегенше, (түслериңизди) жорып беремен. Бул – маған Рәббим үйреткен нәрсе. Мен Аллаҳға ийман келтирмейтуғын ҳәм ақыретти инкәр еткен қәўимниң динин тәрк еткенмен
38. ҳәм аталарым Ибраҳим, Исҳақ ҳәм Яқублардың динине ердим[14]. Бизлер ушын Аллаҳға бир нәрсени шерик қылыў мүмкин емес. Бул – бизлерге ҳәм адамларға (болған) Аллаҳ берген кеңшилик. Бирақ, адамлардың көпшилиги шүкир етпейди.
39. Ҳәй қамақтағы еки достым! Түрли-түрли «қудайлар» жақсы ма ямаса жалғыз, үстем Аллаҳ па?
40. Сизлер Оны қойып, өзлериңиз ҳәм ата-бабаларыңыз қойып алған атларға (бутларға) ғана сыйынып атырсыз. Аллаҳ оларға бир де ҳүжжет түсирмеген. (Ибадат ҳәм дин ҳаққындағы) ҳүким тек Аллаҳтың Өзине ғана тән, Ол Өзинен басқаға сыйынбаўға буйырған. Усы – туўры дин. Бирақ, адамлардың көпшилиги билмейди[15].
41. Ҳәй қамақтағы еки достым! Сизлерден бириңиз (азат қылынып) хожайынына мәй қуйып береди. Ал, екиншиси (дарға) асылады, кейин қус(лар) оның басынан (шоқып) жейди. Сизлер жуўабын сораған ис (түс жорыў) питти».
42. (Юсуф) ол екеўинен қутылып кетеди деп ойлағанына (мәй қуйыўшыға): «Хожайының (Мысыр патшасының)[16] алдында мени еске ал», – деди. Бирақ, шайтан оған хожайынына айтыўды умыттырды. Нәтийжеде, (Юсуф) қамақта бир неше жыл қалды[17].
43. Патша: «Мен (түсимде) жети семиз сыйырды жети арық сыйыр жеп атырғанын ҳәм жети жасыл масақ пенен басқа (жетеўи) қуўрап қалғанын көрдим. Ҳәй ҳәмелдарлар! Егер түс жорыўшы болсаңыз, мениң түсимди жорып бериң!» – деди.
44. (Ҳәмелдарлар): «(Бул –) түсиниксиз түс. Бизлер (бундай) түслерди жорып билмеймиз», – деди.
45. Екеўинен қутылғаны (мәй қуйыўшы), бир қанша мүддеттен (жети жылдан) кейин (Юсуфты) еследи: «Буның жорыўын сизлерге айтып беремен. Мени (Юсуфқа) жибериң!» – деди.
46. (Ол барып): «Юсуф! Ҳәй рас сөйлеўши! Бизлерге жети семиз сыйырды жети арық сыйыр жеп атырғанын ҳәм жети жасыл масақ пенен басқа (жети) қуўрап қалғанлары ҳаққында (түстиң) жорыўын айт. Қәнекей, адамларға қайтып барсам, олар да (буны) билсе», – деди.
47. (Юсуф): «Избе-из жети жыл зүрәәт аласыз. Алған зүрәәтиңизди (қоймада) масағы менен қалдырың! Тек жейтуғын азғантайын (масақтан ажыратып жей бериң!)
48. Соң, оннан кейин жети қатты (жыл) келеди, олар (қәҳәтшилик жыллары) ушын алдыннан таярлап қойғаныңызды жеп кетеди. Тек асырап қойғаныңыздан азғантайы (қалады).
49. Соң, оннан кейин бир жыл келеди, ол ўақытта адамлар жаўынға мол болады ҳәм (мийўелерден) сығып ишеди», – деди.
50. Патша (бул жуўапларды еситип): «Оны маған әкелиң!» – деди. Оған елши келгенде (Юсуф): «Баслығыңның алдына қайтып бар, кейин оннан қолларын кескен ҳаяллардың аўҳалы не болғанын сора![18] Әлбетте, Рәббим – олардың ҳийлесин билиўши», – деди.
51. (Патша ҳаялларды шақырып, оларға): «Юсуфтың нәпсин (жынысый жақынлықты) қәлегениңизде не болды?» – деди. Олар: «Аллаҳ сақласын! Бизлер онда бир де жаманлықты билмедик», – деди. Әзиздиң ҳаялы (Зулайҳа): «Енди ҳақыйқат анық болды. Мен оның нәпсин (жынысый жақынлықты) қәледим. Әлбетте, ол – туўры сөйлеўшилерден», – деди.
52. (Соннан кейин ғана Юсуф айтты): «Буны мен оған (Мысыр әзизине) жоқ ўақтында қыянет қылмағанымды ҳәм Аллаҳ (Зулайҳа ҳәм ҳаяллардай) қыянетшилердиң ҳийлесин туўрыламайтуғынлығын (Мысыр әзизи ямаса патша) билиўи ушын (қылдым).
53. Нәпсимди ақламайман. Әлбетте, нәпси – жаманлыққа буйырыўшы, тек Рәббим рейим қылса ғана (ондай болмайды). Әлбетте, Рәббим – Кеширимли, Рейимли».
54. Патша: «Оны маған әкелиң, мен оны өзимниң адамларымнан қыламан!» – деди. Оның менен сөйлескенде, (патша): «Сен бүгин(нен баслап) бизиң алдымызда мәртебели ҳәм исенимлилерденсең», – деди.
55. (Юсуф): «Мени (усы) жердиң ғәзийнешиси қылып қой! Себеби, мен (аманатты жақсы) сақлаўшы ҳәм (өзимниң исимди пуқта) билиўшимен», – деди[19].
56. Солай етип, Юсуфқа Жер бетинде мәкан бердик, өзи қәлеген жерде жайласты[20]. Мийирманшылығымызды қәлегенимизге жеткиземиз. Шырайлы ис қылыўшылардың сыйлығын зая қылмаймыз.
57. Ал, ийман келтирген ҳәм тақўалылар ушын ақырет сыйлығы жақсырақ.
58. Юсуфтың әжағалары (Мысырға) келип, оның алдына кирди. Сонда, ол оларды таныды. Ал, олар оны танымады.
59. Оларға нәрселерин жүклеп бергенде: «Мениң алдыма бир әкеден болған иниңизди алып келиң! Көрип атырсыз ба? Мен (дәнлерди) толық өлшеп атырман ҳәм мен жақсы (қонақ күтиўши) үй (ийеси)мен.
60. Егер оны алдыма әкелмесеңиз, онда сизлерге мениң алдымда өлшем жоқ ҳәм маған жақын да келмең!» – деди.
61. Олар: «Оны әкесинен (бизлерге қосып жибериўин) сораймыз. Әлбетте, бизлер (усындай) қыламыз», – деди.
62. (Юсуф өзиниң тәрезиде өлшеп турған) жигитлерине: «Олардың (дәнге алмастырыў ушын) әкелген нәрселерин жүклериниң арасына (қайтарып) салып қойың. Қәнекей үйлерине қайтқан ўақтында, оларды танып, және қайтып келсе», – деди.
63. Әкесиниң алдына қайтып барғанда: «Аға, (буннан кейин) бизлерге өлшеп (азық-аўқат) бериў қадаған етилди. Енди бизлер менен инимизди (Биняминди) жибер, өлшеп аламыз, әлбетте, бизлер оны қорғаўшымыз», – деди.
64. (Яқуб): «Баяғыда сизлерге әжағасын исенип тапсырғанымдай, оны да сизлерге исенейин бе? Аллаҳ – ең жақсы қорғаўшы. Ол – рейимлилердиң рейимлиреги», – деди.
65. (Алып келген) жүклерин ашқанда, (алмастырып келиў ушын) апарған нәрселериниң өзлерине қайтарылғанын көрип: «Апарған нәрселеримиз өзимизге қайтарылыпты, аға, (және) нени қәлеймиз? (Инимизди қосып жиберсең) және шаңарағымызға азық әкелемиз, инимизди қорғаймыз, (инимиз ушын) бир түйе зыяда өлшеп аламыз. Бул (Мысыр ғәзийнебаны ушын) – арзымас өлшем», – деди.
66. (Яқуб): «Аллаҳтың алдынан оны қайтарып алып келиўиңиз ҳаққында беккем ант келтирмегениңизше, оны (Биняминди) сизлер менен қосып жибермеймен. Тек қоршаўда қалсаңыз (басқа гәп)», – деди. Олар беккем ант қылғанда, (Яқуб): «Айтқан гәплеримизге Аллаҳ гүўа», – деди.
67. (Кейин оларды сапарға шығарып салып атырғанда Яқуб): «Ҳәй балаларым! (Мысырға) бир есиктен кирмең, түрли есиктен кириң! Мен сизлерден Аллаҳтың бир нәрсесин де қайтара алмайман. Ҳүким қылыў тек Оның Өзине ғана тән. Оған ғана тәўекел қылдым. Бәрше тәўекел қылыўшылар тек Оған ғана тәўекел қылсын!» – деди[21].
68. Әкеси буйырған тәрептен (Мысырға) кириўи олардан Аллаҳтың бир де ҳүкимин қайтарыўшы емес. (Бул) тек Яқубтың кеўлиндеги (перзентлерине деген меҳиринен пайда болған) мүтәжлик болып, (олар) оны қанаатландырған еди. Өйткени, ол Биз (ўаҳий арқалы) оған илим үйреткенимиз себепли илим ийеси еди. Бирақ, көпшилик адамлар (буны) билмейди.
69. Юсуфтың алдына киргенде, ол инисин (Биняминди) өзине жақын жайластырып: «Мен сениң әжағаңман. Енди олар (әжағаларымыз) қылған истен (қызғаныш ҳәм душпанлықтан) тәшўишлен бе!» – деди[22].
70. Оларға жүклерин таярлап бергенде, инисиниң жүгине (билдирмей) бир сарқумды[23] салып қойды. Соң, жаршы: «Ҳәй кәрўандағылар! Сизлер – урысыз», – деп бақырды.
71. Олар (изинен келгенлерге) қарап: «Нени жойттыңыз?» – деди.
72. (Жаршылардың бири): «Патшаның ыдысын жойттық. Оны (таўып) әкелгенге бир түйе жүк (сыйлық бериледи). Мен оған кепилмен», – деди.
73. Олар: «Аллаҳға ант, бизлер бул жерге бузғыншылық ушын келмегенимизди билесиз, бизлер уры емеспиз», – деди.
74. Олар: «Егер өтирикши болып шықсаңыз, (урының) жазасы не?» – деди (жаршылар).
75. Олар: «Оның жазасы, кимниң жүгинде табылса, соның өзи оның жазасы (бир жыл қул болып ислеп береди). Залым (уры)ларды усылай жазалаймыз», – деди[24].
76. Ол (Юсуфтың хызметкери тексериўди) оның инисиниң (Биняминниң) жүгинен алдын, оның әжағаларының жүгинен баслады. Соң, оны (ыдысты) оның инисиниң жүгинен (таўып) шығарды. Биз Юсуфқа усындай ҳийле (илаж) қылдық (билдирдик). (Себеби Юсуф) патшаның дини бойынша инисин алып қала алмас еди[25]. Тек Аллаҳ қәлесе ғана (болады). Биз (Өзимиз) қәлегенимиздиң дәрежесин көтеремиз. Ҳәр бир илим ийеси үстинен билиўши (алым) бар.
77. Олар: «Егер мынаў (Бинямин) урлаған болса (урлаған шығар, себеби) буннан алдын оның әжағасы да урлық қылған еди», – деди. Сонда, Юсуф буны (гәпти) ишине жутты, оларға билдирмеди. Ол: «Өзлериңиз жаман (пәс) мәртебеде екенсиз. Аллаҳ – сизлер сыпатлап атырған нәрсени жақсы билиўши», – деди.
78. Олар: «Ҳәй Әзиз! Оның үлкен (жастағы) әкеси бар. Енди сен биреўимизди оның (Биняминниң) орнына алып қал! Бизлер сени жақсылық қылыўшылардан екениңди көрип турыппыз», – деди.
79. (Юсуф): «(Жойтқан) нәрсемизди алдынан тапқан адамнан басқа адамды алып қалыўымыздан Аллаҳ сақласын! Егер ондай қылсақ, әлбетте, залымлардан болып қаламыз», – деди.
80. Оннан үмити үзилгенде, (аға-инилер) бир шетке шығып ойласты. Олардың туңғышы[26] айтты: «Әкеңиз сизлерден Аллаҳтың аты менен ант алғанын ҳәм буннан алдын Юсуф ҳаққында қылған айыбыңызды билмейсиз бе?! Мен ҳәтте әкем маған руқсат бермегенше ямаса мен ушын Аллаҳ (бир) ҳүким қылмағанша бул жерден қыймылдамайман. Ол – ҳүким шығарыўшылардың ең жақсысы».
81. (Туңғышы): «Сизлер әкеңизге қайтың, кейин оған былай дең: «Аға, ҳақыйқатында да, балаң урлық қылды. Бизлер тек өзимиз билген нәрсеге ғана гүўалық беремиз. (Алдын Юсуф ҳаққында ўәде еткенимизде) бизлер ғайыпты (келешекте не болыўын) билиўши емес едик.
82. Бизлер болған қаладан (халқынан) ҳәм ол жақта бирге болған кәрўаннан сораң. Бизлер рас сөйлеп атырмыз», (– деди.)»
83. (Олар барып Яқубқа айтқанда, ол): «Яқ! Сизлерге нәпсиңиз (жаман) исти жақсы көрсеткен. Енди (мениң исим) шырайлы сабыр. Қәне еди, Аллаҳ олардың (Юсуф, Бинямин ҳәм Мысырда қалған баламның) ҳәммесин алдыма жәмлеп әкелсе. Әлбетте, Ол – Билиўши, Ҳикметли», – деди.
84. (Кейин) оларға терис қарап: «Юсуф балам-ай!» деп қапалықтан көзлерине ақ түсти (көзи көрмей қалды)[27]. Енди ол дәртин ишине жутты.
85. (Сонда балалары): «Аллаҳға ант, диңкеңиз қалмағанша ямаса (биротала) өлемен дегенше, Юсуфты ойлай береди екенсиз», – деди.
86. (Яқуб) айтты: «Әлбетте, мен ғам-тәшўишлеримди тек Аллаҳға шикаят қыламан ҳәм Аллаҳтың (меҳрибанлығы ҳаққында) сизлер билмейтуғын нәрселерин билемен»[28].
87. Ҳәй балаларым! Барың Юсуф ҳәм оның инисин излең, Аллаҳтың мийриминен үмитсиз болмаң! Себеби, Аллаҳтың мийриминен тек кәпирлердиң қәўими ғана үмитсиз болады[29]».
88. (Ол бар қаржысын алып, және Мысыр тәрепке кетти) Оның (Юсуфтың) алдына келгенде: «Ҳәй әзиз! Бизлерге ҳәм шаңарағымызға зыян (ашаршылық) жетти, бизлер (бул сапары) арзымас нәрсе менен келдик. Енди бизлерге өлшемди (азық-аўқатты) толық қылып бер ҳәм бизлерге қайыр-садақа қыл[30]. Аллаҳ, әлбетте, садақа қылыўшыларды сыйлықлайды», – деди.
89. (Юсуф): «Надан ўақтыңызда Юсуфқа ҳәм оның инисине не қылғаныңызды билесиз бе?» – деди.
90. Олар: «Сен Юсуфсаң ба?!» – деди. (Юсуф): «Мен – Юсуфпен, мынаў – иним. Аллаҳ бизлерге кеңшилик көрсетти. Ҳақыйқатында да, ким тақўа ҳәм сабыр етсе, Аллаҳ, әлбетте, шырайлы ис қылыўшылардың сыйлығын зая қылмайды», – деди.
91. Олар: «Аллаҳға ант, ҳақыйқатында да, Аллаҳ сени бизлерден үстин қылды. Ал, бизлер қәте қылыўшылардан болдық», – деди.
92. (Юсуф) айтты: «Бүгин сизлерди айыплаў жоқ. Аллаҳ сизлерди кеширгей. Ол – рейимлилердиң рейимлиси.
93. Сизлер мениң мына көйлегимди алып барып, әкемниң жүзине таслаң, (сонда) көзи ашылады. (Кейин), шаңарағыңыз бенен ҳәммеңиз алдыма келиң!»
94. Кәрўан (Мысырдан үйине қарап жолға) шыққанда, олардың әкеси (Яқуб алдындағы адамларға): «Мени ақылдан азған демесеңиз болды, мен Юсуфтың ийисин сезип атырман», – деди.
95. Олар: «Аллаҳға ант, (сен еле) алдынғы адасыўыңдасаң», – деди.
96. Хош хабаршы келгенде, оны (көйлекти) оның (Яқубтың) жүзине таслады, кейин ол және көретуғын болды. (Яқуб): «Сизлерге мен Аллаҳтан (меҳрибанлығы ҳаққында) сизлер билмейтуғын нәрсени билемен, деп айтпаған ба едим?!» – деди.
97. Олар: «Аға, (Аллаҳтан) гүналарымызды кешириўин сора. Әлбетте, бизлер қәте қылыўшылардан болған екенбиз», – деди.
98. (Яқуб): «Сизлер ушын Рәббимнен кешириўин сорайман. Әлбетте, Ол – Кеширимли, Рейимли», – деди.
99. Кейин (қала сыртында шатырда күтип атырған) Юсуфтың алдына киргенде, ол ата-анасын қушақлап: «Аллаҳ қәлесе Мысырға аманлықта киргейсиз!» – деди[31].
100. (Кейин Мысырға кирип сарайда болғанында) Ата-анасын тахтқа шығарды. Олар (Ата-анасы ҳәм әжағалары) оған (Юсуфқа) сәжде қылған ҳалда (жерге) жығылды. (Юсуф): «Аға, бул (көп жыл) алдын көрген түсимниң ҳақыйқатқа шығыўы (оңынан келиўи). Рәббим оны ҳақыйқатқа айландырды. Ҳақыйқатында да, Ол маған жақсылық қылды. Мени қамақтан шығарды. Шайтан мениң менен әжағаларымның арасын бузғанда, сизлерди саҳрадан (Мысырға саў-саламат) алып келди. Әлбетте, Рәббим нени қәлесе, соған жумсақлық қылыўшы. Әлбетте, Ол Билимли, Ҳикметли», – деди.
101. (Юсуф): «Я Рәббим! Ҳақыйқатында да, маған мүликти (патшалықты) бердиң[32] ҳәм маған гәплердиң (түслерди жорыўды ҳәм илаҳий китаплардың) мазмунын үйреттиң. (Я) аспанлар ҳәм Жерди жаратқан (Аллаҳ)! Сен дүньяда да, ақыретте де мениң ийемсең. (Әжелим жеткенде) мусылман ҳалымда жанымды ал ҳәм мени жақсыларға қос!» – деди.
102. (Ҳәй Муҳаммад!) Бул ғайып хабарларынан болып, Биз оны саған ўаҳий қылып атырмыз. Олар (Юсуфтың әжағалары) ҳийле қылып, (бир) иске келисип атырғанда, олардың алдында сен жоқ едиң.
103. Сен қәлесең де, адамлардың көпшилиги мөмин емес.
104. Сен олардан буның (динге шақырғаның) ушын ҳақы сорамайсаң. Ол (Қуран) тек (бәрше) адамлар ушын еслетпе.
105. Олар аспанлар ҳәм Жердеги қаншадан-қанша (Аллаҳ ҳәм оның сыпатларына дәлил болатуғын) белгилердиң алдынан терис қарап (бийпәрўа) өтеди.
106. (Адамлардың) көпшилиги Аллаҳға мушрик болған ҳалларында ғана «ийман» келтиреди (қыйыншылықта Аллаҳға илтижа қылады).
107. Олар өзлерине Аллаҳтан қамтып алыўшы азап келиўинен ямаса сезбей турғанында Қыямет бирден келип қалыўынан аманда ма?!
108. Сен: «Бул – мениң жолым! Мен ҳәм маған ергенлер анық ҳүжжет пенен (динге) шақырамыз[33]. (Ҳәр қандай шериктен) Аллаҳ пәк. Мен мушриклерден емеспен», – деп айт.
109. (Ҳәй Муҳаммад!) Биз сеннен алдын да тек қала халқынан ер адамларды пайғамбар етип, оларға ўаҳий жибергенбиз. Олар (адамлар) Жер бетинде жүрип, өзлеринен алдынғылардың ақыбети қандай болғанына қарамай ма? Әлбетте, тақўалылар ушын ақырет үлкеси (бул дүньядан) жақсырақ. (Бул ҳаққында) ақыл ислетпейсиз бе?!
110. Ҳәтте (сол) Пайғамбарлар үмитсиз болып, өзлерин өтирикшиге шығарылған, деп ойлағанында, оларға Бизиң жәрдемимиз келди ҳәм Биз қәлегенимизди қутқардық. Жынаятшылар қәўиминен Бизиң азабымыз қайтарылмайды.
111. Ҳақыйқатында да, олардың қыссаларында ақыл ийелери ушын өрнек бар. (Қуран) тоқылған гәп емес. Бирақ, өзинен алдын келген нәрсени тастыйықлаўшы ҳәм ҳәмме нәрсени баян етип бериўши, ҳидаят ҳәм ийман келтиргенлер ушын мийирманшылық (дереги)[34].
[1] 5-аят. Туўысқанларының исимлери – Рубил, Шамъун, Яҳуда, Лаўий, Забулун, Яшжар болып, бул алтаўы Яқубтың (а.с.) Лая деген ҳаялы (дайысының үлкен қызы)нан туўылған. Жəне Зулфа ҳəм Балҳа деген шорыларынан төрт ул – Дон, Нифтоли, Жад, Ашар. Лая қайтыс болғаннан кейин оның сиңлиси Раҳилға үйленеди. Оннан Юсуф ҳəм Бинямин туўылады. Ҳəммеси болып Юсуфтың 10 əжағасы ҳəм бир үкеси болған. Усы он еки туўысқан «Асбат» делинеди (Қр. Мд.).
[2] * Яқуб (а.с.) Юсуфты ақыл-зейини, шырайлы көриниси, əдеп-икрамы жоқары дəрежеде болғанлықтан жүдə жақсы көретуғын еди. Бул меҳирди байқаған туўысқанлары Юсуфқа қызғаныш көзи менен қарайтуғын еди. Соның ушын көрген түсин билсе, қызғанышы жəне де асып кетпесин, деп, оны ескертип қойды.
[3] 9-аят. Бул мəслəҳəтти Шамъун яки Дон ямаса Рубил берген (Мд. Бғ. ИК. Тб.).
[4] 10-аят. Сөйлеўши – Яҳуда яки Шамъун ямаса Рубил, деген рəўиятлар бар (Лс. ИК. Хз.).
[5] 15-аят. Юсуфты (а.с.) қудыққа таслағанда жасы нешеде екени туўралы түрли шамалаўлар бар. Мəселен 6, 12, 15, 17, 18 киби. Яқуб (а.с.) бабасы Ибраҳимнен (а.с.) қалған көйлекти Юсуфтың (а.с.) мойнына тумар түринде яки қамыс найы ишине салып тағып қойған еди. Бул көйлек Ибраҳимди (а.с.) кийимсиз ҳалда отқа таслағанда Жәбрайыл (а.с.) жəннеттен алып шығып кийдирип қойған болып, оны Исҳаққа (а.с.) қалдырған, ол болса, Яқубқа (а.с.) берген еди. Юсуфтың көйлегин шешип, өзин қудыққа таслағанда Жәбрайыл (а.с.) келип, оның мойнындағы бул тумар ишинен көйлекти алып ийнине кийдиреди. Юсуф (а.с.) қудықта үш күн қалады. Оған Жәбрайыл (а.с.) яки əжағасы Яҳуда аўқат келтирип турған. Басқа рəўиятта қудық астындағы суў оған аўқат орнына өткен, делинеди. Жалғыз қалғанда қорықпаўы ушын Жәбрайыл (а.с.) оған оқыў ушын арнаўлы дуўаларды үйретеди. Оларды оқығанда периштелер келип, оны жубатып турады.
[6] 21-аят. Сарай ғəзийнебанын «Əзиз» деп атаған. Өзиниң аты Қытфир яки Итфир. Шаҳтың аты Райян ибн Ўалид.
[7] 23-аят. Аяттағы «залымлар» дегенде сатқынлар яки зинакәрлар нəзерде тутылмақта (Мд.).
[8] 24-аят. Юсуфтағы бейимлик кеўилде пайда болатуғын, бирақ оны орынлаў нийети болмаған тəбийий бейимлик, ал Зулайхадағы бейимлик оны əмелге асырыў нийети менен еди (Мд. Хз.).
[9] * «Рəббиниң ҳүжжети» – әкесиниң келбети еди, яғный бейимлик пайда болған ўақытта көзине əкеси Яқубтың (а.с.) бармағын тислеп турған келбети көринип, мисли «бул истен қайт!» – дегендей туйылды. Аяттағы «ҳүжжет» сөзиниң басқаша тәфсирлери де бар (Хз.).
[10] 26-аят. Гүўалық берген ағайини – өз әмекисиниң яки дайысының бесиктеги улы еди.
[11] 27-аят. Алды тəрепинен жыртылғаны – ер адамның өзи бул иске ҳəрекет қылғаны ҳəм ҳаялдың қарсылық қылғанының белгиси. Ал, арқа тəрептен жыртылғаны ер адам бул истен қашқанда, ҳаялдың оның артынан қуўғанынан дерек, деп гүўалық берилген.
[12] 31-аят. Ҳаяллар алдынғы аяттағы гийне гəплери менен ҳийле ислетип, Юсуфты көриўге имканият тапты. Зулайха оны ҳаялларға көрсетпей атыр еди. Қылған өсеклери мəкр орнында болды. Ҳаяллар бесеў – мəй таярлаўшы, нанбай, атбағар, зинданбан ҳəм дарўазабанлардың ҳаяллары болып, Зулайха оларға Юсуфты (а.с.) тəрийплеп, сүйип қалғанын айтқан еди (Мд.).
*Зулайха бул бес ҳаялдан тысқары зыяпатқа жəне 35 ҳаялды да мирəт етти (Мд. Хз.).
[13] 32-аят. Юсуфтың ҳүсни-жамалының тəрийпи туўралы асырып айтылған гəплер көп. Соның ишинде, ол Мысыр көшелеринде жүргенде оның жүзинен жарқырап шығып атырған нурдың сəўлеси көше дийўалларына түсетуғын еди. Басқа инсанларға қарағанда оның жамалы мисли он төрт күнлик толы айдың жулдызларға салыстырғандағы артықлығындай еди, деп баҳа берилген (Мд.).
[14] 38-аят. Бул пайғамбардың дини таўҳидке тийкарланған ислам дини еди. Кейинги еки аяттан белгили болыўынша, Юсуф (а.с.) таўҳид динине шақырыўды зинданда жатқан пайытынан баслаған.
[15] 40-аят. Демек, инсан билим алыў имканиятына ийе бола турып, билиўге ҳəрекет қылмаса ҳəм билмегенликтен гүна ис қылып қойса да, гүна жазыла береди. Билмеўи үзирге өтпейди.
[16] 42-аят. Аятта «хожаң» мəнисин беретуғын «рәббиң» сөзи қолланылған. Муҳйиддин ибн Арабий сөзи бойынша, сол дəўирде Аллаҳтан басқаларға да бул сөзди қолланыў мүмкин болған. Себеби, «рабб» сөзи пәрўардигар мəниси менен бирге хожа, ийе, мәлик мəнилерин де аңлатады.
[17] * «Бир неше жыл» тәфсирлерде жети жыл деп көрсетилген. Буның себеби зинданнан азат етилип кетип атырған мәй таярлаўшы арқалы патшаға өзин еслетиў ҳəм усы себепли азатлыққа шығыўды ойлаған еди. Бул ислери Аллаҳға хош келмегени туўралы Жәбрайыл (а.с.) келип, Юсуфқа (а.с.) айтқан. Алдынғы бес жыл менен бул жети жыл қосылып, он еки жыл зинданда жатқан болады. Юсуф (а.с.) он жети жасында сатып алынды. Мысыр әзизи – Қытфирдиң үйинде 13 жыл турды. Шаҳ оны 31 жасында өзине ўəзир қылып алып, бəрше ғәзийнениң ықтыярын оған тапсырды. 33 жасында Аллаҳ таала оған илим-ҳикмет инам етти. 120 жасында əлемнен өтти (Мд.).
[18] 50-аят. Ҳəдисте Пайғамбарымыз (а.с.): «Егер мен Юсуф (а.с.) отырған мүддет муғдарында зинданда отырған болғанымда, шабарманды қайтарып жибериў орнына дəрҳал оның менен бирге азатлыққа шыққан болар едим», – деп, кишипейиллик пенен Юсуфтың (а.с.) сабыр-тақатына қайыл қалған екен (Мд. Хз.).
Юсуф (а.с.) зинданға түсиўине себепши болған Зулайҳа туўралы сорамай, қолларын кесип алған ҳаяллар ҳаққында сораўы да əдеп-икрамның қаншелли жоқары екенлигинен дерек береди (Мд.).
Юсуф (а.с.) зинданнан шықпай турып, ҳаяллар мәкрин әшкаралаў менен бирге өзиниң тутқында сонша мүддет сақланыўына арзыйтуғын жынаят қылмағаны ҳəм пәк екенин де дәлиллеп, жарық жүз бенен шығыўға ҳәрекет етти (Қз.).
[19] 55-аят. Пайғамбарымыз (а.с.) айтқан екен: «Бирәдарым Юсуфқа Аллаҳтың мийрими болсын, егер ғәзийнебанлық лаўазымын асығып өзи сорамағанда да бир жыл өтпестен оған усы лаўазым берилер еди». Себеби, Қытфирдиң өлими жақын еди. Бирақ, Юсуфтың (а.с.) лаўазым сораўы бул жағдайда туўры болған. Себеби, бул лаўазымға оныңдай əдалатлы адам жоқ еди (Мд.).
[20] 56-аят. Шаҳ Юсуфты (а.с.) дəбдебе менен күтип алып, Қытфирдиң орнына ғәзийнебанлыққа тайынлайды. Усы жылы Қытфир өлгеннен кейин, шаҳтың буйрығы Зулайҳа Юсуфқа (а.с.) некеленип, еки ул, бир қыз көреди – Афрасим, Миша ҳəм Айюбтың (а.с.) ҳаялы Раҳма (Мд. ИК.).
[21] 67-аят. Яқуб (а.с.) улларына ҳəммеси бир дарўазадан биргеликте кирсе, оларға көз тийиўинен қорыққаны ушын усы усынысты берген. Алдынғы биринши мəрте киргенинде жекке-жекке ҳалда кирген еди. Бизиң исенимимиз бойынша көз тийиўи бар нəрсе. Пайғамбарымыз (а.с.) ақлықлары Ҳасан менен Ҳусейинге көз тиймесин деп қылған дуўалары ҳəдислерде келген. Муътазилийлер баслығы Жуббаий көз тийиўин инкәр еткен (Мд. Хз.).
[22] 69-аят. Юсуф (а.с.) әжағаларына ҳəр еки адамнан бир дастурханға отырыўға мирәт етеди. Он аға-ини бес дастурханға отырғаннан кейин, Бинямин өзи жекке қалып, қәне еди мениң қайтыс болған әжағам Юсуф тири болғанда бирге отырған болар едим деп, жыламсырайды. Сонда Юсуф (а.с.) оған, мени оның орнына әжағалыққа қабыл қыласаң ба, дегенинде, ол разы болады. Соннан кейин өзин танытады (Мд. Хз.).
[23] 70-аят. Шаҳтың алтын яки гүмис ямаса забаржад деген ҳасыл тастан жасалған ыдысы болып, оның менен суў ишип жүретуғын еди. Кейин ала оны өлшеў ыдысы қылып қойған еди. Инисиниң жүгине жасырып қойыўы оны өз алдында алып қалыў ушын ойлап тапқан ҳийлеси еди. Алдынғы шәриятларда алтын яки гүмис ыдысларды жеп-ишиўде пайдаланыў мүмкин болған (Лс.).
[24] 75-аят. Яқуб (а.с.) шәриятында тутылған урының жазасы бир жыл мүддетке қуллықта хызмет қылдырыў еди. Усы жаза қолланылғаннан кейин, Бинямин ағасының алдында қалыўға разы болды. Буннан сол дəўирде Мысырда шет ел адамы жынаят қылса, оны өз елиниң нызамы бойынша жазалаў мүмкин болғаны да белгили болады.
[25] 76-аят. Шаҳтың енгизген ҳүкими урланған нəрсени еки есе муғдарында урыдан өндирип алыў еди. Егер Юсуф (а.с.) бул ҳүкимди қолланбағанда үкесин алып қалалмас еди. (Мд.)
[26] 80-аят. Туңғышы Рубил яки Яҳуда екенинде тартыс бар.
Рубил жас тəрепинен үлкен, Яҳуда ақыл-зейинде артық, ал Шамун ҳəммесиниң үстинен басшы еди, деген тәфсир де бар. Соның ушын Мысырда қалғаны Рубил менен Яҳудадан бири болыўы керек (Мд. Хз. Абс.).
[27] 84-аят. Яқуб (а.с.) 80 жыл сүйикли улы Юсуфтың (а.с.) дәртинде көп жылағанлықтан көзлери ағарып, ақыры соқыр болып қалады. Бул жылаў бийсабырлық жылаўы болмай, инсанға Аллаҳ инам еткен туўма тәбият болып, аталық меҳиринен дерек есапланады. Муҳаммадта (а.с.) Ибраҳим атлы нәресте улы қайтыс болғанда көзлеринен ықтыярсыз жас төгилгени ҳəдисте бар (Мд.).
[28] 86-аят. Яқубқа (а.с.) түсинде жан алыўшы периште Юсуфтың (а.с.) тири екени туўралы хабар берип, оны излеў менен бирге усы дуўаны үйреткен: «Ҳәй питпес-таўсылмас, өзиңнен басқасы санағына жетпейтуғын мәңги жақсылық ийеси! Меннен апатты арыт!» (Мд.).
[29] 87-аят. Яқубтың (а.с.) бул сөзлеринен Юсуфтың (а.с.) мүсәпир журтларда көрген-кеширгенлери туўралы мағлыўматқа ийе болып турса да, бул ҳаққында улларына айтпаған. Бинямин Мысырда қалған гезлери Яқуб (а.с.) Юсуфқа (а.с.) хат жазып, өзине ҳəм бабалары басына түскен сынаўлар, еки улы дәртинде қайғы шегип атырғаны, егер Биняминди қойып жибермесе, ғарғайтуғынын жазған. Соннан кейин Юсуф (а.с.) тəсирленип, әжағаларына өзин танытқан (Хз.).
[30] 88-аят. Алдынғы пайғамбарларға садақа жеў мүмкинлиги ҳаққында тартыс бар. Суфян ибн Уяйнадан (рҳ.) басқа мужтаҳидлер мүмкин емес, деген. Ал, аяттағы садақаны өлшеўде кеңшилик қылыў ҳəм Биняминди қайтарып бериў менен сақыйлық көрсетиўге жорыған. Ҳасан Басрийдиң (рҳ.) сөзи бойынша, Аллаҳға дуўа қылғанда «садақа қыл!», деўге болмайды. Ал, «инам ет, пазыйлет қыл!» киби сөзлерди қолланыў керек болады. Себеби, садақа саўапқа ийе болыў мақсетинде қылынады. Ал, Аллаҳ саўапқа мүтəж емес (Хз.).
[31] 99-аят. Юсуф (а.с.) әжағалары арқалы ата-анасы ҳəм бəрше әҳли-əўладларын Мысырға алып келиў ушын еки жүз түйе ҳəм буйым-үскенелерди берип жиберген еди. Оларды күтип алыў ушын өзи ҳəм Мысыр шаҳы төрт мың лəшкери менен қала сыртына шығып, шатыр тигип отырғанда, олар жетип келеди. Мийманлар саны 70 тен зыят еди (Мд. Хз.).
[32] 101-аят. Мысыр шаҳы – Фиръаўн (Райян) өз тажы, тахты, мөри, қылышын Юсуфқа (а.с.) берип, тийкарғы патшалықты оған тапсырды. Өзи ҳүрметли шаҳ дәрежесинде жүрди. Ақыры ийман келтирип, мусылман болды. Юсуф (а.с.) тажды киймеди.
Сүрениң усы ҳəм 54–56-аятлары бойынша, пайғамбар яки алым адам залым, кəпир яки фасық патшаның қол астында мәнсаб ҳəм лаўазымларда ислеўи мүмкин, деген. Мысалы, салафларымыз залым ҳүкимдарлардың қол астында қазылық қылғаны киби (Мд.).
[33] 108-аят. Ибн Аббас (рз.) айтады: «Муҳаммад (а.с.) ҳəм саҳабалары туўры жолда, ҳидаятта болған. Олар илим ҳəм ийманның ғəзийнеси, Роҳманның əскери еди». Ибн Масъуд (рз.) айтады: «Кимгедур ережақ болған адам Пайғамбардың (а.с.) саҳабалары жолына ерсин. Олар үмметтиң сайландысы, қəлби пəк, илими терең адамлар болып, Аллаҳ оларға Өз пайғамбарының сәўбети несип еткен ҳəм дин солар арқалы жайылған. Олардан әдеп-икрам ҳəм жол-жобаларды үйрениң, олар туўры жолда еди» (Хз.).
[34] 111-аят. Пайғамбарлардың яки Юсуф (а.с.) менен бирәдарларының қыссаларында көп ибратлы ислер бар. Мəселен, сүйикли ул – Юсуфтың (а.с.) қудыққа түсип қалыўы, шыптада отырған «қул»дың тахтқа ийе болыўы, сабыр-тақат, мәкр-ҳийле нəтийжелери, аға-ини ортасындағы ақыбет ҳəм басқалар (Мд.).