Қураны кәрийм аўдармасы

Наба

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Мушриклер) бир-бири менен не ҳаққында сораў-жуўап қылып атыр?!

2. Уллы хабар (қыямет) ҳаққында.

3. Ол ҳаққында олар (мудамы) тартыста.

4. Яқ! (Олардың гүманы бийҳуўда.) Олар жақында (бул хабардың ҳақ екенин қәбирде) билип алады.

5. Соң, (және) яқ! Олар жақында (ақыретте) билип алады.

6. Биз Жерди төсек қылып қоймадық па?!

7. Таўларды қазық (Жерди тутып турыўшы қылып қоймадық па?!)

8. Биз сизлерди жуп-жуп қылып жараттық.

9. Уйқыларыңызды (дене ҳәм руўхыңыз ушын) рәҳәт қылдық.

10. Түнди (ҳәмме нәрсени жасыратуғын) кийим қылдық.

11. Күндизди тиришилик (ўақты) қылдық.

12. Төбеңизде жети (қабат) беккем (аспанды) қурдық.

13. Жарқырап турыўшы шырақты (Қуяшты пайда) қылдық.

14. Және Биз қысып шығарыўшы (булт)лардан ағыўшы суў (жаўын) жаўдырдық.

15. Оның менен дән ҳәм көк шөплерди (өндирип) шығарыўымыз ушын,

16. Сондай-ақ, қалың (мийўе ағашлары көп) бағларды да.

17. Әлбетте, Ажыратыўшы күн – (есап-санақ ушын) белгиленген ўақыт.

18. Ол Күни суўр үпленеди, кейин сизлер топ-топ болып (мәҳшарға) келесиз.

19. Аспанлар да ашылып, (периштелер ушын) есиклерге айланып қалады.

20. Таўлар да (орнынан) тозаңғытып жибериледи. Кейин ол сағымға айланады.

21. Әлбетте, жәҳәннем – (өзине кириўшилерди) күтиўши,

22. ҳәддинен асқанлардың баратуғын жери.

23. Олар – ол жерде узақ заманлар (мәңги-бақый) қалыўшы.

24. Олар ол жерде уйқыны да, ишимликти де татып көрмейди.

25. Тек қайнаған суў ҳәм ириңди ғана (татады).

26. (Мине, усы қылмысларына) ылайық жаза.

27. Себеби, олар (қыяметте) есап-санақтан үмит қылмайтуғын (қорықпайтуғын) еди.

28. Бизиң аятларымызды (илаҳий ўаҳий деп билиў орнына) улыўма өтирик дер еди!

29. Ал, Биз болсақ, ҳәмме нәрсени есап-санақ қылып (жазып) қойғанбыз.

30. Солай екен, (ҳәй дозақ әҳли! Азабымызды) татып көриң! Енди сизлерге тек азапты ғана зыяда қыламыз.

31. Әлбетте, тақўалыларға (жәннетте үлкен) утыс (ҳәм неъматлар) бар.

32. Бағлар, жүзимлер,

33. (жаста ҳәм шырайда) тең, сийнелери жетилискенлер (ҳүр қызлар),

34. (жәннет ишимлигине) толтырылған кеселер (бар).

35. Олар ол жерде бир де бийҳуўда ҳәм өтирик сөз еситпейди.

36. (Бул –) Рәббиңнен болған сыйлық ҳәм есап-санақ.

37. Ол аспанлар ҳәм Жер ҳәм де олар арасындағы нәрселердиң Рәббиси – Роҳман. Оннан (руқсат болмағанша қыямет күни) сөйлей алмайды.

38. Руўх (Жәбрайыл) ҳәм (бәрше) периштелер сап тартып туратуғын Күни (адамлар) сөйлей алмайды, тек Роҳман руқсат бергенлер ғана (сөйлейди) ҳәм (тек) рас гәпти айтады.

39. Бул – ҳақ (ҳәм рас) Күн. Солай екен, ким қәлесе, Рәббиси тәрепке қайтатуғын жолды услайды.

40. (Ҳәй Мәккә кәпирлери!) Әлбетте, Биз сизлерди жақын(да болатуғын) азаптан ескерттик. Ол Күни (ҳәр бир адам) өзиниң қолы ислеген нәрсени (жақсы ҳәм жаман әмеллерин) көреди ҳәм кәпир: «Қәне еди, топырақ болсам!» – дейди[2].



[1] 78. НАБА СҮРЕСИ

«Наба» – хабар. Сүреде уллы хабар, яғный қыямет туўралы тартысқан Мәккә мушриклерине анық жуўаплар бериледи. Және онда Аллаҳ өз қүдирети менен жаратқан барлық, әлем ҳәм жанзатлар, қыямет күниниң қыйыншылығы, жәннеттеги рәҳәт, иймансыз өткенлердиң қыямет күни пушайман болып ҳәттеки, топырақ болып кетиўди әрман етиўи киби мағлыўматлар баян етилген.

[2] 40-аят. Пушайман болған кәпирдиң бул сөзинен еки түрли мәни алыў мүмкин. Бириншиси – қәне, топырақ болсам, яғный дүньяда биринши рет жаратылғанымда инсан емес, ал топырақ етип жаратылғанымда, усы күнлерге қалмас едим, демекши. Екиншиси – қәне, дозаққа ҳүким етилиўимнен алдын топыраққа айланып кетип, азаптан қутылсам, демекши.