Қураны кәрийм аўдармасы

Луқман

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Әлиф. Ләәм. Мийм.

2. Булар – ҳикметли Китап аятлары,

3. ийгиликли ис қылыўшыларға ҳидаят ҳәм мийирманлық.

4. Олар – намазды кәмил оқыйтуғын, зәкатты (өз орнына) беретуғын ҳәм ақыретке анық ийман келтиретуғынлар.

5. Әне солар – Рәббисинен болған ҳидаятта. Әне солардың өзлери – утысқа ерисиўшилер.

6. Адамлар арасында (өзи) илимсиз рәўиште (басқаларды) Аллаҳтың жолынан адастырыў ушын ҳәм оны (жолды) масқара қылыў ушын бийкаршы сөзди сатып алатуғынлар да бар[2]. Әне соларға хорлаўшы азап бар.

7. Қашан оған Бизиң аятларымыз тиләўат қылынса, оны еситпегендей, қулақларында аўырлық (гереңлик) бардай тәкаббырлық пенен артына қарап кетеди. Енди оған аўыртыўшы азаптың «хош хабарын» бер!

8. Әлбетте, ийман келтирип, ийгиликли ис қылғанларға, әне соларға неъматлы жәннетлер бар,

9. олар ол жерде мәңги қалады. Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

10. Ол сизлер көрип турғаныңыздай, аспанларды сүтинсиз жаратты, сизлерди теңселтпеўи ушын Жер бетине аўыр таўларды таслады ҳәм ол жерде ҳәр түрли жанзатларды тарқатты. Және Биз аспаннан суў (жаўын-шашын) түсирип, ол жерде ҳәр түрли сақаўатлы жуплардан (өсимликлерден) өндирип қойдық.

11. Бул – Аллаҳтың жаратқаны. Енди (ҳәй мушриклер!) Сизлер Маған Оннан басқалар нени жаратқанын көрсетиң?! Яқ, ол залымлар анық адасыўда.

12. Ҳақыйқатында да, Биз Луқманға[3] ҳикметти берип (былай дедик): «Аллаҳға шүкир қыл! Ким шүкир қылса, тек өзи ушын шүкир қылады. Ким нашүкирлик қылса, онда, әлбетте, Аллаҳ – Бийқәжет, Мақталған».

13. Еслең! Луқман баласына нәсият қылып былай деди: «Ҳәй балам! Аллаҳға ширк келтирме! Әлбетте, ширк – үлкен зулым».

14. Биз инсанға ата-анасын (разы қылыўын) буйырдық. Анасы оны әззилик үстине әззилик пенен (қарнында) көтерди. Оны (сүттен) ажыратыўы (мүддети) еки жылда (питеди). (Биз инсанға буйырдық): «Маған ҳәм ата-анаңа шүкир қыл! Қайтыў – тек Маған».

15. Егер екеўи (ата-ана) сени өзиң билмеген нәрсени Маған шерик қылыўыңа зорласа, онда оларға бойсынба! (Олар кәпир болса да,) дүньяда екеўине жақсы мәмиледе бол ҳәм өзиң Маған тәўбе қылғанлардың жолына ер! Соң (қыямет күни) қайтыўыңыз тек Маған. Кейин Мен сизлерге (сол ўақытта) қылған ислериңиздиң хабарын беремен.

16. (Луқман айтты): «Ҳәй балам! Әлбетте, егер хантал (өсимлигиниң) туқымындай (жақсы ямаса жаман ис қылынатуғын) болса, ол (ис) бир үлкен тастың ишинде ямаса аспанларда я Жердиң ишинде болса да, Аллаҳ оны әкелип қояды. Әлбетте, Аллаҳ – Латийф, Хабардар.

17. Ҳәй балам! Намазды кәмил оқы, жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтар ҳәм өзиңе жеткен нәрсеге (мүсийбетке) сабыр ет! Әлбетте, булар – пуқта ислерден.

18. Адамларға (тәкаббырланып) бетиңди бүристирме ҳәм Жер бетинде керилип жүрме! Әлбетте, Аллаҳ бәрше тәкаббыр ҳәм мақтаншақларды жақсы көрмейди.

19. Жүрисиңде орташа бол ҳәм даўысыңды пәсейт![4] Себеби, даўыслардың ең жағымсызы – ешектиң даўысы».

20. (Ҳәй инсанлар!) Аллаҳ аспанлар ҳәм Жердеги бәрше нәрселерди сизлерге бойсындырып қойғанын ҳәм сизлерге ашық ҳәм жасырын (материаллық ҳәм мәнаўий) неъматларды[5] кәмил қылып бергенин көрмедиңиз бе?! Адамлар арасында илимсиз, ҳидаятсыз ҳәм рәўшан китапсыз (ҳүжжетсиз бола турып,) Аллаҳ ҳаққында (Пайғамбар менен) тартысатуғынлары да бар[6].

21. Қашан оларға: «Аллаҳ нәзил еткен нәрсеге ериң», – делинсе, олар: «Яқ, бизлер ата-бабаларымызды не заттың үстинде тапсақ, (әне соған) еремиз», – дейди. Егер шайтан оларды (өзиниң алдаўы менен) дозақ азабына шақырып атырған болса да ма?!

22. Ким шырайлы ис қылыўшы болған ҳалында Аллаҳға жүз тутса, онда ҳақыйқатында да, ол исенимли тутқышты беккем услапты. Бәрше ислердиң ақыбети (қандай болыўы) тек Аллаҳға (тийисли).

23. Ким күпир келтирсе, онда сени (ҳәй Муҳаммад,) оның күпири қапа қылмасын! Олар Бизге қайтады, кейин Биз оларға қылған ислериниң хабарын беремиз. Әлбетте, Аллаҳ – кеўиллердеги (жасырын) нәрселерди жақсы билиўши.

24. Биз оларды (бул дүньяда) азғана (мүддет) пайдаландырып, соң (қыямет күни) қатты азапқа мәжбүр қыламыз.

25. Егер олардан: «Аспанлар ҳәм Жерди ким жаратқан?» – деп сорасаң, әлбетте, «Аллаҳ», – дейди. Сен: «Аллаҳға ҳамд бол­сын!» – деп айт. Яқ, олардың көпшилиги (ҳақыйқатты) билмейди.

26. Аспанлар ҳәм Жердеги (бар) нәрселер Аллаҳтики. Әлбетте, Аллаҳтың Өзи – Бийқәжет, Мақталған.

27. Егер Жердеги тереклер қәлем болып, теңиз (сыя болса ҳәм) оннан кейин және жети теңиз жәрдем берсе (қосылып сыя болып, жазып шығылса,) Аллаҳтың сөзлери (ҳасла) таўсылмайды[7]. Әлбетте, Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли.

28. (Ҳәй инсанлар!) Сизлерди жаратыў да, қайта тирилтиў де бир жанды (жаратыў ҳәм қайта тирилтиў) киби (аңсат)[8]. Әлбетте, Аллаҳ – Еситиўши, Көриўши.

29. Аллаҳ түнди күндизге киргизгенин ҳәм күндизди түнге киргизгенин, Қуяш ҳәм Айдың ҳәр бирин белгиленген мүддетке шекем жүретуғын қылып бойсындырып қойғанын ҳәм және Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар екенин көрмедиңиз бе?!

30. Бул – әлбетте, Аллаҳтың Өзи ҳақыйқый (илаҳ) екени, әлбетте, олар (мушриклер) Оны қойып илтижа қылып атырған нәрселери (бутлары) қәте екени ҳәм әлбетте, Аллаҳтың Өзи Жоқары, Үлкен екенлигинен.

31. Аллаҳтың мийрими менен сизлерге Оның мөжизаларынан көрсетиў ушын кемелер теңизде (жүзип) жүргенин көрмедиң бе?! Әлбетте, бунда бәрше (қыйыншылықларға) сабыр етиўши ҳәм (неъматларға) шүкир қылыўшылар ушын белгилер бар.

32. Қашан оларды (кәпирлерди) таўдай толқын(лар) орап алса, олар Аллаҳтың динине ықлас қылып дуўа қылады. Кейин, (Аллаҳ) оларды қутқарып, қурғақлыққа (шығарса), бундай ўақытта (айырымлары ғана) туўры жол тутыўшы болады. Бизиң аятларымызды тек жүдә қыянеткер ҳәм жүдә кәпирлер ғана инкәр етеди.

33. Ҳәй адамлар! Рәббиңизден қорқың ҳәм әке баласына пайда бере алмайтуғын, бала әкесине ҳеш нәрседе пайда бериўши болмайтуғын Күннен (Қыяметтен) қорқың! Әлбетте, Аллаҳтың ўәдеси – ҳақ. Енди дүнья өмири сизлерди алдап қоймасын ҳәм сизлерди алдаўшы (шайтан) Аллаҳ (кешире береди, деген сөз) бенен алдап қоймасын!

34. Әлбетте, қыямет мәўритиниң (қашан болыўы ҳаққындағы) илими Аллаҳтың Өзиниң алдында. Жаўынды Ол (қәлегенше) жаўдырады. Жатырлардағы нәрсени (ҳәмилени) де Ол биледи. Ҳеш бир жан ертең не ислеўин билмейди. Ҳеш бир жан қай жерде өлиўин (де) билмейди[9]. Әлбетте, Аллаҳ – Илимли, Хабардар.



[1] 31. ЛУҚМАН СҮРЕСИ

Луқман – тарийхта Луқманы ҳәким (Ҳәким Улықпан) деп аты шыққан ҳабаший бир данышпан шахс. Уламалар оның пайғамбар яки ўәлий болғаны ҳаққында бир пикирге келисе алмаған. Себеби, Қуранда да, ҳәдислерде де ол туўралы анық мағлыўмат ушыраспайды. Тек Қуранда оның өз улына қылған айырым нәсиятлары берилген.

Сүрениң басқа аятларында таўҳид ҳәм ийманға шақырыў, күпир ҳәм ширктен қайтарыў киби үгитлер келтириледи.

[2] 6-аят. Аят Назр ибн Ҳариса деген кәпир ҳаққында нәзил болған. Ол парсы үлкесине саўда менен барғанда қолына түскен әпсана ҳәм дәстан китапларды алып келип, Муҳаммад ҳәдистен айтса, мен тарийхтан оқып беремен деп адамларды Исламнан шалғытар еди. Аяттағы «бийкаршы сөз» дегенде сол әпсаналар, түнде болатуғын қосықлар ҳәм ойынлар нәзерде тутылған. (Мд.)

[3] 12-аят. Луқман Баураның баласы. Ол Азардың әўладынан болып, Айюб алайҳиссаламның қарындасының ямаса дайы апасының баласы. Мың жыл өмир көрип, Даўыт алайҳиссаламның дәўирине шекем келип, оннан илим үйренген. Даўыт алайҳиссалам пайғамбар боламан дегенше Луқман муфтийлик қылған. Икрима, Суддий ҳәм Шаъбий раҳимаҳуллаҳлар оны пайғамбар болған десе, қалған уламалар оны Ҳакийм болған дейди. Ҳакийм – сөзинде ҳәм исинде анықлық болған адамға айтылады. Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудың сөзине қарағанда Луқман ҳабаший қул болған.(Мд.)

Ол хожасының сораўына берген жуўабында, ең мазалы гөш жүрек пенен тил, ең мазасыз гөш те усы еки ағза, деп айтқан сөзи рәўият қылынады.

[4] 19-аят. Умар (рз.) өзин қыйнап, қатты азан айтқан муаззинге кейигени айтылған (Қр.).

[5] 20-аят. Ашық ҳәм жасырын неъматлардың не екенлиги ҳаққында муфассирлер түрли пикирлер айтқан. Мысалы, Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу Аллаҳ тааланың ашық неъматлары – бул денемиздиң саў болыўы, жасырын неъматлары гүна ҳәм айыпларымызды жасырыўы, деген.(Мд.)

[6] * Илимсиз ҳалында тартысатуғынлар – Назр ибн Ҳарис, Убай ибн Халаф, Умайя ибн Халаф киби мушриклер болып, олар Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен илимсиз ҳәм ҳүжжетсиз Аллаҳ тааланың заты ҳәм сыпатлары ҳаққында тартысады. (БҒ)

[7] 27-аят. Каҳф сүреси 109-аятқа қараң.

[8] 28-аят. Аллаҳға қандай да бир нәрсени жаратыўда ерктиң өзи жеткиликли.

[9] 34-аят. Усы аятта Аллаҳтан басқа ҳеш ким анық билмейтуғын бес нәрсе санап өтилген. Әсиримизде илимниң раўажланыўы нәтийжесинде ана қарнындағы ҳәмилениң ул яки қыз екенин билиў имканияты туўылды. Бирақ, бул оның ҳәмме өзгешеликлерин билиўге ерисилди, дегени емес. Ҳәмилениң кимге уқсаўы, минез-қулқы, ақыл-зейини, өмири, ырысқы-несийбеси, бахытлы яки бахытсызлығы сыяқлы анық мағлыўматларды билиўге, әлбетте, илим әззилик қылады.