Қураны кәрийм аўдармасы

Ҳадийд

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Аспанлар ҳәм Жердеги (бар) нәрселер Аллаҳға тасбиҳ айтады. Ол – Қүдиретли, Ҳикметли.

2. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Оныки. Ол тирилтеди ҳәм өлтиреди. Ол ҳәмме нәрсеге қәдир.

3. Ол (ҳәмме нәрседен) Әўел ҳәм (ҳәмме нәрседен) Ақыр, және (ол) Ашық ҳәм Жасырын. Ол – ҳәмме нәрсени билиўши[2].

4. Ол аспанлар ҳәм Жерди алты күнде жаратып, соң Аршқа «мустаўий» болды. Ол Жерге не кириўин де, оннан не шығыўын да, аспаннан не түсиўин де, оған (аспанға) не көтерилиўин де биледи. Қай жерде болсаңыз да, Ол сизлер менен бирге. Аллаҳ – қылып атырған ислериңизди көрип турыўшы.

5. Аспанлар ҳәм Жердиң бийлиги Оныки. Ислер тек Аллаҳға қайтарылады.

6. Ол түнди күндизге киргизеди, күндизди түнге киргизеди[3]. Ол – кеўиллердеги нәрселерди де жақсы билиўши.

7. (Ҳәй инсанлар!) Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарына (Муҳаммадқа) ийман келтириң ҳәм де сизлерди орынбасар қылып қойған нәрселерден (байлықларыңыздан) напақа қылың! Сизлерден ийман келтирген ҳәм напақа қылғанлар ушын үлкен саўаплар бар.

8. Егер сизлер мөмин болсаңыз, пайғамбар сизлерди Рәббиңизге ийман келтириўге шақырып, сизлерден ўәде алғаннан кейин[4], (енди) сизлерге не болды, Аллаҳға исенбейсиз?!

9. Ол Өз бендесине (Муҳаммадқа) сизлерди қараңғылықтан (күпирден) нур (ийман)ға шығарыў ушын анық аятларды нәзил етеди. Әлбетте, Аллаҳ – сизлерди Аяўшы, Рейимли.

10. Сизлерге не болды, Аллаҳ жолында напақа қылмай атырсыз?! Аспанлар ҳәм Жердиң мийрасы Аллаҳтики ғой?! Сизлерден (Мәккә) фатҳ болыўынан алдын напақа қылған ҳәм (кәпирлерге қарсы) урысқа қатнасқанлар (фатҳтан кейин напақа қылған ҳәм кәпирлерге қарсы урысқанлар менен) тең болмайды. Олар кейин напақа қылған ҳәм урысқа қатнасқанлардан үлкенирек мәртебеде. Бәршесине Аллаҳ жақсы (сыйлық-жәннет) ўәде еткен. Аллаҳ ислеп атырған (бәрше) ислериңизден хабардар.

11. Аллаҳға «жақсы қарыз» [5] (Оның жолында напақа) беретуғынлар бар ма?! Енди Ол оған (сол адамға) бир неше мәрте көбейтип береди және оған жақсы сыйлық та бар.

12. Мөмин еркеклер ҳәм мөмин ҳаяллардың алдында ҳәм оң тәрепинде нуры[6] ҳәрекетленип атырған ҳалда көрген Күнди (есле)! (Сол күни оларға айтылады:) «Сизлерге бүгинниң хош хабары – астынан дәрьялар ағып туратуғын, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннет. Бул – үлкен утыс!»

13. Ол Күни еки жүзли еркеклер ҳәм еки жүзли ҳаяллар ийманлыларға: «Бизлерге қараң! Бизлер де нурыңыздан азырақ алайық», – деп айтса, (оларға): «Артларыңызға қайтып нур излең!» – делинеди[7]. Кейин, олар (менен мөминлер) арасына дәрўазасы бар бир қорған урылады (қойылады). Оның ишинде мийирманлық (жәннет), сыртында азап (жәҳәннем) болады.

14. Оларға (мөминлерге): «Бизлер сизлер менен бирге емес пе едик», – деп нида қылғанында (мөминлер) айтады: «Аўа, бирақ сизлер өзлериңизди өзлериңиз сынаққа жолықтырдыңыз, (бизлерге мүсийбет жетиўин) көз тигип күттиңиз, (Исламның ҳақ дин екенлигине) шубҳа еттиңиз ҳәм Аллаҳтың буйрығы (өлим) келгенше сизлерди бос ойлар алдап қойды. Сизлерди Аллаҳ ҳа­ққында алдаўшы (шайтан) да алдап қойды.

15. (Ҳәй еки жүзлилер!) Бүгин сизлерден де, күпир келтиргенлерден де (азаптан қутылыў ушын) бир тө­лем алынбайды. Орныңыз – дозақ. Ол – сизлер ушын ең мүнәсип жер. Буншелли жаман ақыбет!»

16. Ийман келтиргенлер ушын кеўиллери Аллаҳтың зикирине ҳәм нәзил болған ҳақыйқатқа (Қуранға) бейим болыў, (ўақты) келмеди ме?! (Және олар ушын) алдын китап берилген, соң (пайғамбарларынан кейинги) мүддет өтиўи менен кеўиллери қатып қалғанлар (яҳудий ҳәм насранийлер) киби болмаў (ўақты келмеди ме)?! Олардың көпшилиги – фасықлар.

17. (Ҳәй мөминлер!) Билиң, әлбетте Аллаҳ «өли» жерди тирилтеди. Ҳақыйқатында да, сизлерге (қүдиретимизди билдиретуғын) аятларды баян еттик, қәне еди, ақылларыңызды ислетсеңиз.

18. Әлбетте, садақа қылыўшы еркек ҳәм садақа қылыўшы ҳаяллар ушын ҳәм де Аллаҳға «жақсы қарыз» бериўшилер ушын (садақалары) бир неше есе көбейтилип бериледи және оларға уллы саўап та бар.

19. Аллaҳға ҳәм Оның пайғамбарларына ийман келтиргенлер – әне солар Рәббиси алдындағы сыддықлар[8] ҳәм гүўалар. Олар ушын (ақыретте) саўаплары ҳәм (жолларын жарытып турыўшы) нуры болады. Күпир келтирген ҳәм аятларымызды жалғанға шығарғанлар, әне солар – дозақ ийелери.

20. Билиң, бул дүнья өмири тек ойын, ермек, зийнет, өз ара мақтаныў, мал-мүликти ҳәм бала-шағаны көбейтиўден ғана ибарат[9]. Ол мисли бир жаўынға уқсайды, ол (себепли өнип шыққан) өсимлик дийқанларды әжеплендиреди. Соң (бул өсимликлер) қуўрайды, кейин оны сарғайған ҳалда көресең. Соң ол отынға айланып қалады. Ал, ақыретте (айырымларыңыз ушын) қатты азап бар, (айырымларыңыз ушын) Аллаҳтан кеширим ҳәм разылық бар. Бул дүнья өмири – тек ғана өтирик буйым.

21. (Ҳәй инсанлар!) Рәббиңиз тәрепинен болатуғын кеширимге ҳәм де Аллаҳға ҳәм Оның пайғамбарларына ийман келтиргенлер ушын таярлап қойылған, кеңлиги аспан ҳәм Жердиң кеңлигиндей болған жәннетке асығың[10]. Бул Аллаҳтың кеңшилиги болып, оны Өзи қәлегенине береди. Аллаҳ – уллы кеңшилик ийеси.

22. Жерге ҳәм өзлериңизге бир мүсийбет жетсе, Биз оны пайда қылыўымыздан алдын Китапта (Лаўҳул-маҳфузда жазылған) болады. Әлбетте, бул – Аллаҳға аңсат.

23. (Бул –) сизлер қолларыңыздан кеткен нәрсеге қайғырмаўыңыз ҳәм келген нәрселерге қуўанып кетпеўиңиз ушын. Аллаҳ ҳәр қандай тәкаббыр ҳәм мақтаншақларды жақсы көрмейди.

24. Олар – сықмарлар ҳәм адамларды да сықмарлыққа буйыратуғынлар. Ким (сықмарлық етип иҳсан қылыўдан) жүз бурса, онда, әлбетте, Аллаҳтың Өзи – Бай, Мақталған.

25. Ҳақыйқатында да, Биз елшилеримизди[11] ҳүжжетлер менен жибердик ҳәм олар менен Китап ҳәм де адамлар әдалатта турыўы ушын өлшемди (тәрезини) түсирдик. Және, Биз темирди түсирдик. Онда қатты күш бар ҳәм адамлар ушын пайдалар бар[12]. Аллаҳ ким Өзине ҳәм пайғамбарларына жасырын жәрдем беретуғынын билиў ушын (темирди жаратты). Әлбетте, Аллаҳ – Күшли, Қүдиретли.

26. Ҳақыйқатында да, Нуҳ ҳәм Ибраҳимди (өз қәўимине) жибердик ҳәм де пайғамбарлық ҳәм Китапты (Таўрат, Инжил, Забур ҳәм Қуранды) екеўиниң зүрядларына қылдық. Енди олардан ҳидаят тапқанлары бар, (бирақ) олардың көпшилиги – фасықлар.

27. Соң олардың изинен пайғамбарларымызды избе-из жибердик ҳәм Ийса ибн Мәрьямды да (олардың) артынан жибердик ҳәм де оған Инжилди бердик. Оған ергенлердиң кеўиллеринде аяўды ҳәм рейимлиликти (пайда) қылдық. Рәҳибликти өзлери шығарып алды. Биз оны (рәҳибликти) оларға парыз қылмадық, тек өзлери Аллаҳтың разылығын тилеп қылды, кейин (оған) толық әмел қыла алмады. Енди Биз олардан ийман келтиргенлерине саўапларын бердик, (бирақ) олардың көпшилиги – фасықлар.

28. Ҳәй (Ийсаға) ийман келтиргенлер! Аллаҳтан қорқың ҳәм Оның пайғамбарына (Муҳаммадқа) ийман келтириң. (Сонда) Ол Өз мийирманшылығынан сизлерге еки есе береди ҳәм сизлер жүриўиңиз ушын (қыяметте жақтыландырыўшы) нур береди ҳәм де сизлерди кеширеди. Аллаҳ – Кешириўши, Рейимли.

29. Китап ийелери өзлери Аллаҳтың кеңшилигинен бир нәрсеге (жетиўге) қәдир бола алмайтуғынын ҳәм кеңшилик Аллаҳтың «қолы»нда болып, оны тек Өзи қәлегенине беретуғынын билиўи ушын (Аллаҳ усындай етти.) Аллаҳ – уллы кеңшилик ийеси.



[1] 57. ҲАДИЙД СҮРЕСИ

«Ҳадийд» – темир. Сүрениң 25-аятында металл түрлери ҳәм олардың қәсийетлери ҳаққында баян етилген. Сондай-ақ, сүреде илаҳий көрсетпелер ҳәм ақыйдалық мәселелерге тийисли аятлар баян етилген.

[2] 3-аят. Аллаҳтың сыпатларынан айырымлары келтирилмекте. «Әўел», яғный басланыўы жоқ. «Ақыр», яғный жуўмағы жоқ, Ол әзелий ҳәм мәңги бақый. «Ашық», яғный Оның бар екени ҳәмме нәрседен билинип турады. «Жасырын», яғный Оны бул дүньяда инсандағы бес сезиў ағзалары менен сезиў мүмкин емес, Ол ақыл менен танылады.

[3] 6-аят. Аятты еки түрли тәфсир етиў мүмкин. Бириншиси – түн келгенде күндиз кетиўи, күндиз болғанда түнниң кетиўи. Және түнди қысқа қылып, оның үлесин күндизге қосып қойыўы ҳәм күндизди қысқартып, оның үлесин түнге қосып қойыўы. Екиншиси – бир түн ҳәм күндиз өтетуғын жигирма төрт саат күн менен түн ортасында ҳәр күни түрлише бөлистирилип турыўы (Лс.).

[4] 8-аят. Бул «ал-Мийсақ» ўақыясы болып есапланады. Яғный, Аллаҳ таала дүньяға келиўши бәрше инсанлардың руўхларын биринши жаратып, олардан: «Мен Рәббиңиз емеспен бе?!» – деп сораған. Сонда болажақ мөминлердиң руўхлары «Рәббимизсең» деп жуўап берген. Мийсақ – ант. Және «Аъроф» сүресиниң 172-аятына ҳәм тәфсирине қаралсын.

[5] 11-аят. Напақаның «қарыз» деп аталыўы – оның есесине берилетуғын сыйлық қарызды үзиўдей төлениў итибары менен.

[6] 12-аят. Мөмин еркек ҳәм мөмин ҳаяллардың әмел китаплары алдынан ҳәм оң тәрепинен берилгенде ийман ҳәм ийгиликли әмеллериниң белгиси сыпатында нурлар да тап усы тәреплеринде нур шашқан ҳалда жәннетке шекем оларға шерик болып барады. Периштелер оларды жәннеттеги наз-неъматлардан хабардар еткен ҳалда күтип алады (Мд.).

[7] 13-аят. Әбиў Умама (рҳ.) сөзине қарағанда, инсанлар қыл көпир алдына келгенде ҳәмме жақты қараңғылық қаплайды. Соң мөминлерге нур бериледи, кәпир ҳәм еки жүзлилер қараңғылықта қалады ҳәм мөминлерден нур сорайды (Лс.).

[8] 19-аят. «Сыддықлар» – ийманына садық адамлар. Тасаўўыфта «Сыддықлық» пайғамбарлықтан кейинги жоқары дәреже. Бул дәрежеге биринши болып, Әбиў Бәкир Сыддық (рз.) ерискен. Сыддық – сөзине, нийетине, әмелине ҳәм ўәдесине садық адам. Бул – көпшилик алымлардың тәрийпи. Бирақ, Ибн Аббас (рз.): «Ким Аллаҳға ҳәм Ол жиберген барлық пайғамбарларға ийман келтирген болса, сол сыддық есапланады», – деген (Лс.).

Аяттағы «гүўалар» сөзинен баслап жаңа гәп басланады, деген тәфсир де бар ҳәм бунда гүўалар ямаса саўаштағы шейитлер екени ҳаққында да уламалар арасында тартыс бар.

[9] 20-аят. Дүньяның ўақтыншалық екенлигине Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мениң нәзеримде дүнья – жаз ыссысында бир атлы жолаўшы бир терек саясында азғантай дем алып, соң кеткениндей», – деген. (Лс.).

[10] 21-аят. Алдынғы аятта дүньяның пәний екени баян етилгеннен кейин, бул аят бақый дүньядағы жери кең ҳәм наз-неъматлары мәңги болған жәннетке ерисиў ушын ийгиликли әмеллерди ислеўге асығыўдың зәрүрлиги айтылмақта.

[11] 25-аят. Яғный, периштелеримизди пайғамбарларға яки пайғамбарларымызды өз үмметлерине жибердик (Қз. Мд.).

[12] * Темирдеги қуўат – оның қатты ҳәм шыдамлы дене болғаны ушын саўаш қуралларының оннан таярланыўы. Ал, пайдасы есап-сансыз. Мәселен, кәсип-өнер, санаат ҳәм зүрәәт жумысларында пайдаланылатуғын әсбаплардың дерлик ҳәммеси темир өнимлеринен жасалады.

Аятта үш әҳмийетли тема баян етилген. Бириншиден, пайғамбарлардың илаҳий китаплар менен келип, дин ҳүкимлерин өз үмметлерине жеткериўи. Екиншиден, муғдар ҳәм өлшем менен әдалат орнатыў темасы. Бунда социаллық әдалатты орнатыў ҳәм адамлар арасындағы мәмилелерде наҳақлық ҳәм қыянетке шек қойыў. Үшиншиден, зулым ҳәм жынаят әҳлиниң жазасы ушын қурал таярлаўда темирди пайда қылыўы (Мд.).