Қураны кәрийм аўдармасы

Қурайш

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. Қурайшқа (халқына) қолайлы етип қойғаны ушын,

2. оларға қыста (Йеменге) ҳәм жазда (Шамға) сапар қылыўды қолайлы етип қойғаны ушын

3. енди мына үйдиң (Каабаның) Рәббисине ибадат қылсын.

4. (Ол) оларды ашлықтан (қутқарып) тойдырды ҳәм қәўиптен аман сақлады[2].



[1] 106. ҚУРАЙШ СҮРЕСИ

«Қурайш» – Мәккәдағы он еки қәўимниң бириниң аты. Муҳаммад (а.с.) усы қәўимге тийисли.

Сүреде Аллаҳ таала Қурайш әҳлине Өзи инам еткен неъматларды еслетип, олардың шүкирлиги ушын Байтуллаҳ ийесине ибадат қылыўға буйырады.

[2] 4-аят. Мәккә әҳли жаздың ыссы күнлери Йемен үлкеси жүдә қызып кетиўин билип, бул мәўсимде салқынырақ Шам үлкесине саўда сапарын шөлкемлестирип, ал қыста күнлер бираз суўытқанда Йемен үлкесине сапар қылатуғын еди.