1. Қуяш орап қойылғанда,
2. жулдызлар (турған жеринен) төгилгенде,
3. таўлар (орнынан) жылыстырылғанда,
4. (қарнындағы баласы) он айлық болған буўаз түйелер қараўсыз қалдырылғанда,
5. жыртқыш ҳайўанлар да (бир жерге) топланғанда,
6. теңизлер жандырылғанда,
7. нәпсилер (руўхлар қайтадан денеге) қосылғанда,
8. (ҳәр бир) тирилей көмилген қыздан соралғанда:
9. «Қайсы гүнасы ушын өлтирилген?» – деп.
10. Және саҳифалар (әмел китабы) ашылғанда,
11. аспан (Жер үстинен) сыйырып алынғанда,
12. жәҳәннем (кәпирлер ушын) қыздырылғанда,
13. жәннет (тақўалыларға) жақынластырылғанда,
14. (қыямет күни ҳәр бир) жан өзи (усы Күн ушын) таярлаған нәрсени (жақсы ҳәм жаман әмеллерин саҳифадан оқып) биледи.
15. Солай екен, ант етемен, қайта-қайта шығып (көринип) турыўшы (жулдыз)лар менен,
16. (бес) жасырынып жүриўшилер (планеталар) менен,[2]
17. Қараңғы болып келген түн
18. ҳәм атып атырған таң менен,
19. әлбетте, Ол (Қуран) ҳүрметли елшиниң (Жәбрайылдың Аллаҳ алдынан әкелген) сөзи (ўаҳийи).
20. Ол (Жәбрайыл) қуўатлы, Арш Ийеси (Аллаҳ) алдында мәртебели,
21. ол жерде (периштелер тәрепинен) итаат етилиўши, исенимли.
22. Сизлердиң достыңыз (Муҳаммад) мәжнүн емес.
23. Ҳақыйқатында да, оны (Жәбрайылды негизги көринисинде) анық көк жийекте көрди.
24. Ол (Муҳаммад) ғайыпқа (ўаҳийге) сықмар емес[3].
25. Ол (Қуран) қуўылған (нәлетленген) шайтанның сөзи емес.
26. Солай екен, сизлер (оны инкәр етип) қаяққа кетип баратырсыз?!
27. Ол (Қуран) тек ғана пүткил әлем (халқы) ушын еслетпе.
28. Сизлерден туўры жолда болыўды қәлегенлер ушын (әлбетте).
29. Сизлер тек әлемлер Рәббиси болған Аллаҳ қәлесе ғана (туўры жолда болыўды) қәлейсиз.
[1] 81. ТАКЎИЙР СҮРЕСИ
«Такўийр» – орап қойыў.
Сүреде қыямет болғанда Қуяш орап, жыйнастырып қойылыўы, жулдызлар, таўлар, теңизлер ҳәм басқа үлкен-киши нәрселерде жүз беретуғын өзгерислер сүўретленеди. Сондай-ақ, есап-санақ ҳәм басқа ҳәдийселер баян етилген.
[2] 16-аят. Бес планета жулдыз – Миррих (Марс), Зуҳал (Сатурн), Аторуд (Меркурий), Зуҳра (Шолпан), Муштарий (Юпитер).
[3] 24-аят. Ўаҳийге сықмар емес дегенде келген ҳәр бир ўаҳийди, аят ҳәм сүрени дәрҳал мусылманларға толық жеткериўи, ал қурамалы жерлерин түсиндирип бериўи нәзерде тутылмақта.