1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана сорап илтижа қыламан таң Рәббисине,
2. жаратқан нәрселериниң жаманлығынан,
3. қап-қараңғы болған түнниң жаманлығынан,
4. түйинлерге дем салыўшы ҳаяллардың жаманлығынан,
5. көре алмаған күншилдиң жаманлығынан»[2].
[1] 113. ФАЛАҚ СҮРЕСИ
«Фалақ» – таң. Бул ҳәм буннан кейинги сүрени қосып турып, олар «муаўўазатайн», «пана соралыўшы еки сүре» деп те аталады.
[2] 5-аят. Бул сүрениң пазыйлетлери туўралы көплеген ҳәдиси шәрийфлер бар. Барлық жаманлық ҳәм жаўызлықлардан аман болыў ушын «Фалақ», «Нас», «Ихлас» сүрелерин оқып, Аллаҳтан жәрдем сораўдың пайдалары туўралы ҳәдислерде көп хош хабарлар бар.