1. Ҳақыйқатында да мөминлер утысқа еристи.
2. Олар – намазда өзлерин кишипейил тутыўшылар.
3. Олар – бийҳуўда нәрсе (сөз ҳәм ис)лерден жүз бурыўшылар.
4. Олар – зәкатты бериўшилер.
5. Олар – әўретлерин (ҳарамнан) сақлаўшылар.
6. Тек өзлериниң ҳаяллары ҳәм қол астындағы (шоры)лары ондай емес. Себеби, олар айыпланыўшы емес.
7. Енди ким усыннан басқаны (ҳарам қылынған нәрселерди) қәлесе, онда әне солар – ҳәддинен асыўшылар.
8. Олар – (мөминлер адамлардың берген) аманатларын ҳәм (өз ара байланған) келисимлерин сақлаўшылар.
9. Олар – намазларын асыраўшылар (өз ўақтында оқыйтуғынлар)[2].
10. Әне солар – мийрасхорлар.
11. Фирдаўсты (жәннетин) мийрас етип алып, олар – ол жерде (жәннетте) мәңги қалыўшылар.
12. Ант болсын, ҳақыйқатында да, Биз инсан (Адам)ды ылайдың бир түринен жараттық.
13. Соң оны (инсан нәсилин дәслеп) беккем орын (жатыр)дағы нутфа қылдық.
14. Соң нутфадан уйыған қанды жараттық, уйыған қаннан бир бөлек гөшти жараттық, бир бөлек гөштен сүйеклерди жараттық, кейин, сүйеклерге гөшти қапладық, соң (жан киргизип) оны басқа бир жаратылыс қылып пайда еттик. Солай екен, жаратыўшылардың ең жақсысы болған Аллаҳ берекетли![3]
15. Соң, әлбетте, сизлер (ҳәй инсанлар!) буннан кейин өлиўшисиз.
16. Соң, әлбетте, сизлер қыямет күни қайта тирилесиз.
17. Ҳақыйқатында да, Биз үстиңизде жети жолды[4] (жети қабат аспанды) жараттық. Биз жаратыўдан ғапыл емеспиз.
18. Биз аспаннан (анық) өлшем менен суў (жаўын-шашын)ды түсирип, оны жерге жайластырдық. Әлбетте, Биз оны кетириўге де қәдирмиз[5].
19. Оның (суў) менен сизлер ушын қурма ҳәм жүзим бағларын пайда еттик, сизлерге оларда көп мийўелер болып, олардан жейсиз.
20. Және (Биз сизлер ушын) «Туўри Сайна»дан[6] (таўдан) шығатуғын майлы ҳәм жеўшилер ушын татымлық болып өсетуғын бир теректи (зайтунды пайда еттик)[7].
21. Әлбетте, сизлер ушын шарўаларда да ибрат бар. Биз сизлерди олардың қарнындағы нәрседен (сүтинен) суўғарамыз (ишкиземиз) және сизлер ушын оларда көп пайдалар бар. Сизлер олардан (гөш ҳәм майларынан) жейсиз.
22. (Қурғақлықта) олардың үстине ҳәм (теңизлерде) кемелерге жүкленесиз (минесиз).
23. Ҳақыйқатында да, Биз Нуҳты өзиниң қәўимине пайғамбар қылдық. Сонда, ол: «Ҳәй қәўимим! Аллаҳға ибадат қылың! Сизлер ушын Оннан басқа илаҳ жоқ. Қорықпайсыз ба?» – деди.
24. Сонда, оның қәўиминен күпир келтирген ақсүйеклер айтты: «Бул тек ғана сизлерге уқсаған адам, сизлерден абзал болажақ. Егер Аллаҳ (пайғамбар жибериўди) қәлегенинде, периштелерди түсирген болар еди. Бизлер бул ҳаққында әўелги ата-бабаларымыздан еситпедик.
25. Ол (Нуҳ) тек ғана бир мәжнүн. Енди оны азырақ күтип турың!»
26. (Нуҳ): «Я Рәббим! Мени өтирикши қылғанлары ушын маған Өзиң жәрдем бер», – деди[8].
27. Сонда, Биз оған ўаҳий қылып айттық: «Бизиң көз алдымызда ҳәм ўаҳийимиз бенен бир кеме соқ! Кейин, Бизиң буйрығымыз келип, «таннур» қайнап шыққанда, оған ҳәр бир түрден (жанзаттан) бир жубайдан ҳәм шаңарағыңды шығар, тек олардан (кәпирлерден) кимге қарсы сөз (шөгип кетиўи ҳаққында ҳүкимимиз) өткен болса (онда оларды таслап кет)! Зулым қылғанларды (қутқар деп) Маған айтпа! Әлбетте, олар – (топан суўында) шөктирилиўши.
28. Енди қашан, өзиң ҳәм сениң менен бирге болғанлар кемеге жайласып алғаныңда: «Бизлерди залым қәўимлерден қутқарған Аллаҳға ҳамд болсын», – деп айт.
29. Сен: «Я Рәббим! Мени бир мүбәрек мәнзилге түсир! Сен (мәнзилге) түсириўшилердиң жақсысысаң», – деп айт.
30. Әлбетте, бунда (Нуҳ ҳәм топан суў ўақыясында) ибратлар бар. Әлбетте, Биз (адамларды) сынаўшымыз.
31. Соң Биз олардан кейин басқа әўладты (Ад қәўимин) пайда еттик.
32. Кейин, оларға өзлеринен болған бир Пайғамбарды (Ҳудты) жибердик. (Ол айтты): «Аллаҳға ибадат қылың! Сизлер ушын Оннан басқа илаҳ жоқ, солай екен (Оған ширк келтириўден) қорықпайсыз ба?!» (– деди).
33. Оның қәўиминен күпир келтирген, ақыретке жолығыўды жалғанға шығарған ҳәм Биз оларды дүнья өмиринде дәбдебеге берилген қылып қойған ақсүйеклер айтты: «Бул тек ғана сизлерге уқсаған адам. Ол да сизлер жейтуғын нәрседен жейди, сизлер ишкен нәрседен ишеди.
34. Егер өзиңизге уқсаған адамға бойсынсаңыз, онда, әлбетте, сизлер зыян көриўшисиз.
35. Ол сизлерге, өлип, топырақ ҳәм сүйекке айланғаныңыздан кейин, әлбетте, (қәбирлерден) шығарылыўшысыз, деп ўәде берип атыр ма?!
36. Сизлерге ўәде қылып атырған нәрсе (ақылдан) жүдә-жүдә узақ!
37. Ол (өмир) – тек усы дүнья өмири ғана. (Айырымларымыз) өлсек, (басқаларымыз) жасай беремиз. Бизлер қайта тирилиўши емеспиз.
38. Ол (Ҳуд) тек Аллаҳ ҳаққында өтирикти тоқыған адам. Бизлер оған ийман келтириўши емеспиз».
39. (Сонда Ҳуд): «Я Рәббим! Мени өтирикши қылғанлары ушын маған жәрдем бер», – деди.
40. (Аллаҳ): «Азырақтан кейин олар өкиниўши болып қалады», – деди.
41. Кейин, ҳақыйқатында да, оларды (қорқынышлы бир) қышқырық услады. Кейин, Биз оларды қуўраған шөпке айландырдық. Залымлардың қәўими жоқ болсын!
42. Соң олардан кейин басқа әўладты пайда еттик[9].
43. Ҳеш бир үммет өзиниң әжелинен озып та кете алмайды, (оны) артқа да сүре алмайды.
44. Соң пайғамбарларымызды избе-из жибердик. Қашан бир үмметке пайғамбары келсе, оны жалғаншыға шығарады. Кейин, Биз оларды айырымын айырымына ерттик (избе-из қыйраттық) ҳәм оларды (адамлардың аўзында жүретуғын) гәпке айландырдық. Солай екен, ийман келтирмейтуғын қәўим жоқ болсын!
45. Соң Биз Муўса ҳәм оның әжағасы Ҳарунды мөжизаларымыз ҳәм анық ҳүжжет пенен жибердик.
46. Фиръаўн ҳәм оның ақсүйеклерине (жибердик). Сонда, олар тәкаббырлық қылды. Олар өзлерин жоқары тутыўшы қәўим еди.
47. Кейин, олар: «Өзлеримизге уқсаған, қәўими бизлерге қул болған (усы) еки адамға ийман келтиремиз бе?!» – деди.
48. Кейин, екеўин жалғаншыға шығарып, қыйралғанлардан болды.
49. Ҳақыйқатында да, Биз қәнекей ҳидаят тапса деп, Муўсаға Китап (Таўрат)ты бердик.
50. (Кейин) Мәрьямның баласын (Ийсаны) ҳәм оның анасын белги қылдық. Екеўин булағы бар бәлент мәканға жайластырдық[10].
51. (Пайғамбарларымызға былай дедик): «Ҳәй Пайғамбарлар! Пәклеринен (тағамлардан) жең, ийгиликли (ис) қылың! Әлбетте, Мен – ислеп атырған нәрсеңизди билиўшимен.
52. Әлбетте, сизлердиң диниңиз бир дин (ислам дини). Мен – Рәббиңизбен. Солай екен, Меннен қорқың!»
53. Кейин, (адамлар) өзиниң исин (динин) түрли-түрли қылып бөлип таслады. Ҳәр бир топар өзиндеги нәрсе (дин) менен қуўанышта.
54. Енди (ҳәй Муҳаммад!) Сен оларды (мәлим) ўақытқа шекем өз ғәплетине таслап қой!
55. Биз оларға берип атырған мал-дүнья ҳәм перзентлерди олар ойламай ма?!
56. Оларға жақсылықты тезлетиўимиз (деп ойламай ма)? Яқ! Олар (буның ҳикметин) сезбейди.
57. Әлбетте, Рәббисинен қорқып, қәўипсинип турыўшылар,
58. Рәббисиниң аятларына ийман келтиргенлер,
59. Рәббисине ширк келтирмейтуғынлар,
60. беретуғын нәрселерин (садақаларын қыяметте) Рәббисине қайтыўшы екенинен кеўиллери қорқып турған ҳалда беретуғынлар,
61. әне солар жақсылыққа асығады ҳәм олар – сол нәрседе (қылған жақсылығында басқалардан) озыўшы.
62. Биз ҳеш бир жанды тақатынан артық нәрсеге буйырмағанбыз. Алдымызда тек ҳақыйқатты айтатуғын Китап бар. Оларға зулым қылынбайды[11].
63. Яқ! Олардың (кәпирлердиң) кеўли буннан ғәплетте. Олар ушын буннан басқа өзлери қылатуғын (пайдасыз) ислери бар.
64. Ҳәтте олардың тоқ жасайтуғынларын бир азап пенен услағанымызда, олар бирден қышқырады[12].
65. «Бүгин (енди) қышқырмаң! Әлбетте, Бизден сизлерге жәрдем берилмейди.
66. Ҳақыйқатында да, Мениң аятларым сизлерге тиләўат қылынғанда, сизлер артыңызға қарап жүрдиңиз.
67. («Байтуллаҳ ҳарамындамыз, деп) оның менен тәкаббырланып, түңги сәўбетиңизде (Қуран ҳаққында) бийҳуўда сөз айтар едиңиз».
68. Олар бул Сөзди (Қуранды) ойлап көрмей ме? Яки оларға алдын өткен ата-бабаларына келмеген нәрсе келип пе?
69. Яки өзлериниң пайғамбарын танымай, олар оны инкәр етиўши болды ма?
70. Яки, онда (Муҳаммадта) жинлилик бар дей ме? Яқ! Ол оларға ҳақыйқат пенен келди. Олар (адамлар)дың көпшилиги – ҳақыйқатты жаман көриўши.
71. Егер Ҳақ (Аллаҳ) олардың ҳаўайы нәпсине ерсе, әлбетте, аспанлар ҳәм Жер ҳәм де олардың арасындағы нәрселер бузылып кетеди. Яқ! Биз оларға еслетпени әкелдик. Олар – (өзлерине келген) еслетпеден жүз бурыўшы.
72. (Ҳәй Муҳаммад!) Яки сен олардан ҳақы сорадың ба?! Рәббиңниң (беретуғын) ҳақы (саўабы) жақсы. Ол – ең жақсы ырысқы бериўши!
73. Әлбетте, сен оларды тек туўры жолға шақырасаң.
74. Әлбетте, ақыретке ийман келтирмейтуғынлар – жолдан азыўшы.
75. Егер Биз оларға рейим қылсақ, олардағы зыянды (қытшылықты) кетирсек, шубҳасыз, олар және өзлериниң ҳәддилеринен асыўда тентиреп жүрген болар еди[13].
76. Ҳақыйқатында да, Биз оларды азап пенен усладық, сонда олар Рәббисине бойсынбады, тәўбе де қылмады.
77. Ҳәтте оларға қатты азап (қытшылық) есигин ашқанымызда, олар сол ўақытта үмитсиз болады.
78. Ол (Аллаҳ) сизлерге қулақ(лар), көзлер ҳәм кеўиллерди пайда етти. (Сизлер буған) жүдә аз шүкир қыласыз.
79. Ол сизлерди Жер бетинде жаратты. Сизлер (қыямет күни) Оған ғана топланасыз.
80. Ол тирилтеди ҳәм өлтиреди. Түн ҳәм күндиздиң алмасыўы да Оған тийисли (байланыслы). Ақыл ислетпейсиз бе?!
81. Яқ! Олар да алдынғы (пайғамбар)лар айтқандай нәрсени (сөзди) айтты.
82. Олар айтты: «Бизлер өлип, топырақ ҳәм сүйек болғанымыздан кейин, (қыямет күни) және қайта тирилиўшимиз бе?!
83. Ҳақыйқатында да, бизлерге де, ата-бабаларымызға да алдын бул ўәде етилген. Бул тек ғана алдынғылардың әпсаналары».
84. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен (оларға): «Егер билсеңиз (айтың), Жер ҳәм ондағы нәрселер кимдики?» – деп айт.
85. Олар: «Аллаҳтики», – дейди. Сен: «(Солай екен) еслетпе алмайсыз ба?!» – деп айт.
86. Сен: «Жети аспанның Рәббиси ҳәм Уллы Арштың Рәббиси ким?» – деп айт.
87. Олар: (Булар да) «Аллаҳтики», – дейди. Сен: «Қорықпайсыз ба?!» – деп айт.
88. Сен: «Егер билсеңиз (айтың), ҳәмме нәрсениң мүлки «қол»ында болған, Өзи (ҳәммеге) қәўендер, Оған қәўендерлик қылынбайтуғын ким?!» – деп айт.
89. Олар: (Булар да) «Аллаҳтики», – дейди. Сен: «(Ҳақыйқатты қабыл етиў орнына) не ушын сыйқырланып атырсыз?!» – деп айт.
90. Яқ! Биз оларға (қайта тирилиўи ҳаққында) ҳақыйқатты келтирдик. Ал, олар – (Аллаҳға) өтирикши.
91. Аллаҳ ҳеш қандай бала тутпаған, Оның менен (және басқа) бир де илаҳ болмаған. Кери жағдайда, ҳәр бир илаҳ өзи жаратқан нәрсеси менен (тәкаббырлыққа) кетип, бир-биринен үстин болып алар еди (нәтийжеде Жер ҳәм аспан бузылып кеткен болар еди). Аллаҳ олар сыпатлап атырған нәрседен пәк.
92. (Аллаҳ –) ғайыпты да, ашықты да билиўши. Солай екен, (Аллаҳ) олар ширк қылып атырған нәрседен жоқары (пәк).
93. Сен айт: «Я Рәббим! Егер оларға (кәпирлерге) ўәде етилип атырған нәрсени (азапты) маған көрсететуғын болсаң...
94. Я Рәббим! (Сонда) мени залым қәўимлер ишинде (турыўшы) қылма!»
95. Әлбетте, Биз оларға ўәде еткен нәрсемизди (азапты) саған көрсетиўге қәдирмиз.
96. Ал, сен (олар қылып атырған) жаманлықты шырайлы (сөзлер менен) кетир![14] Биз олар сыпатлап атырған нәрсени (жақсы) билиўшимиз.
97. Сен айт: «Я Рәббим! Мен Сеннен шайтанлардың ўасўасаларынан пана бериўиңди сорайман!
98. (Және) Мен Сеннен, Я Рәббим, олар мениң алдыма келиўинен пана сорайман».
99. Ҳәтте олардан (мүшриклерден) бирине өлим келгенде, айтты: «Я Рәббим! Мени (және өмирге) қайтарың![15]
100. Қәнекей тәрк қылған жеримде (дүньяда) ийгиликли ислерди қылсам» (– дейди). Яқ! (Ҳасла қайтарылмайды). Әлбетте, бул (қуры) сөз болып, ол – айтыўшы. Олардың артында қайта тирилетуғын күнлерине шекем (еки дүнья ортасын тосып туратуғын бир) тосық бар[16].
101. Енди қашан суўр үпленгенде (қыямет басланғанда), ол күнде олардың арасында нәсил-насап та, сораў-жуўап та болмайды.
102. Демек, кимниң (жақсылық) тәрезиси аўыр келсе, онда әне солар ғана утысқа ерисиўши.
103. Кимниң (саўап) тәрезиси жеңил келсе, онда әне солар өзине зыян қылып, жәҳәннемде мәңги қалыўшы болыпты.
104. (Жәҳәннемде) олардың бетлерин жалын күйдиреди. Олар ол жерде қабағы үйилген ҳалда болады.
105. (Оларға): «Сизлерге аятларым тиләўат қылынғанда, сизлер оларды жалғанға шығармаған ба едиңиз?! (– делингенде),
106. Олар айтты: «Я Рәббимиз! Бахытсызлығымыз бизлерге үстин келип, адасқан қәўим болған екенбиз.
107. Рәббимиз, бизлерди буннан (жәҳәннемнен дүньяға) шығар! Егер және (күпир ҳәм итаатсызлығымызға) қайтсақ, онда, әлбетте, биз (өзимизге) зулым қылыўшылардан боламыз».
108. (Аллаҳ) айтты: «Ол жер (жәҳәннем)де хор болып қалың, Маған сөйлемең!
109. Әлбетте, Мениң бенделеримнен бир топары бар еди. (Олар): «Я Рәббимиз! Бизлер (өзиңе ғана) ийман келтирдик. Енди Бизлерди кешир ҳәм бизлерге рейим қыл! Сен рейим қылыўшылардың жақсысысаң», – дер еди.
110. Сонда, сизлер оларды масқара қылдыңыз, ҳәтте сизлерге (сол күлиў) Мени еслеўди умыттырды. Сизлер оларға күлген едиңиз.
111. Әлбетте, Мен бүгин оларды сабыр еткени ушын сыйлықладым. Әлбетте, олар – утысқа ерисиўши».
112. (Аллаҳ): «Жер бетинде жыллар есабы (менен пикириңиз) бойынша қанша турдыңыз?» – деди.
113. Олар айтты: «Бир күн яки күнниң бир бөлеги. Есаплаўшылардан (есаплап турыўшы периштелерден) сора!» – деди.
114. (Аллаҳ): «Егер сизлер билетуғын болсаңыз, (дүньяда) жүдә аз турдыңыз», – деди.
115. (Яки) Биз сизлерди бийҳуўда жараттық ҳәм сизлер Бизге қайтарылмайсыз, деп ойладыңыз ба?!
116. Демек, Ҳақ, патша болған Аллаҳ – жоқары. Ҳүрметленген Арштың ийесинен басқа ҳеш бир илаҳ жоқ.
117. Ким өзинде ҳеш қандай ҳүжжет болмаған ҳалда, Аллаҳ пенен бирге басқа (бир) «илаҳ»ға илтижа қылса, онда оның есабы тек Рәббисиниң алдында. Әлбетте, кәпирлер (ақыретте) утысқа ерисе алмайды.
118. (Ҳәй Муҳаммад!) Сен: «Я Рәббим! (Гүналарымды) кешир ҳәм (ҳалымызға) рейим қыл! Сен (өзиң) мийирманлардың жақсысысаң», – деп айт.
[1] 23. МУЪМИНУН СҮРЕСИ
Муъминун – мөминлер. Мөмин-мусылманларға ылайық сыпатлар зикири менен басланғаны ушын усындай атама берилген. Онда Муҳаммадтың (а.с.) Мәккәдағы дәўирлеринде әҳли Исламға мушриклер тәрепинен берилген азапларға сабыр етиў, ақырет бахты ушын бул дүньяда қылыў зәрүр болған ийгиликли әмеллер, пайғамбарлар қыссасы ҳәм басқа илаҳий үгит-нәсиятлар баян етилген.
[2] 9-аят. Расул (а.с.) қайтыс болғаннан кейин саҳабалар Айшадан (рз.): «Пайғамбарымыздың (а.с.) қулқы қандай еди?», – деп сорағанда жуўабына усы сүрениң 9-аятына шекем оқып, қулқы дәл усы аятларда айтылғандай еди, деген екен (Нс. ИК).
[3] 14-аят. Аяттағы ҳәмилениң раўажланыў басқышлары әйне Қуранда көрсетилгендей екенин ҳәзирги илимий ашылыўлар да тастыйықламақта. Бул бойынша дүньяның ири алымлары талай илимий излениўлер нәтийжесинде, Қураны кәриймниң илаҳий мөжиза екенин және бир рет дәлилледи.
[4] 17-аят. Жети жол – периштелердиң аспанлар аралық жолы.
[5] 18-аят. Ҳәдисте былай делинеди: «Сайҳун (Сырдәрья), Жайҳун (Әмиўдәрья), Фурот (Ирактағы дәрья) ҳәм Нил дәрьялары жәннеттен шығарылып қойылған дәрьялар есапланады» (Мс. Хз.).
[6] 20-аят. «Туўри Сайна», «Туўри Сина» яки «Туўри Синийн» деп аталатуғын таў Мысыр менен Айла қаласы арасындағы мүбәрек таў болып, ол Муўса (а.с.) Аллаҳ пенен сөйлескен жер (Тб.).
[7] * Зайтун тереги топан суўдан кейин биринши рет көгерип шыққан терек болып, ол үш мың жылға шекем қуўрамай турыўы мүмкин делинеди (Хз.).
[8] 26-аят. Нуҳ (а.с.) қәўиминиң ийман келтириўинен үмит үзгеннен кейин, оларды ғарғайды. Нәтийжеде топан суў бәлеси келеди.
[9] 42-аят. Яғный, Ҳудтың (а.с.) қәўими саналған Ад қәўими набыт қылынғаннан кейин Солиҳ, Лут, Шуайб (а.с.) қәўимлерин дүньяға келтирдик. Солиҳ (а.с.), Лут (а.с.), Шуайб (а.с.)лардың қәўимлери мушрик ҳалларында пайғамбарларға бойсынбағаны себепли Аллаҳтың ғәзебине ушырап, набыт болып кетти. Олардың ишинде ийман келтиргенлери аз еди.
[10] 50-аят. Мәрьям ҳәм Ийса (а.с.)лар жайласқан «бәлент мәнзил»ден Байтил-мақдис яки Дамаск ямаса Рамла қаласы нәзерде тутылған. Олар Палестина ямаса Мысыр деген рәўиятлар да бар. Қайсы жер болғанда да суўы мол, абат жер екени аяттан белгили болып тур (Мд.).
[11] 62-аят. «Китап» дегенде Лаўҳул-маҳфуз яки ҳәр бир адамның әмел китабы нәзерде тутылмақта.
[12] 64-аят. Ҳижраттан алдынғы дәўирде Расулға (а.с.) Мәккә мушриклери ҳәдден зыят азап берип, мусылманларға қатты зулым өткизгеннен кейин оларды ғарғаған. Соннан кейин оларға Аллаҳ таала жети жыл қәҳәтшилик бәлесин жиберген (Мд. Хз.).
[13] 75-аят. Мәккә мушриклери қәҳәтшилик ҳәм ашаршылықтан жүдә қыйналды. Ҳәттеки, ҳайўан териси, сүйеклери ҳәм ийт гөшин жеўге шекем жеткенде, Әбиў Суфян Расулдың (а.с.) алдына келип: «Сен пүткил әлемге раҳмат қылып жиберилдим, демеген бе едиң?» – деп меҳир-шәпәәт талап еткен. Аятта Аллаҳ олардан бул бәле ҳәм мүсийбетлерди арытқан тәғдиримизде де олар тәўбе қылып, ийман келтирмейди, деген ғайып хабарын бермекте (Мд. Хз.).
[14] 96-аят. Бул аятты салаф муфассирлери ҳәр түрли тәфсир қылған. Мәселен: «Мушриклердиң ширкине таўҳид кәлиймасы, жаман гәплерине сәлем менен, гүна ислерине нәсият пенен жуўап қайтарың!» – деп буйырылмақта, деген (Мд.).
[15] 99-аят. Бул жердеги «қайтарың» деп илтижа қылынған сөз Аллаҳ таалаға көплик санда келиўиниң себеби «Аллаҳ» лебизин көп айтыў орнында қолланылған (Хз.).
[16] 100-аят. Дүнья менен ақырет ортасындағы тосық «барзах» деп аталады.