Қураны кәрийм аўдармасы

Такасур

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).

1. (Ҳәй инсанлар!) Сизлерди (мал-дүнья) көбейтиў (Аллаҳға ибадат қылыўдан) бәнт қылды

2. ҳәтте қәбирлерди зыярат еткениңизше (қәбирлерге киргениңизше).

3. Яқ! Жақында (буның ақыбетин) билесиз.

4. Және бир мәрте яқ! Жақында билесиз!

5. Яқ! Егер (дүньяпаразлық ақыбетин) анық илим менен билгениңизде еди (оны дос тутпас едиңиз).

6. Ант болсын, сизлер, әлбетте, жәҳәннемди көресиз!

7. Және ант болсын, сизлер, әлбетте, оны анық исеним менен көресиз!

8. Соң ол Күни (қыяметте) әлбетте, (сизлерге берилген бәрше) неъматлар ҳаққында сораласыз!



[1] 102. ТАКАСУР СҮРЕСИ

«Такасур» – қандай да бир нәрсени топлап, көбейтиў нийетинде болыў.

Сүреде мал-дүнья топлаў ҳәрекети менен әўере болып, Аллаҳты яд етиў ҳәм Оның буйрықларын орынлаўға ўақыт табалмай қалған дүньяпараз адамлар қараланады. Бирақ, олар ҳақыйқатты билип, терең пикирлегенде, бундай етпейтуғыны, ал дүньяпаразлық ақыбетин жақында, яғный өмирден көз жумғаннан кейин ҳәм де ақыреттеги жазаның анық екенин көрип билгеннен кейин ғана аңлайтуғыны, сондай-ақ, сол күни дүньяда инам етилген неъматлардан есап алынатуғыны ескертиледи.

Ҳәдисте: «Қыяметте бендениң әўретин жаўғандай кийими, қуўатын сақлағандай аўқаты ҳәм ыссы-суўықтан сақлағандай баспанасынан тысқары бәрше нәрселеринен соралады», делинген (Лс.).