1. То. Сийн. Мийм.
2. Булар – ашық-айдын Китаптың аятлары.
3. (Ҳәй Муҳаммад!) Итимал, (Мәккә мушриклери) мөмин болмағаны ушын сен өзиңди өлтирмекши шығарсаң?!
4. Егер Биз қәлесек, оларға аспаннан мөжиза түсиремиз. Кейин, олардың мойны оған ийилип қалады.
5. Оларға Роҳманнан таза бир еслетпе келсе, әлбетте, олар оннан жүз бурады.
6. Енди ҳақыйқатында да, олар (пайғамбарды) жалғанға шығарды. Жақында оларға өзлери масқара қылған нәрсениң хабары келеди.
7. Олар жерге қарап, Биз онда бәрше түрдеги мол зүрәәт беретуғын жуплардан өндирип қойғанымызды көрмей ме?!
8. Әлбетте, бунда белги бар. (Бирақ,) олардың көпшилиги ийман келтириўши болмады.
9. Әлбетте, Рәббиң, Ол – Қүдиретли, Рейимли.
10. (Ҳәй Муҳаммад!) Есле Рәббиң Муўсаға нида қылып: «Залымлар қәўимине бар –
11. Фиръаўн қәўимине. Олар (Меннен) қорықпай ма?!» (деген еди).
12. (Муўса) айтты: «Я Рәббим! (Мен бараман, бирақ) олар мени өтирикши қылыўынан қорқаман.
13. Кеўлим тар болып, тилим сөйлемей қалыўынан (қорқаман)[2]. Енди (әжағам) Ҳарунға да (пайғамбарлықты) жибер!
14. Және олардың алдында мениң гүнам бар[3]. Соның ушын, мени өлтириўинен қорқаман».
15. (Аллаҳ) айтты: «Яқ (өлтире алмайды)! Енди (Ҳарун менен бирге) екеўиңиз Бизиң мөжизаларымызды алып барың! Әлбетте, Биз сизлер менен бирге (сораў-жуўапларыңызды) тыңлап турыўшымыз.
16. Солай екен, екеўиңиз Фиръаўнға барып, былай дең: «Биз әлемлер Рәббисиниң елшилеримиз.
17. Исрайыл әўладын бизлер менен бирге (өз журты болған Палестинаға) жибер!»
18. (Фиръаўнның алдына келгенде, ол Муўсаға) айтты: «Биз сени балалығыңда өзимиздиң арамызда тәрбияламадық па?! Өмириңниң бир неше жылын арамызда өткиздиң ғой?!
19. (Кейин) нашүкирлик етип, қылған исиңди қылдың».
20. (Муўса) айтты: «Мен оны адасып қылып қойдым.
21. Кейин сизлерден қорқып қашып кеттим. Кейин Рәббим маған ҳикмет берди ҳәм мени пайғамбарлардан қылды.
22. Сол сен маған миннет қылып атырған неъмат (негизинде) Исрайыл әўладын қул қылып алғаның себепли»[4].
23. Фиръаўн: «Әлемлердиң Рәббиси (дегениң) не?» – деди.
24. (Муўса): «Егер исенетуғын болсаң, Ол аспанлар ҳәм Жердиң ҳәм де олардың арасындағы нәрселердиң Рәббиси», – деди.
25. (Фиръаўн) дөгерегиндеги (ақсүйек)лерге: «Еситип атырсыз ба?!» – деди.
26. (Муўса) айтты: «(Ол –) сизлердиң де Рәббиңиз, алдынғы ата-бабаларыңыздың да Рәббиси», – деди.
27. (Фираъўн): «Әлбетте, сизлерге жиберилген (бул) Пайғамбарыңыз мәжнүн», – деди.
28. (Муўса): «Егер ақыл ислетиўши болсаңыз, Ол Шығыс пенен Батыстың ҳәм олардың арасындағылардың да Рәббиси», – деди.
29. (Фираъўн): «Егер меннен басқаны қудай етип алсаң, әлбетте, мен сени зинданға таслайман», – деди.
30. (Муўса): «Мен саған анық нәрсени (мөжиза) әкелсем де ме?» – деди.
31. (Фиръаўн): «Егер рас сөйлеўшилерден болсаң, оны (мөжизаңды) әкел!» – деди.
32. Сонда, (Муўса) ҳасасын таслаған еди, ол бирден анық әйдарҳаға айланды.
33. Қолын (қойнынан) шығарған еди, ол бирден қараўшыларға аппақ (нурлы) болып көринди, (негизинде Муўса қарапәрең адам еди).
34. (Фиръаўн) дөгерегиндеги ақсүйеклерге айтты: «Әлбетте, ол (Муўса – әдеўир) илимли сыйқыршы.
35. Ол өзиниң сыйқыры менен сизлерди жериңизден шығарыўды қәлеп атыр, не дейсиз?»
36. Олар айтты: «Оны ҳәм әжағасын (Ҳарунды) қойып турың, қалаларға (сыйқыршыларды шақырып келетуғын) жыйнаўшыларды жибер!
37. Олар саған ҳәмме илимли сыйқыршыларды әкеледи».
38. Кейин сыйқыршылар белгили бир күнде белгиленген жерде топланды[5].
39. Адамларға айтылды: «Сизлер топланып болдыңыз ба?
40. Бәлким, сыйқыршыларға ерермиз, егер олар үстин келсе».
41. Сыйқыршылар келгенде, Фиръаўнға: «Егер бизлер үстин келсек, бизлерге, анық сыйлық бар ма?» – деди.
42. (Фиръаўн): «Аўа! Егер сондай болса, сизлер мениң жақынларымнан боласыз», – деди.
43. Муўса оларға: «Сизлер таслайтуғын нәрселериңизди таслаң!» – деди.
44. Кейин олар арқанларын ҳәм ҳасаларын (жерге) таслап: «Фиръаўнның иззети менен ант, әлбетте, бизлер жеңиўшимиз», – деди.
45. Соң Муўса ҳасасын таслаған еди, бирден ол (ҳаса) олардың «жасалма» (жылан)ларын жута баслады.
46. Кейин сыйқыршылар (жеңилди ҳәм) сәжде қылған ҳалда жығылды.
47. (Сыйқыршылар) айтты: «Әлемлердиң Рәббисине ийман келтирдик.
48. Муўса ҳәм Ҳарунның Рәббисине».
49. (Фиръаўн ашыў менен): «Мен сизлерге руқсат бермей турып, оған ийман келтирдиңиз бе?! Әлбетте, ол (Муўса) сизлерге сыйқырды үйреткен үлкениңиз! Жақында билип аласыз, мен, әлбетте, қол-аяғыңызды қарама-қарсы тәрепинен (оң қол шеп аяғыңызды ҳәм керисинше) кесемен ҳәм ҳәммеңизди асаман!» – деди.
50. (Сыйқыршылар) айтты: «Зыяны жоқ. Әлбетте, бизлер Рәббимизге қайтыўшымыз.
51. Бизлер (Муўсаға) ийман келтиргенлердиң дәслепкиси болғанымыз ушын Рәббимиз қәтелеримизди кешириўинен үмит қыламыз».
52. Биз Муўсаға: «Бенделерим менен түнде жолға шық! Әлбетте, сизлердиң изиңизден түседи», – деп ўаҳий жибердик.
53. Кейин, Фиръаўн (бәрше) қалаларға топлаўшыларды жиберип (айтты):
54. «Шубҳасыз, олар азғантай адамлар.
55. Әлбетте, олар – (шығып кетиўи менен) бизлерди ғәзеплендириўши.
56. Әлбетте, бизлер ҳәммемиз – қырағымыз».
57. Кейин Биз оларды (Фиръаўн ҳәм оған ергенлерди) бағлар ҳәм булақлардан шығардық (айырдық).
58. Ғәзийнелер ҳәм ҳүрметленген орынлардан (айырдық).
59. Солай етип, ол нәрселерди (ғәзийне ҳәм мәканларды) Исрайыл әўладына мийрас етип бердик[6].
60. Кейин (Фиръаўн ләшкери) таңда олардың изине түсти.
61. Еки топар бир-бирин (узақтан) көргенде, Муўсаның адамлары: «Бизлер, әлбетте, тутылдық», – деди.
62. (Муўса): «Яқ! Әлбетте, Рәббим мениң менен бирге, Ол маған (қәўипсиз) туўры жолды көрсетеди», – деди.
63. Кейин, Биз Муўсаға: «Ҳасаң менен теңизди ур!» – деп ўаҳий қылдық. Сонда, ол (теңиз) бөлинип, ҳәр бир бөлеги (бәлент көтерилип) үлкен таўдай болып қалды.
64. Басқаларды (Фиръаўн ҳәм оның ләшкерлерин де) соған (жолға) жақынластырдық.
65. Муўса ҳәм оған ергенлердиң ҳәммесин (Фиръаўнның қуўғынынан) қутқардық.
66. Соң басқаларды (теңизге) шөктирдик[7].
67. Әлбетте, бунда белги бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги мөмин болмады.
68. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
69. (Ҳәй Муҳаммад!) Оларға Ибраҳимниң хабарын оқып бер!
70. Сол ўақытта ол әкесине ҳәм қәўимине: «Не затқа ибадат қылып атырсыз?» – деген еди.
71. Олар: «Бутларға ибадат қылып атырмыз. Енди оларға ибадат қылыўда даўамлы боламыз», – деди.
72. (Ибраҳим) айтты: «Илтижа қылып атырғаныңызда олар (бутлар) сизлерди (илтижаларыңызды) есите ме?
73. Яки сизлерге пайда ямаса зыян бере ала ма?»
74. Олар: «Яқ, бизлер ата-бабаларымыздың усылай етип атырғанын көрдик», – деди.
75. (Ибраҳим) айтты: «Не затқа ибадат қылып атырғаныңызды (ойлап) көрдиңиз бе?!
76. Сизлер де, алдынғы ата-бабаларыңыз да?!
77. Әлбетте, олар маған душпан, (мен оларға ибадат қылмайман) тек әлемлер Рәббиси(не ғана ибадат қыламан)».
78. Ол мени жаратты. Солай екен, мени ҳидаят қылатуғын да Оның Өзи.
79. Мени аўқатландыратуғын да, суўғаратуғын да Оның Өзи.
80. Аўырғанымда, Оның Өзи маған шыпа береди.
81. Ол мени өлтиреди соң (қыямет күни қайта) тирилтеди.
82. Мениң қәтелеримди қыямет күни кешириўинен үмит қылатуғыным да Оның Өзи.
83. Рәббим, маған ҳикметти бер ҳәм мени жақсыларға қос!
84. Және мен ушын (мен ҳаққымда) кейин келиўшилердиң ишинде жақсы гәплер (пайда) қыл!
85. Мени (ақыретте) неъматлы жәннет мийрасхорларынан қыл!
86. Әкемди кешир! Әлбетте, ол адасқанлардан (мушриклерден) еди.
87. Қайта тирилетуғын Күни (қыяметте) мени шерменде қылма!
88. Ол Күни мал-дүнья да, бала-шаға да пайда бермейди,
89. тек, ким Аллаҳтың алдына таза кеўил менен келсе, (пайда береди).
90. (Ол Күни) жәннет тақўалыларға (көрип, қуўаныўы ҳәм кириўи ушын) жақынластырылды.
91. Ал, дозақ адасқанларға (көрип пушайман болыўы ушын) көрсетиледи.
92. Оларға айтылды: «Ибадат қылып жүрген нәрселериңиз (бутларыңыз) қәне
93. Аллаҳты қойып?! Олар сизлерге жәрдем бере ала ма яки өзлери (сизлерден) жәрдем ала алады ма?!»
94. Кейин оған (дозаққа) олар (бутлар) ҳәм адасқанлар ылақтырылады.
95. Иблис ләшкериниң ҳәммеси де (ылақтырылады).
96. Олар ол жерде (дозақта) бир-бири менен тартысып, (былай) дейди:
97. «Аллаҳға ант, әлбетте, бизлер (дүньяда болғанымызда) анық адасыўда екенбиз –
98. сол сизлерди әлемлердиң Рәббисине теңлестирген ўақтымызда.
99. Бизлерди (сол ўақытта) тек жынаятшылар жолдан адастырды.
100. Енди бизлерге шәпәәтшилер жоқ.
101. Бир қәдирдан дос та жоқ.
102. Қәнекей, артқа қайтып (жасасақ), сонда мөминлерден болар едик».
103. Әлбетте, бунда белги бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги мөмин болмады.
104. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
105. Нуҳ (ҳәм оннан алдын өткенлердиң) қәўими Пайғамбарларды өтирикши қылды.
106. Сол ўақытта оларға ағайини Нуҳ айтты: «(Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!
107. Әлбетте, мен сизлерге (жиберилген) исенимли Пайғамбарман.
108. Солай екен, Аллаҳтан қорқың ҳәм (Аллаҳтың динине шақырғанымда) маған бойсының!
109. Мен сизлерден буның (шақырығым) ушын ҳақы сорамайман. Мениң ҳақым тек әлемлер Рәббисине.
110. Енди Аллаҳтан қорқың ҳәм (шақырығымды қабыл етип,) маған бойсының!»
111. Олар: «Саған пәс (жарлы) адамлар ерген болса, бизлер саған ийман келтирейик пе?!» – деди.
112. (Нуҳ) айтты: «Мен олардың не ис қылып атырғанын билмеймен.
113. Егер сезсеңиз, олардың есап-санағы тек Аллаҳға (тийисли).
114. Мен (сизлердиң сөзиңизге кирип,) мөминлерди (алдымнан) қуўып жибериўши емеспен.
115. Мен тек ғана (сизлерди Аллаҳтың азабы ҳаққында) ашық-айдын ескертиўшимен».
116. Олар: «Ҳәй Нуҳ, егер (шақырығыңнан) тоқтамасаң, әлбетте, тасборан қылыныўшылардан боласаң!» – деди.
117. (Сонда, Нуҳ) айтты: «Я Рәббим! Қәўимим мени жалғанға шығарды.
118. Енди Өзиң олар менен мениң арамызды аш! Мени ҳәм мениң менен бирге болған мөминлерди қутқар!»
119. Кейин Биз оны ҳәм оның менен бирге болғанларды (иши) толы кемеде қутқардық.
120. Соң, (кемени қутқарғанымыздан кейин) қалғанларын (топан суўына) шөктирдик.
121. Әлбетте, бунда белги (ибрат) бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги (буннан кейин де) мөмин болмады.
122. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
123. Ад (қәўими өз пайғамбарын ҳәм басқа) пайғамбарларды жалғанға шығарды.
124. Сол ўақытта олардың ағайини Ҳуд айтты: «(Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!
125. Әлбетте, мен сизлерге (Аллаҳ тәрепинен жиберилген) исенимли Пайғамбарман.
126. Солай екен, Аллаҳтан қорқың ҳәм маған (Аллаҳтың буйрығын жеткизгенимде) бойсының!
127. Мен сизлерден буның (шақырығым) ушын ҳақы сорамайман. Мениң ҳақым тек ғана әлемлердиң Рәббисине.
128. Сизлер (тек усы дүньяны деп) ҳәр бир төбеге ойын-күлки қылатуғын бир белги (бәлент имарат) қурасыз ба?!
129. Тап (өлмей) мәңги жасайтуғындай сарайлар қурасыз ба?!
130. Қашан (биреўге жаза бермекши болып) усласаңыз, рейимсизлерше услайсыз ба?!
131. Енди Аллаҳтан қорқың ҳәм маған (айтқанларыма) бойсының.
132. Сизлерди өзлериңиз билетуғын (затлық) нәрселер менен қоллайтуғыннан (Аллаҳтан) қорқың!
133. Ол сизлерди шарўалар ҳәм (сизлер жақтыратуғын) бала-шағалар менен қоллайды.
134. Бағлар ҳәм булақлар менен.
135. Мен сизлерге уллы Күнниң (қыяметтиң) азабы (болыўы)нан қорқаман».
136. Олар айтты: «Бизлер ушын нәсият қылсаң да, нәсият қылыўшы болмасаң да бәри бир.
137. Бул (шағал-мәсликке берилиў бизлерге) тек алдынғылардың (қалдырған) қулқы (әдети).
138. Биз (дүньяда да, ақыретте де) азапланыўшы емеспиз».
139. Кейин, олар оны (Ҳудты) жалғанға шығарғанда, Биз оларды қыйраттық. Әлбетте, бунда белги (ибрат) бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги мөмин болмады.
140. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
141. Самуд (қәўими өткен бәрше) Пайғамбарларды жалғанға шығарды.
142. Сол ўақытта оларға ағайини Солиҳ айтты: «(Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!
143. Әлбетте, мен сизлерге (Аллаҳ тәрепинен жиберилген) исенимли Пайғамбарман!
144. Солай екен, Аллаҳтан қорқың ҳәм маған (шақырығымызды қабыл етип) бойсының!
145. Мен сизлерден буның ушын ҳақы сорамайман. Мениң ҳақым тек ғана әлемлердиң Рәббисине.
146. Сизлер бул жердеги нәрселерде тыныш ғана (мәңги) таслап қойыласыз ба?!
147. Бағларда ҳәм булақларда?!
148. Атызларда ҳәм мүләйим қурмазарларда?! (Яқ, бул неъматлар ўақытша).
149. Және таўлардан усталық пенен үйлерди ойып ислей бересиз бе?!
150. Енди (нашүкирлик қылыўға) Аллаҳтан қорқың ҳәм маған бойсының!
151. (Ширк ҳәм гүна менен) ысырапкерлердиң исине бойсынбаң!
152. Олар Жер бетинде бузғыншылық қылады ҳәм дүзетпейди».
153. Олар айтты: «Сен (пайғамбар емес, ал), әлбетте, сыйқырланғанлардансаң.
154. Сен де тек ғана бизлерге уқсаған адамсаң. Егер (шақырған гәпиңде) рас сөйлеўшилерден болсаң, мөжиза келтир!»
155. Ол айтты: «(Мениң мөжизам) мына – түйе. Оған (мәлим бир күн) суў ишиў (нәўбети бар) ҳәм сизлерге мәлим бир күн суў ишиў (нәўбети бар).
156. Және оған бир жаманлық жеткизбең, (егер жаманлық қылсаңыз,) онда сизлерди үлкен Күн (қыямет) азабы услайды».
157. Кейин олар (итаатсызлық қылып) оны (түйени) сойды ҳәм өкиниўшилерге айланды.
158. Соң оларды азап тутты. Әлбетте, бунда белги (ибрат) бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги мөмин болмады.
159. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
160. Лут қәўими Пайғамбарларды өтирикши қылды.
161. Сол ўақытта оларға өзлериниң ағайини Лут айтты: «(Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!
162. Әлбетте, мен сизлерге (Аллаҳ жиберген) исенимли Пайғамбарман.
163. Солай екен, Аллаҳтан қорқың ҳәм маған (буйрықларыма) бойсының!
164. Мен сизлерден буның (шақырығым) ушын ҳақы сорамайман. Мениң ҳақым тек ғана әлемлердиң Рәббисинде.
165. Әлемлерден (парықлы рәўиште шаҳўат пенен) еркеклерге «барасыз» ба?!
166. Рәббиңиз сизлер ушын жаратқан ҳаялларыңызды тәрк қыласыз ба?! Яқ! Сизлер ҳәддинен асыўшылар қәўимисиз.
167. Олар: «Ҳәй Лут, егер (бул исиңнен) тоқтамасаң, әлбетте, қуўылатуғынлардан боласаң!» – деди.
168. Ол айтты: «Әлбетте, мен сизлердиң (бул) исиңизди жақтырмайтуғынларданман.
169. Я Рәббим! Мени ҳәм шаңарағымды (мөминлерди) олардың қылып атырған нәрселери (кесири)нен қутқар!»
170. Кейин оны ҳәм оның шаңарағын, ҳәммесин (жиберген азабымыздан) қутқардық.
171. Тек (азапта) қалыўшылардан болған бир кемпирди (Луттың иймансыз ҳаялын қутқармадық).
172. Соң қалғанларын қыйраттық.
173. Олардың үстине жаўын (тас) жаўдырдық. Ескертилгенлердиң жаўыны буншелли жаман болды!
174. Әлбетте, бунда белги (ибрат) бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги (буннан кейин де) мөмин болмады.
175. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
176. Айка халқы («терекзар ийелери» – Шуайб пайғамбар қәўими өткен бәрше) Пайғамбарларды жалғанға шығарды.
177. Сол ўақытта оларға Шуайб айтты: «(Аллаҳтан) қорықпайсыз ба?!
178. Әлбетте, мен сизлерге (Аллаҳтан келген) исенимли Пайғамбарман.
179. Солай екен, Аллаҳтан қорқың ҳәм маған (Аллаҳтың буйрықларына) бойсының!
180. Мен сизлерден буның (шақырығым) ушын ҳақы сорамайман. Мениң ҳақым тек ғана әлемлердиң Рәббисине.
181. Енди өлшемди толық қылың ҳәм (адамларға) кемейтиўшилерден болмаң!
182. Сондай-ақ, (өлшенетуғын затларды) туўры тәрези менен тартың.
183. Адамлардың нәрселерин кемейттирмең! Жер бетинде бузғыншылық қылмаң!
184. Сондай-ақ, сизлерди ҳәм алдынғыларды жаратқаннан (Аллаҳтан) қорқың!»
185. Олар айтты: «Әлбетте, сен (пайғамбар емес, ал) сыйқырланғанлардансаң.
186. Сен тек ғана бизлерге уқсаған адамсаң. Бизлер сени, әлбетте, өтирикшилерден, деп билемиз.
187. Енди, егер рас сөйлеўшилерден болсаң, үстимизге аспанның бир бөлегин таслап жибер!»
188. Ол: «Рәббим сизлердиң қылып атырған ислериңизди жақсы билиўши», – деди.
189. Кейин олар оны (Шуайбты) жалғанға шығарды. Соң оларды «саяман» күни азабы услады. Әлбетте, ол уллы (қорқынышлы) күнниң азабы еди[8].
190. Әлбетте, бунда белги (ибрат) бар. (Бирақ, адамлардың) көпшилиги мөмин болмады.
191. Әлбетте, Рәббиң – Қүдиретли, Рейимли.
192. Әлбетте, ол (Қуран) әлемлер Рәббисиниң түсиргени (Китабы).
193. Оны Руўҳул әмийн (Жәбрайыл) түсирди.
194. Ескертиўшилерден болыўың ушын кеўлиңе (түсирди).
195. Ол анық араб тилинде.
196. Әлбетте, ол (Қурандағы айырым хабарлар) алдынғылардың Китапларында да бар.
197. Оны (Қуранды) Исрайыл әўлады улама (руўханый)ларының билиўи олар ушын дәлил емес пе?!
198. Егер Биз оны (Қуранды) айырым ажамларға (араб болмағанлардан бирине) түсиргенимизде,
199. онда оны оқып берсе де, олар оған ийман келтириўши болмаған болар еди[9].
200. Биз оны жынаятшылардың кеўлине усылайынша жолладық.
201. Олар аўыртыўшы азапты көрмегенше оған (Қуранға) ийман келтирмейди.
202. Кейин оларға ол (азап) тосаттан келеди. Олар сезбей қалады.
203. Соң олар: «Бизлерге (бираз) мәўлет бериле ме екен?!» – дейди.
204. Олар Бизиң азабымызды (тезирек келсин деп) асықтырып атыр ма?!
205. (Ҳәй Муҳаммад!) Көрдиңиз бе?! Биз оларды (узақ) жыллар даўамында (денсаўлық, мал-дәўлет пенен) пайдаландырсақ,
206. кейин оларға ўәде етилген нәрсе (азап) келгенде
207. оларға (дүньяда) пайдаланып жүрген нәрселери пайда бермейди.
208. Биз ҳеш бир аўылды (қаланы), оған ескертиўши жибермей қыйратпадық.
209. Еслетпе болыўы ушын (усылай еттик). Биз залым емеспиз.
210. Оны (Қуранды аспаннан) шайтанлар (жинлер) алып түскен жоқ.
211. Олардың буған имканияты жоқ ҳәм оған қәдир емес.
212. Себеби, олар (ўаҳийди қупыя тәризде) еситиўден шетленген.
213. (Ҳәй Муҳаммад!) Аллаҳға қосып, басқа (бир) «илаҳ»ға илтижа қылма! (Егер сондай қылсаң,) онда азапланатуғынлардан боласаң.
214. Жақын ағайинлериңди (Аллаҳ азабынан) ескерт,
215. Саған ерген мөминлерге қанатыңды пәслет!
216. Енди, егер олар саған итаатсызлық қылса: «Мен сизлер қылып атырған әмеллерден пәкпен», – деп айт.
217. Қүдиретли, Рейимлиге (Аллаҳға бәрше ислериңизде) тәўекел қыл!
218. Ол сени (намаз ушын) турғаныңда (да) көреди.
219. Сәжде қылыўшылар (намаз оқыўшылар) арасында ҳәрекетлениўиңди[10] де (көреди).
220. Әлбетте, Ол – Еситиўши, Билиўши.
221. (Ҳәй Муҳаммад! Айт:) «Мен сизлерге шайтанлар (жинлер) кимге түсиўин айтып берейин бе?
222. Олар бәрше дөҳметши, гүнакар (палкер, дуўахан)ларға түседи.
223. Еситкенин оларға таслайды. (Бирақ,) олардың көпшилиги – өтирикшилер».
224. Шайырларға жолдан азғанлар ереди.
225. Олардың ҳәр бир ойпатлықта (ҳәр түрли темада) гезгенин көрмедиң бе?![11]
226. Өзлери қылмайтуғын нәрселерди айтыўын не?!
227. Тек, ийман келтирип, ийгиликли ислерди қылғанлар, Аллаҳты көп зикир еткенлер ҳәм (алдын) зулым көргенинен кейин (Ислам раўажланғанда) жеңиске ерискенлер (ондай емес). Ал, зулым қылғанлар тез арада қандай жуўмаққа кетип баратырғанын биледи.
[1] 26. ШУАРО СҮРЕСИ.
Шуаро – шайырлар.
Сүреде таўҳид, ийман, ислам, инсаный пазыйлетлерге шақырыў, әлем ҳәм аспан сырлары, пайғамбарлардың үгит-нәсиятлаў барысында шеккен азаплары, ақыретке тийисли мағлыўматлар бар.
[2] 13-аят. Муўса (а.с.) тутлығып сөйлейтуғын еди. Бирақ, бул жерде ол Фиръаўнның айбатынан яки албырағанынан жақсы сөйлей алмай қалыўын көзде тутқан болыўы мүмкин (Абс. Хз.).
[3] 14-аят. Яғный, мысырлы бир қибтий жигитти өлтиргеним ушын кектен қорқаман, демекши.
[4] 22-аят. Яғный, өзиң өткизген зулымың себепли мен сениң сарайыңа келип қалғанман. Болмаса, өз шаңарағымда тәрбия алған болар едим. Соның ушын мени баққаныңды миннет қылма, демекши (Мд.).
[5]38-аят. Фиръаўн мирәт еткен сыйқыршылардың саны бир неше мың екени алдынғы сүрелердиң тәфсиринде айтып өтилди. Олардың ең атақлылары – Собур, Азур, Ҳатҳат ҳәм Мусаффий еди. Басқалары усы төрт бас сыйқыршыға бағынышлы еди (ИК).
[6] 59-аят. Ҳасан Басрий (рҳ.) сөзи бойынша, Фиръаўн менен оның әскери суўға ғарқ болғаннан кейин Муўсаның (а.с.) қәўими Мысырға қайтып келип, қибтийлердиң мәнзил ҳәм байлықларын бурынғы зулымларының кеги сыпатында өзлестирип алған (Мд. Хз.).
[7] 66-аят. Фиръаўн ғарқ болған бул теңиз – Қызыл теңиздиң ҳәзирги Суэц каналы өткен Қулзум аўылы жанындағы тар бөлими яки Нил дәрьясы екени тәфсирлерде жазылған (Мд. Қз.).
[8] 189-аят. Шуайб қәўими итаатсызлық қыла бергеннен кейин Аллаҳ таала олардың басына ыссылық бәлесин жиберген. Олар булт астындағы саяға топланып турғанында аспаннан жалын түсип, оларды күйдирип жиберген.
[9] 199-аят. Усы төрт аят мазмунынан келип шығып, Имам Насафий (рҳ.) Қуран арабшадан басқа тилге аўдарылса да, Қуранлығынша қалады ҳәм парсы тилине аўдарылған аятларды намазда оқыў мүмкин болады, деп жазған (Мд.).
Демек, айырым уламалардың Қуранның басқа тиллерге аўдарылған китапларын таҳәратсыз услаўға болады, деп берген пәтўалары натуўры болып шығады.
[10] 219-аят. Яғный, түнде таҳажжуд намазын оқып атырған саҳабаларыңыздың ҳалынан хабар алып жүриўиңизди де Аллаҳ көрип-билип турады.
[11] 225–226-аятлар. Бул аятлардағы шайырлар дегенде сол дәўирдеги жаман нийетли, жағымпаз, жалған тоқыўшы мақтаншақ шайырлар нәзерде тутылған. Бирақ, жақсы шайырлар ҳаққында бир қатар ҳәдислер бар, оларда қосық ҳикметтен жырақ емеслиги, шайырлар қәлеми менен қылыш қыла алмайтуғын ислерди атқарыўы мүмкин екенлиги ҳәм басқа пазыйлетлери баян етилген.