Рәўиятлар

ӨРНЕК АЛАТУҒЫН ҚЫССА

Күнделик ырысқыны жүк көтериўшилик арқалы табыўшы бир жигит намазларында: «Я Раббым, маған не беретуғын болсаӊ хайырлысын бер. Бир бөлек нан болса да хайырлысынан несип ет», деп дуўа қылар екен.

Жүк көтериўши ҳәр дайым бир қыйлы дуўаны тәкирарлай бериўи әтирапNағылардыӊ итибарын тартыпты. Олардан бири сорапты:

- Эй достым, не ушын сен намаз оқып болғаннан кейин, «Я Раббым, маған не беретуғын болсаӊ хайырлысын бер. Бир бөлек нан болса да хайырлысынан несип ет», деп Аллаҳға илтижа қыласаӊ. Нанныӊда хайырсызы болама?

Жүк көтериўши жуўап берипти:

- Достым, мениӊ басыма түскен саўданы билсеӊ еди, сен де усындай дуўа қылған болар едиӊ.

Әтираптағы адамлар қызығып сорапты:

Басыӊнан өткен ўақыяны айтып бер, биз де еситейик.

Жүк көтериўши айтып берипти:

- Бир күни аўыр жүк көтерип қыялықтан жоқарыға көтерилип атыр едим. Күшим кетип, үстимдеги жүкти бир мүддетке жерге түсириўге мәжбүр болдым. Маӊнайымнан ағып атырған терди артар екенмен, иш-ишимнен аҳ шектим: «Я Аллаҳ, несийбем болған бир бөлек нанды қандай қыйыншылықлар менен бересеӊ-я! Мени терге батырмай, жейтуғын нанымды отырған жеримнен қозғалтпай, эҳсан қылып қоя қалсаӊ болмай ма?!»

Бул илтижә аўызымнан шығар-шықпас, бирден алдымда еки адам бир-бирин сабалап атырғанын көрип қалдым. Индемей қарап тура алмай, оларды ажыратыўға урындым. Сол ўақытта олардан бири сондай муш түсирди, аўзы-мурным қанға боялды. Жетип келген миршаблар мени де жәнжелкешлерге қосып, қамаққа алды.

Қамақта ўақтымда миршаблар ҳәр күни нан алып келер еди. Төбеге термилип жатар екенмен, қайғыға батқаным ушын тамағымнан булл тегин нан өтпес еди. Өз-өзиме: «Енди жүк те тасымай атырсаӊ, маңнайыӊнан тер де ақпай атыр. Мине саған тегинге келген нан. Тойғаныӊша жеп ал», дер едим. Себеби, азатлықта маӊнай териме табылған күлше тутқынлықта берилген тегин наннан ләззетли еди.

Надурыс дуўа қылғанымды түсинип жеттим. Сол күннен баслап дуўамды өзгерттим. Аллаҳтан ҳәр дайым хайырлы ырысқы бериўин сорайман.

Айдос Якупов