Рәўиятлар

Шопанның жуўабы

Бир шайтан мусылманлар аўылының қасынан ѳтип баратырып, ол жердеги алымлардың қәлбинде шубҳа оятыўды қәледи. Аўылға кирместен алдын бир шопанға дусласты. Шайтан: «Алдын усы надан шопан менен сѳйлесейин!» деди, ѳзине ѳзи. Ол шопанға ѳзин мусылман жолаўшы етип кѳрсетти. Шопан менен азырақ отырғаннан кейин сѳзди баслады:

- Ойлап кѳрдиң бе, биз мусылманларға Қуран ядлаў дым қыйын. Ол отыз пара. Бир - бирине уқсас аятлары да дым кѳп. Неге енди сол аятларды алып тасламаймыз? Оннан не пайда, сѳзлери тәкирарланған ғой? – деп айтты. Кейин:

- Уқсас аятларын алып тасласақ, паралардың саны да азаяды. Кейин оны аңсат ғана ядлап, қайтарып жүрер едик?! - деди.

Оның гәплерин шопан дыққат пенен тыңлады. Шайтан айтатуғынын айтып болғаннан кейин, шопан:

- Жақсы гәплерди айттың! - деди.

Шопанды жолдан урдым деп шайтан қуўанып кетти.

Бирақ шопан сѳзин даўам етип:

- Сениң денеңде де бирдей ағзалар бар ғой. Еки қол, еки аяқ, еки қулақ, еки кѳз, мурынның еки тесиги? Неге енди сен, денең жеңил болыўы ҳәм жеген аўқатларың бирдей ағзаларыңа емес, тек биреўине барыўы ушын оларды биреўден қалдырып, екиншисин кесип тасламайсаң? Қалайынша, тәкирарланған, бирдей ағзаларды кѳтерип жүрипсең? - деди.

Шайтан сол ўақытта-ақ орнынан турып, затларын жыйнастыра баслапты.

«Олардың әпиўайы шопанының гәпи аўзымды жаўып таслады. Уламалары қандай екенин сезип турман» - деди де, аўылға кирмей кетип қалды...