Рәўиятлар

Үш жолаўшы

Үш адам жолда кетип баратырып жаўында қалды. Жаўыннан қашып таўдағы бир үңгирге кирди. Сол ўақытта таўдан бир үлкен тас домалап түсип, олар отырған үңгирдиң аўызын тосып қалды. Үш мусәпир жүдә қыйын аўҳалда қалды. Ҳеш ким жоқ, таўдағы үңгирдиң ишинде. Биреўди жәрдемге шақырыў да мүмкин емес. Тасты домалатыў яки сүриўге қандай қурбы жетсин! Аллаҳға жалыныўдан басқа ҳеш қандай илажы жоқ.

«Олар бир-бирине: «Аллаҳ ушын қылған ийги ислеримизге бир нәзер салып, оларды ўасила қылып Аллаҳға дуўа қылайық, қәнекей, бизлерге шығатуғын бир тесик ашып берсе», деди».

Олар Аллаҳ таалаға қурыдан-қуры дуўа қылыўды өзлерине еп көрмеди. Өмиринде Аллаҳ ушын қылған ийги ислерин ўасила етип, Аллаҳтан аманлық сораўды мақул тапты.

Бириншиси өзиниң қартайған ата-анасына Аллаҳ ушын шын ықлас пенен қылған ҳүрмет-иззети ҳәм хызметин ўасила етиў шешимине келди. Оның қартайған ата-анасы менен бирге жас балалары да бар екен. Ҳәр күни күнделик жумысынан қайтып келип, қойларын саўып, ата-анасының ҳүрметин қылып, сүтти алдын оларға, соң балаларына берер екен. Олардың басқа аўқатқа имканлары жоқ. Бир күни ол жумысынан кеш қайтты. Қараса, ата-анасы уйқылап қалыпты. Әдеттегидей, сүт саўып, саўылған сутти көтерип уйқылап жатқан ата-анасының қасына келди. Оларға азар бермеў ушын оятыўды өзине еп көрмеди. Егер оянып қалса, қарынлары аш ҳалда мени излеп қалмасын деп, турған жеринен қозғалмай тура берди. Өзи күндизи менен ислеп шаршап келген болса да, уйқыламады. Балалары ашлықтан аяғының астында жылап турса да, ата-анам оянып сүтсиз қалмасын, деп сүтти балаларына да бермеди. Таң атқанша усы ҳалатта, ата-анасының басында тик турып шықты. Әне усы бенде Аллаҳ разылығы ушын ата-анасына ықлас пенен қылған хызметлерин ўасила қылып, басына түскен қыйыншылықты жоқ қылыўды шын жүректен сорады. Аллаҳ таала ол адамның илтижасын қабыл қылып, усы ийги иси ушын үңгир аўзының үштен бирин ашты. Бирақ буған адам сыймайтуғын еди.

Сонда, екинши жолаўшының нәўбети келди. Ол да өзиниң өмиринде Аллаҳтың разылығын қәлеп шын ықлас пенен қылған бир ийги исин ўасила етиўге өтти. Ол өзиниң әмекисиниң қызын жақсы көрер екен. Жақсы көргенде де жүрек-жүректен, шыдап болмайтуғын дәрежеде жақсы көрер екен. Бир күни қызды аўлақ жерде ушыратып, оннан жынысый жақынлықты талап қылды. Қыз жүз динар бермесең, разы болмайман, деп бас тарытты. Жигит пулды топлап, қызға берди. Оның ушын зина қылыўға ҳеш қандай тосық қалмаған бир ўақытта қыз оған Аллаҳты еслетип: «Ҳәй Аллаҳтың бендеси! Аллаҳтан қорқ! Мәҳримди берип, неке оқытып, мени шәръий ҳаял қылып аламғаныңша маған тийме», деди. Аллаҳтың атын еситкен жигит сол ўақытта өзине келди. Аллаҳтан қорқып, шайтанға ермеди. Ақырет азабынан қорқып, азмаз болатуғын ләззетинен кешти. Аллаҳтың разылығын қәлеп, қызға тиймеди.

Бул бенде сол үңгирдеги мүсийбетли күнде Аллаҳтың разылығын қәлеп, ықлас пенен қылған ийги исин ядқа алды. Соны ўасила қылып, Аллаҳтан жәрдем сорапты. Аллаҳ таала оның илтижасын қабыл етип, усы ийги иси себебинен үңгирдиң аўзынан және бир бөлегин ашты. Бирақ буған да адам сыймайтуғын еди. Сонда, үшинши жолаўшыға нәўбет келди. Ол да өзиниң еки жолдаслары киби, шын ықлас пенен, Аллаҳтың разылығын қәлеп қылған ийги ислеринен бирин ўасила етти.

Ол бир фарақ (Мадина өлшем бирлиги) аўырлықтағы гүриш ҳақы төлеўге бир хызметкер жаллаған еди. Хызметши келисилген исти таўысқаннан кейин, ҳаққын талап қылды. Жумыс буйырған адам келисилген гүришти берсе, жумысшы ашыўы келип алмай кетип қалды. Гүриш салы ҳалында екен. Ол хызметшиниң ҳаққына қыянет болмасын, деп оны мәўсим келгенде екти. Салысы пискеннен кейин оны жыйнастырып алып, сатты. Түскен дәраматқа сыйыр алды. Ўақыт өтиўи менен ис ҳақы қылып берилиўи лазым болған сол салы көбейип, бир пада сыйырларға айланды. Оларды бағыўшы малбағарларды да жаллады. Жыллар өтип, хызметкер қайтып келип, және баяғы ҳаққын талап етти. Сонда ис берген адам оған: «Анаў сыйырлар малбағарлары менен сеники, алабер», деди.

Хызметкер бул гәпке исенбеди. Бул адам мени масқара қылып атыр, деп ойлап оған: «Аллаҳтан қорқ! Мени масқара қылма!» деди.

Ол болса туўрылық пенен:

«Сени масқаралап атырғаным жоқ, алабер», деди.

Хызметкер сыйырлар ҳәм шопанларды алды.

Сол бенде үңгирге қамалып қалғанында Аллаҳтың разылығын қәлеп, ықлас пенен қылған сол ийги исин еслепти. Оны ўасила қылып, Аллаҳтан жәрдем сорады.

Аллаҳ таала оның илтижасын қабыл етип, ийги иси себепли үңгирдиң аўызының қалғанын да ашып жиберди. Олар үңгирден шығып кетипти.

Аллаҳ тааланың разылығын қәлеп, биреўдиң ҳаққын жемеў, зая қылмаў, ал абайлап сақлаў, көбейттириў қәншелли жақсы ис! Бундай ис тек ақырет саадатына ғана емес, ал бул дүнья саадатына да еристирер екен. Бендениң басына түскен мүсийбетти жоқ етиўге себеп болады екен.