Сайыттың анасы ҳәр екшемби күни сомса таярлап писиретуғын еди. Анасы ҳәр сомса ислегенде кемпир апасы: "Балам, қоңсыға азар бермегил" дейди, анасы болса: "Яқшы, анажан", деп бир тарелка сомсаны қоңсының үйине апарып беретуғын еди. Бир күни Сайыт кемпир апасынан: "Апа, неге аннам ҳар сапары сомса писиргенде "Қоңсыларға азар бермең", дейсиз?", деп сорады. Кемпир апасы: "Анаңның писирген сомсасының ийиси олардың үйине киреди, мурынлары булл ийисти сезеди, олар да сомса жегиси келип, азарланады. Егер сомсадан берсең, жеп кеўиллери тынышланады", деди. Сонда Сайыт кеше мектепте классласы Аҳрардың үлкен алманы ғыршылдатып жегенин, басқа балалар болса оның алмасына ҳәўес пенен қарағанын еслеп, сорады: "Кеше Аҳрар мектепте ҳәммениң алдында алма жеди, демек, ол ҳәммеге азар берипти, солай ма?!" "Әлбетте", жуўап берди апасы. "Бирақ ол алмасын ҳәммеге бөлип берсе, өзине ҳеш нәрсе қалмас еди", деди Сайыт. "Олай болса, панарақ жерге барып жеўи керек ", деди апасы.
Билиңлер, әтираптағыларға тек қол яки тил менен азар бериўден тысқары басқа көплеген ис-ҳәрекетлерлер де бар, олар арқалы тосаттан азар жеткерип қойыў мүмкин. Олардан бири ийисдур. Жәмәәтлик орынларға баратуғын болмаңыз, жуўынып, таза кийимлер кийип барыўыңыз лазым.