Рәўиятлар

ДАЎЫТТЫӉ ҚАНДАЙ ЖАМАН ӘДЕТИ БАР?

Рәўият қылыныўынша, Даўыт (алайҳиссалам) кешелери қала айланып жүрер екен. Бир күни қалада бир жигит пенен ушырасып қалды. Ол жигиттен: «Даўыт қандай инсан?» деп сорады. Ол жигит Даўытты (алайҳиссалам) танымастан: «Ҳәзирети Даўыт жақсы инсан, бирақ бир жаман әдети бар», дейди. Даўыт (алайҳиссалам) оныӊ бул гәпине қызығып: «Даўыттыӊ қандай жаман әдети бар?» деп сорады. Сонда жигит: «Ҳәзирети Даўыттыӊ жаман әдети, ол өзи бир кәсип қылып, өз ырыcқысы жолын ашыў орнына басқалардыӊ тапқан несийбесине шерик болады. Бенделер ишинде еӊ сүйиклиси өз мийнети менен күн кеширетуғыны емес пе?!» дейди. Жигиттиӊ гәпинен қатты тәсирленген Даўыт (алайҳиссалам) үйине қайтады. Жигиттиӊ ҳақ гәпи оны жылатты ҳәм Аллаҳ таалаға мынандай дуўа қылды: «Я Раббым, өз ырыcқымды таўып жеў ушын маған өнер бер! Бул өнер менен мийнет қылып, өз ырызқымныӊ жолын ашайын. Басқалардыӊ ырыcқысына шерик болмайын».

Мине усы дуўадан кейин Аллаҳ таала Даўытқа (алайҳиссалам) темиршилик кәсибин берген екен.

Айдос Якупов