Рәўиятлар

Дүньяның изинен қуўыў

«Бир гөззалды ушыраттым, оған үйленбекшимен. Ол сол дәрежеде сулыў, көзлерине ашық болдым», деди бир бала әкесине. Әкеси: «Әлбетте, саған оны алып беремен. Мақул келсе оған үйленесең», деди әкеси.

Баласы айтқан гөззалды әке көргеннен кейин, әкениң пикири өзгерип, баласы бул қызға мүнәсип емес екенин, оған өзи үйленбекши екенин айтыпты. «Оған маған уқсаған көпти көрген, қәдирине жете алатуғын инсан ғана мүнәсип», деди әкеси.

Әкесиниң бул гәпине ҳайран қалған баласы әкеси менен таласып кетти. Ақыры келисе алмай ортаға бир адамды қойып, мәселени шешсин, деген шешимге келди. Олардың бул тартысын тыңлаған ортадағы адам, қыздың тәрийпин еситип: «Оны бул жерге әкелмесеңиз, мәселе шешилмейди», деди.

Қызды ол жерге шақыртырғанда, ортадағы адам да оған ашық болып, әке менен баланы бир айып пенен нөкерлерге тапсыртып жиберди.

Ўақыядан хабар тапқан шаҳзада әкени, баланы, ортадағы адамды ҳәм сол қызды алдына шақыртты. Шаҳзада да қызды көрип, оған ашық болып қалды ҳәм: «Бундай гөззалға менен басқасы мүнәсип емес», деп айтты.

Сол ўақытта гөззал қыз «ҳа-ҳа»лап күлип жиберди ҳәм: «Меннен бир аўыз сорамай, неге мени таласып атырсызлар, мениң бир шәртим бар, ким соны қыла алса соған тийиўге разыман», деди. Еситип турғанлар: «Қандай шәрт екен?», деп сорады. Қыз: «Мен жуғыраман, ким маған жете алса, соныкимен», деди ҳәм жуғырып кетти. Артынан әке, бала, ортадағы адам, шаҳзада ҳәм олардан басқа да көп адамлар жуғырды. Жуғырып баратырып, жолдағы бир жарға ҳәммеси түсип кетти.

Гөззал қыз қайтып келип, жардың үстинен оларға: «Мен дүнья едим, мени деп әке баласын, бала әкесин аямайды, адамлар наҳақтан гүўалық та берип жибереди, байлар, мәнсабдарлар өз күши менен ийелеп алмақшы болады, тек ақыллылар ғана ондай етпейди. Ҳәзир сизлер түскен мына шуқырлық ҳәмме адамның түсетуғын орны болған жер – қәбир. Сизлер өмирдеги әҳмийетли нәрселерди ислеместен мениң изимнен қуўдыңыз, бирақ дүнья ҳеш кимди жеткермейди, дүньяға өш адам дүньяның қулына айланады», деди да басқа адамлардың алдына қарай кетти…