Рәўиятлар

Бес түрли адамнан дослық шықпайды

Бир данышпан айтты:

Бес түрли адам менен дос болмаң, олар менен ҳеш ўақытта сәўбет қурмаң:

Бириншиси – пасықлық етиўшилер. Олар сени халық арасында шерменде етеди. Бир бөлек нан ушын сени сатыўдан қайтпайды. Олардың әдетлеринен: Сеннен ҳәмийше бир нәрсе дәме етеди, егер бермесең, халық ишинде сен ҳаққыңда жаман гәплерди тарқатады, абройыңды түсиреди. Ал адамлар гәптиң анығын билместен, сениң менен басқаша мәмиледе болады…

Екиншиси – қызғаншақ ҳәм сықмар кисилер. Егер сен бир нәрсеге мүтәж болып қалсаң, олар ҳеш қашан саған бермейди. Сениң мал-дүньяңды уялмай жейди. Таўсылса, душпаныңа айланады. Мен буны өз басымнан өткергенмен. Пулым көп болған ўақытта досларым көп еди. Кәмбағал болып қалғанымда душпанға айланды, дөҳмет тасларын атты, адам орнында көрмеди.

Үшыншиси – жалғаншы. Кимде бул әдет бар екенин сезсең оннан узақ жүр. Олар сени өз жақынларыңнан айырады.

Төртинши – илимсиз, надан ҳәм ахмақ кисилер. Олар менен болған сәўбет адамға әсте-әсте тәсир ете баслайды, туўры жолдан аздырады, адамның нийетин бузады.

Бесинши – аңқаў ҳәм мийримсиз кисилер. Бундай кисилерди нәлетленген деп атаў ылайық болады!

Зулфиқар Сапашов
Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы