Рәўиятлар

Жәннетке апарыўшы жол

Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Бир күни бизлер Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен бирге отыр едик. Нәбий алайҳиссалам: «Ҳәзир мына жерге жәннетий болған бир адам шығады, оның сақалларынан таҳәрат суўы тамшылап турады, еки етегин шеп қолы менен услап алған болады», деди. Сол ўақытта Нәбий алайҳиссалам айтқан көринисте бир адам кирип келди.

Ертеңине Нәбий алайҳиссалам кешеги гәпти және айтты ҳәм азмас ўақыттан кейин кешеги адам қайттан кирип келди. Үшинши күни және айтты, ол адам таҳәрат суўы менен және келди.

Абдуллаҳ ибн Әмр ибн Ас разыяллаҳу анҳу сол адамның изинен барып, оның үйинде үш күн турыўға рухсат сорады. Ол разы болды.

Абдуллаҳ ибн Әмр разыяллаҳу анҳу ол адамның үйинде үш күн болды, бирақ ол адамның артықша ҳеш бир әмел қылмағанын, басқалар киби жүргенин ғана көрди. Ақырында Абдуллаҳ ибн Әмр разыяллаҳу анҳу ол адамға Нәбий алайҳиссаламның айтқан гәпин, кейин ол кирип келгенин айтып: «Сизди қайсы әмелиңиз жәннетийлик дәрежесине алып шықты?», деди. Ол: «Көргениңдей, мениң артықша әмелим жоқ», деди. Абдуллаҳ ибн Әмр разыяллаҳу анҳу үйине қайтыў ушын турып баратырғанда, ол: «Өзиң көргениңдей артықша ҳеш бир әмелим жоқ мениң, бирақ мусылманлардың ҳеш бирине жаманлықты рәўа көрмеймен, Аллаҳ таала биреўге бир нәрсе берген болса, мен ҳеш ўақытта көре алмаўшылық етпегенмен», деди. Усы нәрсе Расулуллаҳ айтқан дәрежеге жеткерген екен.