Бул ўақыя буннан 11 жы алдын, сырт ел мәмлекетлеринен бирине қылынған сапар ўақтында болды. Дүньяның 18 мәмлекетинен тил үйрениў курсы әмелиятын ѳтеў ушын келген 120 талаба ишинде эстониялы еки қыз да бар еди. Олардың китапқумарлығы, әсиресе, кеўил ашар бағдарламалар ўақтында ѳзлерин шетке алып турыўы, ҳәр бир нәрсеге ѳзгеше нәзер менен қараўы ѳзиме тартты. Бир күни кеште кешки гештеклерге бармайтуғын үш-тѳрт талаба бир стол дѳгерегинде отырып қалдық ҳәм жақыннан таныстық. Биреўиниң аты Алиса, екиншисиниң аты Кадри екен. Шығыс таныўшылық факултетинде оқыйтуғын екен. Сәўбетимиз шығыс алымлары шығармаларына тақалғанда Алиса сорап қалды:
— Неге “Ләйли ҳәм Мажнун”, “Фарҳад ҳәм Шийрин” киби шығармаларда ашықлар бир-бирине жетпейди? Ҳәммеси бирдей… Ѳмирде мудамы бундай бола бермейди ғой…
Мен оларға бул шығармалар астарлы мәниде, ҳақыйқый ашықлар емес екенин, тасаўўуф ҳаққында билгенлеримди айттым. Бунда жалғыз Аллаҳға сыйыныў бар екенин түсиндирдим. Қызығы, олар еле Ислам ҳаққында билмейди екен. Гәп айланып динлерге барып тақалды. Сонда олардан сорадым:
— Сизлердиң диниңиз қандай?
Олар «қәйдем», дегендей желкелерин қысты.
— Ибадат қыласыз ба?
— Аўа, топыраққа сыйынамыз, — деди.
— Неге? — дедим.
— Ѳйткени топырақ бизлерге ырысқы береди. Оннан түрли неъматларды аламыз.
— Бирақ топырақтың бетине аяғыңызды да басасыз ғой? Шығындыларды да оған тѳгесиз…
Қасымызда отырған қырымлы талаба мениң сѳзиме күлимсиреп қойды.
Эстониялы еки қыз ашыўланып кетти ҳәм олардан биреўи мениң менен бул мәселеде тартысты. Бирақ мен оған ҳәммесин жатығы менен түсиндирдим, қәлегенше “хорланатуғын”, қол менен услаў, аяқ пенен тебиў, қопалырақ етип айтқанда үстине ҳәжет шығарыў мүмкин болған нәрсе ҳеш қашан Қудай бола алмаўын түсиндирдим.
Олар индемей орынларынан турып кетип қалды.
Арадан үш күн ѳтип, Алиса қасыма келди. Кѳзлери киртейген, ойшаң бир ҳалда, сәлем де бермей, маған былай деди:
— Егер жер қудай болмаса онда ким қудай?
— Аллаҳ!
— Ол қаяқта?
— Ҳәмме жерде.
— Неге енди Қуяш, Ай яки кѳринип турған басқа нәрсе емес, бизлерге кѳринбейтуғын нәрсени айтып атырсаң?
— Оны кѳриў, услаў мүмкин болғанда қудай бола алмаған болар еди…
— Кѳрмей турып қалай исенемиз…
Оның ҳеш нәрсени түсинбей турғанын сездим. Сәл арманлаўда досты да мѳлтиреп турған екен. Екеўине сол жердеги орындыққа отырып алыўын айттым.
— Хош, сизлердиң денеңиз кѳринеди, руўхыңыз не? Теректи қыймылдатып турған самалдың ѳзин кѳрип турсыз ба? Кислородты-не?… Кѳрмей турып та бар екенине бәршемиз исенетуғын кѳп нәрселер бар…
Екеўи де шуқыр ойға талды. Және екеўи де орынларынан турып, ѳзиниң тилинде бир нәрселерди сѳйлесип кетип қалды.
Сапарымыз жуўмақланыў алдында олар және жолымды тосты. Биринши болып Алиса гәп баслады:
— Мусылман болажақпан! Ал достым және бир мәрте ойлап кѳреди. Хош, мусылманшылықтың шәртлери қандай? Қыйын емес пе? Оны қайсы китаптан үйренсем болады?…
Ықтыярсыз ҳалда кѳзлеримнен жас шығып кетти.
— Субҳоналлаҳ! — дедим.
— Субҳаналлаҳ не дегени? — түсине алмай сорады Алиса.
Ѳзимди қолға алып, Жаратқанға шүкир айтып, олардың сораўына жуўап бердим. Ал ол қалған ўақытта тек китап дүканларына кирип, түрли тиллердеги Қураны кәриймди жыйнаўын айтты….
Самалётқа шығыў алдында ол екеўи келип ѳзлериниң саўғаларын берди. Мен де оларға шығыс алымларының китапларын саўға еттим…
Арадан бир неше жыллар ѳтип, Алисадан хат алдым. Ол бир мусылман жигитке турмысқа шығыпты. Перзентлерине де Аллаҳты танытып атыр екен…
Ziyouz.uz сайтынан алынды