Сегизинши класта оқыйтуғын едим. Сол жылы мектебимиз капитал оңлаўдан шығып, заманагѳй кѳриниске келди. Бизлер жазы менен үш ай даўамында кѳше шаңғытып жүргенимизде, мектепте усталар тынбай мийнет етти.
Жаздың соңғы айы аўылда жаман хабар тарқалды: «Мектеп қурылысында ислеп атырған жумысшылардан биреўи зәңгиден жығылып кетип, ѳлип қалыпты, негизинде оны қасындағы жорасы ийтерип жиберген».
Оқыў жылы басланып, мектеп оқыўшылар менен толғанда бул ўақыяның қалған «гәп»лери де ашыла баслады. Ѳлгенниң жүзи танып болмас аўҳалға түсипти, ҳәтте оның басы да үзилип түсипти.
Айырымлар: «Қурылыста тәўирақ «строй материал»лар жойтылып турады екен. Жығылған ҳәм оны жығылтқан жумысшы олардың басында турады екен. Ақырында олар бир-бири менен келисе алмай, бири екиншисинен қутылыпты» десе, басқалар: «Негизинде олар кѳп ўақытлардан берли қыдырыўда болған жынаятшылар екен», деди. Бул гәпке болған ҳәдийсениң ертеңине сол дѳгеректе милиция «наряди», ийтлер менен келгенин ѳзлеринше «ҳүжжет» қылды.
Сол оқыў жылының басында оқыўшылар тәрепинен ең кѳп додаланған ҳәдийсе усы болды. Аўыл адамлары арасында тарқалып, ѳзине тән фильм ўақыяларына уқсап үлгерген ҳәдийсе енди жас балалардың тиллеринде де жаңа бир гәплер менен байып барды. Бир ҳәпте ѳтпей бул ўақыя тарийх класы ханасындағы айналарды орнатып атырғанда болған деген гәплер де пайда болды. Енди кѳп оқыўшылар бул ханаға киргенде қорқып отыратуғын болды.
Бул гәплерди муғәллимлер де билетуғын еди. Тарийх сабақларынан биринде устазымыз клас журналын ашып избе-из фамиляларды оқый баслады. Бул әдеттеги даўаматтан парықлы еди. Журналдың ҳәр жер ҳәр жеринен оқыўшылардың атларын санай баслады. Кейин:
— Ҳәзир, кимниң атын айтқан болсам, олар орнынан турсын — деди муғәллим журналды жабар екен.
Айтылғанлар орнынан турды. 10-12 бала. Әҳмийет берсем, орнынан турғанлардың кластағы жайласыўы бир парта аралықта болып, олардан устазға ең жақыны Гүләйим еди.
— Ҳәзир сизлер менен бир тәжирийбе ѳткеремен — деди муғәллим ҳәм ақ қағазға бир нәрселерди жазды,
— Гүләйим, жақынырақ кел.
Гүләйим келгенде муғәллим оған қағазды берди. Буны ишиңнен оқы ҳәм орнына қой, деди.
Минези жүдә ашық болған Гүләйим, анық не болып атырғанын билмесе де, оған бул қызық ойындай болып кѳринди, жүзинде күлги сезилип турар еди. Муғәллим оған былай деди:
— Оқып болған болсаң, енди барып артыңда турған Айбектиң қулағына, тек ѳзи ғана еситетуғын етип пәс даўыста айтып бер.
Бул сѳзлерден кейин клас бойлап жеңил күлги турды. Ҳәмме не болыўына қызығып турған еди. Муғәллим және былай деди:
Мине Айбек те қағаздағы гәплерди Гүләйимнен билип алды. Енди Айбек, сен, артыңда турған балаға, ол да артындағы балаға тек ѳзлери еситетуғын етип айтсын, усылайынша класта тик турғанлар ҳәммеден бул гәплер избе-из айланып шықсын.
Ҳәмме бул гәплерге қызықсынып қарап турды?
Үш тѳрт минутта ҳәмме сол қағаздағы гәплерди бир-бирине жеткерди. Ақырында Рустемге келип тоқтады. Рустем кластағы ең бийзары оқыўшы. Ол алдын азмас тыржыйып турды да кейин:
— Айгүл менен Арыслан бүгин сабаққа келмеди. Кеше де келмеген еди. Олар ушырасып жүреди екен. Ертең екеўи буған жуўап береди екен. – деди.
Клас күлгиге толды. Биреў «Яғаў», десе, биреўлер: «Билип едим», деп қойды. Муғәллим азмас индемей турды, кейин: «Тынышланың!» — деди де, тосаттан маған қарап: «Тахтаға шық», — деди.
Мен тахтаға шықтым. Муғәллим ең баста Гүләйимге берген қағазды маған услатып:
— Даўысыңды кѳтерип оқы. Еки мәрте оқы, деди.
Мен оқыдым:
— Бүгин сабақта жоқлар – Абдуллаева Айгүл ҳәм Хожаев Алым, дедим де муғәллимге қарадым, ол маған және оқы, деди.
Бүгин сабақта жоқлар – Абдуллаева Айгүл ҳәм Хожаев Алым.
Қағазда буннан басқа гәп жоқ еди.
—Енди барып орныңа отыр – деди ҳәм әдетте әҳмийетли гәпти айтатуғын ўақыттағыдай етип гәпти баслады:
– Қурылыста бахытсыз ўақыя болғаны рас. Бирақ сол уста тѳртинши емес, екинши қабаттан жығылған ҳәм оған ҳеш нәрсе қылмаған. Ҳәзир оның ден-саўлығы жақсы, сизлер ушын қурылып атырған футбол майданшасында жумыс ислеп атыр.
Муғәллим бул гәплерди кѳшеге қарап турып айтты. Соң бизлерге жүзленип:
— Сизлер еле жассыз, кѳп нәрсени шынтлы қабыл етпеўиңиз тәбийий. Бәлким соннан шығар, еки аўыз даўамат сѳзин, ѳзлериңиздиң класласларыңыздың үстинен жалаға айландырдыңыз. Бирақ, аз ғана ўақыт қалды. Үлкейесизлер, жәмийетте ѳз орныңызды табасыз. Әне сонда ҳәр бир еситкен гәпиңизди кѳтерип жүрмең! Қайтараман, ҳасла еситкен гәпиңизди кѳтерип жүрмең, билип-билмей оны биреўге жеткермең!
Мен бул гәплерди сол ўақытта еситкениме қарағанда, ҳәзир еслесем кѳбирек тәсирленемен. Ким билсин, муғәллимим де, әйне ақыл кѳзлеримиз ашылатуғын ўақытларда түсинип жетиўимизди мѳлшерлеген шығар. Ойлап қарасам, заманымызды хабарларға толы әсир деп айтамыз, бирақ сол хабарлардың туўры ямаса натуўры екенине ҳеш итибар бермеймиз. Қайсы ғалаба хабар қуралларынан еситкен нәрсемиз қулаққа жақса, ѳзимизге соны дерек, дәлил ҳәм ҳүжжет етип аламыз. Хабар яки ҳәдийселерди ѳзимизде бар болған ең исенимли мийзанларда ѳлшеўди ойымызға да келтирмеймиз.
Жақында тамам болып, мени әрман ҳәм үмитлер менен қалдырған Рамазан айында, пайтахтымыз мешитлеринен биринде имам Ҳужурот сүресиндеги аятларды оқып ойланыўға шақырған еди:
— Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер бир фасық хабар жеткерсе, анықлап кѳриң, бир адамлар билместен мүсийбет жеткерип қойып, қылғанларыңызға ѳкиниўши болып қалмаң.
Мен бул аятларды еситер екенмен әззи ақылым менен және бир мәрте тарийх пәни муғәллимимди еследим…