Рәўиятлар

Ҳақыйқый мийрас бул – илим

Уламалардан Муқотил ибн Сулайман раҳимаҳуллаҳ Әбиў Жаъфар Мансур патша болған ўақытлары оның алдына барды. Сонда патша уламаға қарап: «Маған нәсият айтың!», деди. Муқотил: «Саған көргенимди айтайын ба ямаса еситкенимди айтайын ба?», деди. Әбиў Жаъфар: «Көрген нәрсеңиз ҳаққында айтың», деди.

Сонда Муқотил мыналарды айтып берди: «Ҳәй әмийрул мөминийн! Умар ибн Абдулазизди таныйсыз, ол да сизиң орныңызда бир ўақытлары патша болған еди, ол қайтыс болғанда, артында он бир перзенти қалды. Қайтыс болғанда балаларына тек он сегиз динарды ғана мийрас етип қалдырды. Оның да бес динары кепин ҳәм кепиншиге кетти, төрт динары қәбир ушын жер ҳәм жерлеўге кетти, қалған тоғыз динары он бир перзентине қалды.

Сиз және Ҳишам ибн Абдулмәликти де таныйсыз. Ол да бир ўақытлары усы сизиң турған жериңизде отырып патша болған еди. Ол да қайтыс болғанда артында он бир перзенти қалды. Ол ҳәр бир перзентине миллион динардан мийрас қалдырды.

Ҳәй әмийрул мөминийн арадан көп ўақыт өтпей-ақ, Умар ибн Абдулазиздиң перзентлеринен бири Ўатанды қорғаў ушын жүз ат әкелип бергенин ҳәм Ҳишам ибн Абдулмәликтиң перзентлеринен бири базарларда тиленип жүргенин көрдим.

Өлим төсегинде жатқанда Умар ибн Абдулазизден адамлар: «Перзентлериңизге нени мийрас етип қалдырып атырсыз?», деп сораған еди. Сонда Умар ибн Абдулазиз: «Оларға Аллаҳтан қорқыўды қалдырып атырман. Егер олар жақсы адам болып жетилиссе, Аллаҳтың Өзи оларды қоллайды. Егер олар жаман адам болып жетилиссе, жаман адамның гүна ислерине жәрдем болатуғын қаржыны ҳеш ўақытта да қалдырмайман», деп жуўап берди.

Жақсылап ойлап көриң. Көпшилик адамлар перзентлериниң келешегин тәминлеў ушын ҳәрекет етеди, бул жолда машақат ҳәм азарлар шегеди. Бул машақатларды олар өлгенинен кейин перзентлериниң қолында мал-дүнья болыўы, олар ушын жақсылық деп ойлағаны ушын қылады. Бул жолда олар басқалардың ҳақысын жеўден де таймай қалады. Бул жүдә қәўипли жол. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «(Адамлар) әззи зүрядларын қалдырыўдан қалай қорықса, (онда жетимлер ҳаққында да) сондай қорықсын», деп айтқан.