Рәўиятлар

Аллаҳтың есигинде сабыр етиў...

Фузайл ибн Ияз раҳматуллаҳи алайҳ айтады:

- “Мен сабырды жас баладан үйрендим. Бир күни мешитке кетип баратырсам, бир үйде баласын урып атырған ананы кѳрип қалдым. Баласы есикти ашып қашып шығып кетти. Баласы шығып кеткеннен кейин анасы есикти қулплап таслады. Мешиттен қайтып киятырып қарасам. Баласы қайтып келип есиктиң босағасында уйқылап қалыпты. Ананың кеўли жумсап оған есикти ашып, ишке киргизди”.

Фузайл раҳматуллаҳи алайҳ бул гәплерди айтып атырып кѳз жаслары сақалларына шекем түсти. Кейин:

- “Субҳаналлаҳ, бенде егер Аллаҳ азза ўә жаллның есигинде сабыр етсе, үмитсиз болмай дуўа етип сораса, әлбетте Аллаҳ оған есигин ашады” - деди.

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу былай деген:

- “Дуўа етиўде тырысқақ болың! Ким есикти кѳп қаға берсе, әлбетте, тез арада оған еиск ашылады”.