Рәўиятлар

САХАЎАТТЫҢ ПАЙДАСЫ

Рәўят қылыўынша, Ҳасан, Ҳусайн ҳәм Абдуллаҳ ибн Жаъфар ҳаж қылыў ушын кетип баратырғанында сапарда жеўи ушын алған азық-аўқатларын жоғалтып қояды.

Ашлық ҳәм суўсызлықтан қыйналып жүрген ўақтында, жол шетиндеги бир ылашықта жалғыз отырған кемпирге жолығады ҳәм оннан шөлин қандыратуғын бир нәрсе сорады. Ол:

-Бар, -деди.

Лекин олар ылашықтың қасына байлап қойылған бир қойдан басқа нәрсе көрмеди.

-Соны саўып, сүтин ишиңлер, -деди кемпир.

Олар сүт ишип, бир аз өзлерине келгеннен соң:

- Жейтуғын не нәрсеңиз бар? –деп сорады.

Кемпир:

- Усы қойдан басқа ҳеш нәрсем жоқ. Биреўиңиз соны сойып берсеңиз, мен сизлерге аўқат писирип берер едим,-деди.

Олардан бири турып қойды сойып, тазалады, ал кемпир аўқат писирип берди. Аўқатланып бир аз дем алғаннан кейин мийманлар кемпирге булай деди:

-Биз қурайш қәўиминен боламыз. Ҳаж сапарына кетип баратырмыз. Саламат қайтсақ, биз тәреплерге өтиўиңизди күтип қаламыз ҳәм биз де сизиң хызметиңизде болыўды әрман етемиз.

Олар кеткенлеринен соң көп өтпей, кемпирдиң ғаррысы келди. Кемпир оған болған ўақыяны айтып берди. Ғарры оны аўмаға шығарып, оған:

-Өлим болсын саған! Танымаған, билмеген адамларға жалғыз бир ғана қойды сойып берип, және «қурайшлылар екен» дейсең,-деди.

Бир қанша мүддет өткеннен кейин ғарры кемпир тиришилик жолында Мадинаға қатнай баслады. Олар сол жерге отын терип алып барып сатып, соның пулы менен күн кеширетуғын еди. Бир күни кемпир Мадина көшелериниң биринде кетип баратырған еди, бирден кемпирди бир үйдиң дәрўазасының алдында отырған Ҳасан ибн Алий көрип, танып қалды. Кемпир өзин танымай өтип кеткенин көрген Ҳасан оның артынан хызметкерин жиберди. Кемпир келгеннен соң, оған:

-Ҳәй, Алланың бендеси мени таныдыңыз ба? – деди.

-Яқ,-деп жуўап берди кемпир.

-Ҳасан айтты:

-Мен пәлен-пәлен күнде мийманыңыз болып едим.

-Сиз солма? –ҳайран болды кемпир.

Ҳасан «аўа» дегендей басын шайқап, оның ҳал-аўҳалын сорады ҳәм хызметкерлерине базардан мың қой сатып алып, бул қойларға және мың динар пул қосып, иниси Ҳусайнның алдына жиберди. Ҳусайн да оған мың қой менен мың динар ҳадя қылды. Соң оны хызметкерине қосып, Абдуллаҳ ибн Жаъфар қасына жиберди. Абдуллаҳ кемпирден Ҳасан ҳәм Ҳусайн қандай ҳадя бергенлерин сораған еди, кемпир:

-Еки мың қой ҳәм еки мың динар, -деп жуўап берди.

Абдуллаҳ бир өзи оған еки мың қой ҳәм еки мың динар бериўин буйырып:

-Егер меннен баслағаныңызда, оларды қыйнап қойған болар едим, -деди.

Солай етип, кемпир ғаррысының қасына төрт мың қой ҳәм төрт мың динар пул менен қайтты.