Жора-жолдаслар бирге сөйлесип отыр еди.
Олардың арасында биреўи:
- Ҳәзир Әзрейил келип: "Үш күннен кейин жаныңды аламан, таярлығыңды көребер", десе, не қылар едиңиз? - деп ортаға сораў таслады.
Ҳәмме өз пикирин айта баслады:
- Мен усы ўақытқа шекем қылған гүналарыма тәўбе еткен болар едим.
- Күни-түни намаз оқыған болар едим.
- Ата-анамның разылығын алған болар едим.
- Қарызларымның ҳәммесинен қутылар едим.
- Мал-дүньямнан бийшараларға садақа қылар едим.
- Урысып қалған ағайин-туўысқанларым менен қайтадан жарасып, разылығын алған болар едим.
- Жаман әдетлеримниң ҳәммесин қояр едим.
Ортаға пикир таслаған адам және:
- Неге усы ислерди ҳәзир қылмаймыз? Ямаса арамызда үш күн жасай алыўына исними кәмил адам бар ма? Әжел қәлеген ўақытта есик қағады.
"Шығыс ҳикәят ҳәм рәўиятлары", китабынан.
@paziyletuz