Бир күни базарда садақа сорап атырған жасы үлкен адамды көрди ҳәм оған: «Ҳәй ғарры, не қылып атырсаң?» деп сорады. Ғарры: «Мен қартайған адамман, жизя (салық түри) ҳәм напақа сорап атырман», деди. Ол Мадина халқынан болған яҳудий еди. Умар разияллаҳу анҳу уллы инсаный қәсийет ийеси еди. Оған: «Ҳәй ғарры, биз саған инсап қылмаппыз. Жаслығыңда сеннен жизя алып, қартайғаныңда таслап қойыппыз», деди ҳәм оныӊ қолынан услап өзиниң үйине алып барды. Оған зәрүр муғдарда азық-аўқат бериўин белгиледи ҳәм мәмлекет ғәзийнешисине: «Бул ҳәм буған уқсаслардың өзи ҳәм шаңарағына жетерли муғдарда пул ажырат», деп айтты.
@paziyletuz