Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың айтып бергенлери:
Бухарадағы «Мир-Араб» медресесинде илим алып жүрген ўақытларымыз еди. Ҳәдистен ал Хатийб ат-Табризийдиң «Мишкат ул-масобийҳ» китабын оқыр едик. Талабалардың жүдә көпшилигинде китап жоқлығынан олар китап ийесин қоршап отырар еди. Сонда ҳәдислердиң биринен «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким түйе гөшин жесе, таҳарат қылсын», деген, мәнис шықты. Ол ҳәдис сөзбе-сөз аўдарма қылынып, өтип кетилди. Сонда ишимизде жасы үлкенирек бир талаба устазға:
«Дамла, буны қалай түсиниў керек?» деди.
«Нени?» деп сорады дамла.
«Ҳәзирги оқыған ҳәдисимизди-дә! Ҳаў, түйениң гөшин жеген адам таҳәрат қылыўы керек, деп атырыпты-ғой?»
«Аўа, не болыпты?»
«Биз түйениң гөшин жесек, таҳәрат қылмаймыз ғой?»
«Себеби фиқҳ китапларында таҳәратты бузыўшы нәрселер қатарында түйениң гөши зикир қылынбаған».
«Ҳәдисте таҳәрат қылсын, делинсе, фиқҳта шәрт емес, делинсе, қайсы бирин қылыў керек?»
«Сиз, фиқҳта айтылғанын қыла бериң».
«Ҳәдис не болады?»
«Ҳәдисти билип қойдыңыз, жетеди!»
«Жүдә қызық ғой!» деди бирадарымыз жуўаптан қанықпай.
«Сиз гәпти көбейтпей, биреў бир нәрсе дегенинен кейин, яқшы, дең».
Сабақтан соң талабалар тартысты даўам еттирди. Базылары «Бул ҳәдис мәзҳабымыз уламаларына жетпеген болса керек», деди.
Басқалары «Бул ҳәдис мансух болса керек», деди. Үшиншилери «биз билмейтуғын себеби болыўы мүмкин», деди.
Және базылары «Дамла да билмейди ме екен, анық жуўап бермеди», деди. Басқалары «Билетуғын шығар, биз қабыл қылыўға таяр емес шығармыз. Соның ушын айтпаған болсалар керек», деди. Қуллас, сораў жуўапсыз қалды.
Арадан жыллар өтти. Аллаҳ таала маған да жоқары исламый илим дәргайларында илим алыўды несип етти. Сол жердеги ҳүрметли устазларымыздан биреўи, ҳәдислерден пайдалыныўда көп илимлерден хабардар болыў зәрүрлиги, базы бир ҳәдислердиң айтылыў себеплери ҳәм тарийхы бар екенлиги, егер солар итибарға алынбаса, улыўма басқаша мәни ҳәм түсиник шығып қалыўын түсиндирди. Буған мысал келтириўге өтти:
«Ишиңизде, түйениң гөшин жесе, таҳәрат қылсын, деген ҳәдисти оқыған яки еситкенлер бар ма?» деп сорады устаз. Талабалар:
«Бар», деди.
«Хош нени түсиндиңиз, бул ҳәдистен?» деп сорады устаз.
«Түйениң гөшин жеген адам таҳәратын тазалаўы зәрүрлигин»
«Демек, сизлерден ким түйе гөшин жесе, таҳәратын тазадан қылады. Усылай ма? Бирақ, бизиң уламаларымыз бундай қылмайды».
«Биз де бундай қылмаймыз».
«Не ушын?»
«Себеби мәзҳабымыздың уламалары буны айтпаған».
«Мәзҳабыңыз уламалары не ушын буны айтпағанын билесиз бе?»
«Билмеймиз. Енди сизден билиўди үмит қыламыз», дедик.
«Болмаса еситиң. Бул ҳәдисти көрип, түйе гөши жеген адам таҳәратын тазалаўы лазым, деген болса, оларды ҳәдистиң сыртқы көринисн услап алғанлар болады. Яғный, булар – ҳәдистиң сөзбе-сөз мәнисинен ҳүким шығарып алғанлар. Бирақ, ҳақыйқый фақиҳ алымлар, шәръий дәлиллерди нәзик нуқталарына шекем аңлап жететуғынлар бундай қылмайды. Ҳәр бир дәлил менен әдеўир тексерип көреди. Уламаларымыз бул биз мысал қылып келтирип атырған ҳәдисти де тексерип көрген. Анықласа, бул ҳәдис мәлим бир мүнәсибет пенен айтылған екен. Бир күни Расули Акрам саллаллаҳу алайҳи ўасаллам адамлар менен жәмәәт намазын оқып болып, зыяпатқа отырыпты. Ҳәмме таҳәраты менен келип, зыяпатқа отырыпты. Зыяпатта түйе гөши тартылыпты. Ҳәмме оннан жепти. Усы арада биреўден жел шығып кетипти. Буны ҳәмме өзинше бир-биринен деп ойлапты. Сол арада кейинги намаздың ўақты кирип, зыяпаттан және жәмәәт намазына турыў керек болыпты. Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ким түйениң гөшин жесе, таҳәрат қылсын», депти-де, өзи баслап таҳәрат алыпты. Аллаҳ Расулының жоқары әдебин, адамларды уялып қалыўының алдын алыў ушын жол тапқанына қараң. Егер усындай қылмаса, ҳәмме намазға киргенде, бағанағы жел шығарған адам жалғыз өзи таҳәрат қылыўы лазым болып қалған болар еди. Себеби жел шығарғанынан кейин таҳәраты кетеди, таҳәратсыз намаз оқып болмайды. Отырғанлардың ҳәммеси таҳәрат қылғаннан кейин, жел шығарған адам адамлардың алдында уялып қалыўдан қутылады», деп устаз сөзин таўысты.
Мине усы сабақ ҳәммемизге өрнек болды. Шәрият ҳүкимлерин, аят ҳәм ҳәдислердиң мәнилерин түсиниўде көп ҳәрекет лазым екенин және бир мәрте аңлап жеттик.
Бул ҳәдис Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам әдеп-икрамлықтың ең жоқары шыңында екенин билдиреди.
Идрисов Абдулазиз
Абдулла Нарынжаный мешити имам хатиби