Умар разыяллаҳу анҳудың әдиллиги (Cаҳралыға жәрдем бергени)
Бир түнде Умар разыяллаҳу анҳу менен болған ўақыя да инсаният тарийхындағы теңи жоқ бир ўақыя болды. Умар разыяллаҳу анҳу әдетине көре адамлардың ҳалынан хабар алып жүретуғын еди. Мадинаға тегисликтен баратырған еди, бир үйден ҳаял адамның ыңырағаны еситилди. Үйдиң есигинде бир еркек отырған еди. Умар разыяллаҳу анҳу оған сәлем берди ҳәм ким екенин сорады. Ол саҳралы бир адам екенин айтты. Умар разыяллаҳу анҳу: «Үйден кимниң даўысы шығып турыпты?», деп сорады. Саҳралы бул адам әмирул мөминин Умар разыяллаҳу анҳу екенин билмей: «Жумысыңды қыл, саған пайдасы болмаған нәрсе ҳаққында сорама», деди. Умар разыяллаҳу анҳу буныӊ ким екенин билиўди қәлегенинен қайта-қайта сорайберди. Ақырында ол адам: «Бул жерде туўыўға жақынласып қалған бир ҳаял бар, оныӊ алдында ҳеш ким жоқ», деп жуўап берди. Умар разыяллаҳу анҳу дәрриў үйине қайтып, ҳаялына: «Аллаҳ сен тәрепке жиберген саўапқа ийе болыўды қәлейсен бе?», деди. Умму Кулсум: «Ол – не екен?» деп сорады. Умар разыяллаҳу анҳу оған ўақыяны түсиндирип берди ҳәм өзи менен бирге жаӊа гөдекке керекли кийимлерден, ҳаялларға керек болған майлардан, және қазан, оныӊ ишине бийдай ҳәм май алыўды буйырды. Ҳаялы айтқан нәрселерди алды.
Умар разыяллаҳу анҳу қазанды көтерип жолға түсти. Ҳаялы арқада жүрди. Бағанағы үйге жетип келгенде, ҳаялине: «Сен сол ҳаялдың алдына кир», деди ҳәм өзи оныӊ күйеўи менен қалды. От жағып, өзи менен әкелген нәрселерди писирди. Ол адам болса, Умар разыяллаҳу анҳудың ким екенин билместен отырар еди.
Ол ҳаял босанды ҳәм Умар разыяллаҳу анҳудың ҳаялы үйдиң ишинен: «Ҳәй әмирул мөминин, достыңызға ул бала болғанын айтың», деди. Саҳралы адам бул сөзди еситип, ол адамның әмирул мөминин, мусылманлар патшасы екенин билди. Кейин ол бир нәрседен қорққандай, арқасына қарай тисериле баслады. Умар разыяллаҳу анҳу оған: «Турған жериңнен қозғалма», деди, соң қазанды көтерип, ҳаялына ол ҳаялды аўқатландыр деп қолынан қазанды алыўға буйырды. Ол ҳаял аўқатланып болғаннан кейин, қазанды ол саҳралыға берди: «Буннан же, түни менен уйқыламадың», деди. Соң әмирул мөмининниң ҳаяли шықты. Кетер ўақтында, ол адамға: «Ертең алдымызға бар, саған керекли нәрселер бериўди буйырамыз», деди. Ертеңине ол адам келди ҳәм кейин оныӊ перзентине мәмлекеттен пул ажратылып берилди.