Рәўиятларда келиўинше, Харун ар-Рашид бир үлкен сарай қурыўға кирисипти. Оған бир узын ҳәм туўры ағаш керек болыпты. Бундай ағаш өзиниң журтында табылмағаннан кейин басқа журттан әкелетуғын болыпты. Басқа жақтан табылып, ол ағашты әкелипти.
Харун ар-Рашид сарай ўәзирлери менен ағашты көриў ушын алып киятырғанлардың алдына шықты. Сонда бир нәрсе Харун ар-Рашидтиң дыққатын тартыпты. Ағаштың арғы басында сол дәўирдиң уламасы Баҳлул дана ағашқа қолын қойып, бир нәрсе деп атыр екен. Ертеңине Харун ар-Рашид Баҳлул Дананы сарайға шақырып, кеше ағашқа не деп атыр едиң, депти. Сонда Баҳлул Дана:
– Мен ағаштан: "Сениң келиўиңди ҳәтте патшалар шығып күтип алып атыр. Бундай уллылыққа қалай еристиң", деп сорадым. Ол маған: –"Бундай уллылыққа ТУЎРЫЛЫҚ арқалы еристим, егер мен де басқа ағашларға уқсап қыйсық болғанымда, мени күтип алмас еди", деди, деген екен Баҳлул.