Рәўиятлар

Дуўаның күши

Доктор Ишон Ҳусайный көрсеткен хызметлери ушын халықаралық сыйлықлаў мәресимине кетип баратыр еди. Самолётқа шықты. Ҳаўа-райының жаманлығы себепли самолёт басқарыўшы самолётты жақын жердеги аеропортқа қондырыўға мәжбүр болды. Самолёт шамалы 16 сааттан кейин ушыўы мәлим болды. Буған ашыўланып, “Жыйналысқа әлбетте жетип барыўым керек, 16 саат күте алмайман”, деп бақырды. Аеропортта өз жумысларын ислеп атырған жумысшылар оған баратырған қаласы бул жерге жақын екенин, жеңил машинада жетип барыўы мүмкин екенин, айтты. Доктор буны еситип асығып жолға шықты, бирақ жолда да нөсер жаўын жаўып турар еди. Селдиң қаттылығынан жол жаўылып қалды.

Доктор жол шетиндеги гөнерип қалған бир үйди көрди, сол тәрепке барыўға мәжбүр болды. Үйдиң ишинде бир кемпир бар еди. Кемпир доктордың ҳаўлығып “Маған телефоныңызды берип турың, бир жерге тез телефон етиўим керек” дегенин еситип, күле шырай менен: “Аўҳалымды көрип турсыз ғой, бизлерде телефон жоқ. Кир ишке, бир аз демиңди ал, аўқатлан, шай иш, оннан кейин ислериңди қыларсаң”. Доктор илажсызлықтан кемпирдиң айтқанын қылды, бир аз ысынып, аўқатланды. Ол шай ишип болғанша кексе ҳаял намаз оқып, узын-узын дуўалар етти. Кейин бесиктеги нәрестелерге қарады. Буларды дыққат пенен гүзетип турған доктор: “Апа, бул кимниң баласы, тынышлық па, не себептен жылап дуўа етип атырсыз?”, деп сорады. Кемпир: “Бул мениң ақлығым. Балам менен келиним дүньядан өтип кетти. Ақлығым да аўыр кесел, жақын жерде буны ҳеш ким емлей алмады. Еситиўимше Ишон Ҳусайный деген бир доктор бар екен, ол усындай кеселликтиң даўасын биледи екен. Бирақ, ол жүдә узақта, ақлығыма ден-саўлық бер, деп Аллаҳтан сорап атырман…”, деди.

Доктор Ҳусайный көз жасларын тоқтата алмай, апа Аллаҳ дуўаларыңызды қабыл етти. Сизиң дуўаларыңыз аспаннан шақмақ шағып самолётты жерге қоныўына себепши болды, селлер ағыўына ҳәм мениң сизге жолығыма себепши болды, доктор Ҳусайный мен апа. Аллаҳ Өз бенделериниң дуўаларын усындай ҳалда ислеп қойыўына исенимим кәмил болды.

Пүткил жолларыңыз жаўылып қалған ҳалда да, аспанлар ҳәм жерди Жаратқан Аллаҳға сыйының. Оның мийрими дуўа менен...

@paziyletuz