Рәўиятлар

Қәдирли тас

Гилем тоқыў менен аты шыққан бир тоқыўшының бай бир досты бар екен.

Бир күни екеўи сѳйлесип отырғанда, тоқыўшы бай достының қолындағы жүзикке тигилип қарап қалды. Буны сезген бай сорады:

– Жүзигиме қарап турсаң ба?

– Аўа, ортасындағы тасына қарап турман.

– Бул тас – алмаз.

– Шырайлы екен. Буның қандай пайдасы бар?

Бай ойланып-ойланып ақырында:

– Расын айтқанда сулыўлығынан басқа ҳеш қандай пайдасы жоқ.

– Бул тас бир дәрамат келтире ме?

– Яқ.

– Қызық ғой! Инимде әкемнен қалған бир жуп тас бар. Бирақ ол бир жылда елиў тиллә пайда келтиреди.

Бай достының үстинен күлип сорады:

– Ол қандай тас екен?

Тоқыўшы жуўап берди:

– Дигирман тасы! Иним оның менен хожалығын бағады, ол арқалы садақа береди, адамларға хызмет кѳрсетеди, дуўа алады. Бул тас жүдә қәдирли.