Рәўиятлар

ДУЎАНЫҢ ҚАБЫЛ БОЛЫЎЫ

Бир адам қатты аўырып аўырып қалды ҳәм емлеўхапнаға түседи. Шыпакерлердиң берип атырған дәрилериниң пайда бериўин сорап азанлы-кеш Аллаҳға илтижа қылып дуўа қылыпты. Булл наўқас бир күни кеште түс көрипти. Түсинде өзи ҳәм бир бөлмедеги наўқаслар менен бирге бир қудық иишиндеги суўға мантығып атырған екен. Жәрдемге шақырса да, ҳеш ким келмейтуғын қусайды. Бир ўақта жоқарыдан жиңишке бир арқан түсе баслапты. Ҳәмме оған қарап талпыныпты. Бирақ арқан қымырлап ҳеш кимниң қолына илинбей, жаңағы адамның қолына түсипти. Көринисинен өрмекши сабағындай жиңишке арқан адам көтеретуғын дәрежеде беккем екен. Жаңағы адам жан ҳалатта арқанға асылып жоқарыға тырмаса баслапты, бирақ арқанның үзилип кетиўинен қорқыпты. Сол ўақта тап оның ойына жуўап сыпатында жоқарыдан ҳаўаз келипти: “Қорықпа, жип үзилмейди”. “Сен кимсең?” ссорапты наўқас адам. “Мен сен бир ўақларда суўдан шығарып алғанөрмекшимен. Сол жақсылығың ушын бүгин саған жақсылық қылып атырман”, депти. Жаңағы адам бундай ислерди бәрҳә ислеп жүргенлиги ушын бул өрмекшини қашан, қаерде қутқарғанын еслей алмапты. Усы ўақытта арқан қатты силкине баслапты. Адам төменге қараса, қалғнлар да арқанға асылып жоқарыға тырмасып шығып атырған екен. Буны көрип: “Арқан жиңишке болса, ҳәммемизди көтере алмай, үзилип кетиўи мүмкин. Нега Олар мениң арқаныма асылады?! Ақыры өрмекши оны мен ушын таслады-ғо”, деб ойлапты. Усы ойды ойлаған мәўритте арқан жоқарыжан “шырт” етип үзилип, ҳәммеси төменге қулап түсипти.

Жаңағы адам өз ҳаўазынан оянып кетипти. Ярым түн, шериклери уйқлап жатыр. Көрген түшин еслеп ҳәм ол туўралы ойлай баслапты. Өмири бойы жәниўарларға ҳәм шыбын-ширкейлерге жақсылық етип келген адам палаталасларын ойламай, тек өзи ушын Аллаҳтан шыпа сорағанын еслеп, өзиненн уялыпты. Сол түн таңға жақын көз жумбай, Аллаҳға: “Эй карамы кең Пәрўардигарым, барлық дәрт берген бенделериңе, емлеўханадағы аўырыўларға ҳәм мениң дәртиме шыпа берип, усы жердан соў-саламат шығып кентиўимизди нәсип ет ”, деп сыйыныпты.

Азанда шыпакер әдеттегидей аўырыўларды көздан өткерип атырып, оған: “Сизиң топширган анализлериңиздиң жуўмағыв жақсы шықты. Үш-төрт күннен соң үйге жуўап беремиз”, депти.

Бул ҳикаядан жуўмақ сол, адам өзи ушын қандай жақсылықларды раўа көрсе, әтирапындағыларға да сол нәрселердиң несип етиўин қәлеўи лазым.