Рәўиятлар

Силаи раҳмды үзбең!

Абдуллаҳ ибн Әбиў Аўфа разыяллаҳу анҳу айтады: «Арафатта түнди өткергенимизде Пайғамбар алайҳиссалам менен бирге отыр едик. Ол киси алайҳиссалам: «Бүгин түнде силаи раҳмды үзген адам мениң менен бирге отырмасын», деди.

Сонда отырғанлардан биреўи орнынан турып шығып кетти. Арадан көп ўақыт өтпей қайтып келди. Пайғамбар алайҳиссалам: «Неге шығып кеттиң?», деди. Ол: «Я Расулуллаҳ, сизиң бағанағы гәпиңизди еситип дайы апамның үйине бардым. Оның менен жәнжеллесип қалған едик. Барғанымда дайы апам маған: «Неге келдиң?», деди. Мен сиз айтқан гәпти айтып бердим. Кейин ол меннен кеширим сорады, мен де оннан кеширим сорадым», деди.

Пайғамбар алайҳиссалам: «Жақсы қылыпсаң, кел орныңа отыр», деди. Кейин: «Билип қойың, силаи раҳмды үзген адамларға Аллаҳтың мийрими түспейди», деп ескертти.