Мадинаға саўдагерлер кәрўаны келди. Кәрўанда ҳаяллар ҳәм балалар да бар еди. Умар разияллаҳу анҳу Абдураҳман ибн Аўф разияллаҳу анҳуға: «Бул түн оларға қорықшылық қыласыз ба?» деди. Олар кәрўанды қорықлап түни менен турды. Аллаҳ парыз еткен намазларды оқыды. Қорықшылық ўақтында Умар разияллаҳу анҳу бир гөдектиң жылағанын еситти ҳәм сол тәрепке барды. Ол гөдектиң анасына: «Аллаҳтан қорқ, балаңа жақсылап қара», деди, соң өз орынына қайтты. Кейин және жылаған даўыс еситилди, және барып ол гөдектиң анасына: «Аллаҳдан қорқ ҳәм балаңа жақсы қара», деди ҳәм және орнына қайтты. Түн ақырлап қалғанда гөдектиң даўысы және шықты. Анасына барып: «Ҳайф саған, жақсы ана емес екенсең! Балаңа не болды, кешеден бери жылап атыр?» деди. Анасы ол адамды мөминлердиң әмири екенлигин билмей: «Ҳәй Аллаҳтың бендеси, ол кешеден бери мени бийзар қылып жиберди, мен оны көкректен шығарыўға мәжбүрлеймен, ол болса көнбейди», деди. Умар разияллаҳу анҳу: «Не ушын?» деп сорады. Ол айтди: «Себеби Умар тек көкректен шыққан балаларға ғана пул ажыратады (яғный, перзентлери көкиректен шыққан әкелерге ғана ҳақ береди). Умар разияллаҳу анҳу: «Буныӊ жасы нешеде?» деди. Ол: «Бир неше айлық», деп айтди. Умар разияллаҳу анҳу: «Ҳаў, еле асықпа», деди. Умар разияллаҳу анҳу таң намазы ўақты болғанда намазға шықты. Умар разияллаҳу анҳудың жылағаны соншелли болды ҳәтте намаздағы қирәәти жақсы еситилмеди. Кейин сәлем берип өзине: «Ҳәй бахытсыз Умар, қанша мусылман перзентлерин қыйнадың...», деди Соң бир адамға: «Гөдеклериңизди көкиректен шығарыўға асықпаң. Биз туўылған ҳәр бир гөдек ушын (ҳақ) белгилеймиз», деп нидә қылыўға буйырды. Бул ҳаққында ҳәмме тәрепке шабар жиберилди.