Рәўият етилиўинше, Ийса алайҳиссаламда ѳлилерди тирилтиў мѳжизасы бар еди. Бул мѳжизаны адамлар кѳргенде, Ийса алайҳиссаламға ықласбентлери менен бир қатарда кѳре алмаўшылар да пайда болды. Усыдайлардан биреў «Мейитти тирилтиў дуўасын маған да үйретесең», деп турып алды. Ийса алайҳиссалам ол адамның нийети жаман екенин сезип, оған үйретпеди. Ол Ийса алайҳиссаламға жалына бергеннен кейин, жақсы тәрепке ѳзгерер, деген нийетте оған үйретти.
Ол адам үйренип болып, ишинен: «Негизинде мени алдып маған басқа нәрсени үйретти», деп пикир жүритти. Жолда кетип баратырса, алдынан бир сүйек шықты. Мен үйренгенимди сынап кѳрейин, деп сол сүйекке үйренгенин оқыды. Ол сүйек үлкен бир жолбарыстың сүйеги екен. Демниң арасында бул ойы бузықты жеп қойды.
Бәлким, жақсылықтан жаманлықты излеўдиң жазасы усы болса керек…