Алқымның тазалығы
Уллы тәбеийн Муҳаммад ибн Сийрийн үлкен муғдарда қарыз болып қалды. Себеби, ол кисиниң саўдада кѳп муғдардағы майы бар болып оның ишине тышқан түсип, қалып кеткен екен.
Ибн Сийрийн буның ҳүкимин үйренип, оның ҳадаллықтан шыққанын билди ҳәм тѳгип таслады. Нәтийжеде Муҳаммад ибн Сийрийн үлкен зыянға ушырады.
Ибн Сийрийн: «Мен бул мүсийбет маған не ушын келгенин билемен» - деди шәкиртлерине: Буннан 40 жыл алдын мен бир адамды «Ҳәй муфлис» (мағанасы: мал-дүньясы күйгир, банкрот болғыр) деп айтқан едим. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның былай деген ҳәдиси бар: «Сизлерден қайсы бириңиз ѳз достын бир айып пенен айыпласа, айтқан нәрсеси ѳзинде болмағанша бул дүньядан ѳтпейди».
Бул уллы бир тәбеийн достын бир мәрте айыплаўы нәтийжесиндеги гүнасы екенин, ѳзиндеги мүсийбетти усы гүна себепли екенин аңлаған. Биз ше? Гүналарымыз ҳәдден зыят кѳплигинен, басымызға түскен мүсийбетлер қайсы гүнамыз себепли екенин де билмей қалдық.
Жуўмақ
Ѳзин мусылман есаплаған адам ҳеш қашан ѳз достын айыпламасын! Болмаса, бир күни ѳзи де усы ҳалға түседи!
Муҳаммад ибн Сийрийн ислери зыянға алып барыўын билип турып ҳарам болып қалған майды тѳгип таслады. Бүгинги күнимизде ҳарам ѳлген малларды гѳш дүканында сатып атырғанлар, колбаса цехларына тапсырып атырғанларды не деп атаў керек екенин билмедим. Олар билип турып усы исти қылып атыр. Адамлардың алқымын булғап атыр. Әлбетте, бундай ислердиң бир күни аўыр жуўабы бар!!! Азық-аўқатлық затлардың жарамлылық мүддети шығып кетсе де биле турып сатып атырған лар ше?! Адамлардың деп-саўлығына зыян екенин билип турып сатады...
Ондайларға Аллаҳ таала инсап берсин!