Рәўият етилиўинше, бир солиҳ адамның кѳп саўда дүканлары бар еди. Қолы астында ислейтуғын саўдагерлерге: «Егер сатып атырған ѳнимиңиздиң бир айыбы болса, қарыйдарға сол айыбын ашық айтып сатың», деп айтар еди.
Бир күни қол астындағы дүканлардан биринен бир яҳудий жақсы тигилмеген аяқ кийим сатып алды. Сол күнлери солиҳ адам бир жумысы менен узақ жерге кеткен еди. Сол аяқ кийимди сатып атырған сатыўшы ишинен: «Бул бир яҳудий болса, оған айыбын айтпасам да бола береди», деп ойлады да, айыбын айтпай, индемей сатып жиберген еди.
Ѳнимлер арасында усы аяқ кийим бар екенин баслық та билер еди. Баслық сапардан келип, сатыўшыдан сол аяқ кийимди сорады. Сатыўшы: «Оны бир яҳудийге үш мың дирҳамға сатып жибердим», деди. Баслық: «айыбын айттың ба?», деп сорады. Сатыўшы: «Ол бир яҳудий болса, оған айыбын айтып не қыламан?», деди.
Баслық дәрриў сол яҳудийди излейди ҳәм ол бир кәрўанға қосылып, қаладан шығып кеткенин еситеди. Дәрриў жолға таярлық кѳрип, сол кәрўанның изинен түседи ҳәм яҳудийди таўып алады.
Баслық яҳудийге: «Сиз пәлен жерден аяқ кийим сатып алған екенсиз, оның айыбы бар, мынаў сен берген пул, оны ал ҳәм сол аяқ кийимди қайтар», деди. Яҳудий: «Сонша жол басып, бундай қылыўыңа не себеп болды, индемей қала берсең болмай ма?», деп сорады. Баслық: «Динимизде алдаў жоқ, сатыўшы бала жаслық етипти. Ѳйткени Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам: «Ким бизлерди алдаса, ол бизлерден емес», деп айтқан.
Бул гәплерди еситкен яҳудий оған: «Мени кешириң. Негизинде мен сизлерге берген сол дирҳамлар да ҳақыйқый емес еди. Ол баланың жаслығынан пайдаланып қалмақшы едим. Мында сизлерге ҳақыйқый дирҳам. Мен бул аяқ кийимди қайтармайман, деп оны ѳзинде алып қалады ҳәм сол жерге кәлимаи шәҳәдатты айтып мусылман болған екен.