Рәўиятлар

Умар разыяллаҳу анҳудың әдиллиги

Аслам разыяллаҳу анҳу ҳикая қылады: «Бир күни түнде Умар разыяллаҳу анҳу менен бирге жолға шықтым. Биз қаладан узақластық. Узақ жерлерде жасаўшы халықтың аўҳалынан хабар алдық. Узақта жанып турған жалынды көрдик. Умар разыяллаҳу анҳу: «Мен ол жерде қараңғы ҳәм суўық болғанлықтан тоқтап турған жолаўшыларды көрип турыппан, мениң менен жүр», деди. Биз тез-тез жүрдик ҳәм оларға жақынластық. Ол жерде бир ҳаял балалары менен отқа асып қойылған қазан әтирапында отырар еди. Балалары қатты жылап атыр екен. Умар сәлем берип, кейин ол ҳаялдан: «Не болды?» деп сорады. Ол ҳаял: «Бизлер қараңғы ҳәм сыўық болғанлықтан тоқтап турыппыз», деди. Умар разыяллаҳу анҳу: «Бул балалар неге жылап атыр?», деп сорады, ҳаял: «аш болып», деди. Умар разыяллаҳу анҳу: «Мына қазанда не бар?» деп сорады, ҳаял: «Ишинде суў бар, уйқылағанша соның менен алдап тураман, Аллаҳ бизлер менен патшамыз Умардың арасында», деп ҳаял Умар разыяллаҳу анҳудан шикаят қылып, ғарғады. Умар разыяллаҳу анҳу: «Ҳәй Аллаҳ сақлағыр, Умар сизлердиң аўҳалыңыздан бийхабар ғой?» дегенде, ҳаял: «Ол бизлерге баслық болып турып, естен шығара ма екен?», деди. Умар разыяллаҳу анҳу маған қарап: «Кеттик», деди. Бизлер тез жүрип, унханаға бардық. Умар разыяллаҳу анҳу бир қалта ун ҳәм бир ыдыста май алды ҳәм маған: «Үстиме жүкле», деди. Мен: «Өзим көтеремен», дедим. Ол: «Қыямет күн болғанда да гүналарымды көтересең бе, ҳәй берекет тапқыр?!», деди. Мен унды оның арқасына жүкледим, биргеликте тез жүрип кеттик. Бағанағы жерге барып, жүкти ҳаялдың алдына түсирди. Умар разыяллаҳу анҳу уннан азмас алып, оған: «Өзим ислеймен, саған өзим қайнатып беремен», деди ҳәм қазанның астын үплей баслады. Умар разыяллаҳу анҳудың сақалы үлкен еди, сонлықтан иске қатты кирисип кеткенинен түтинди сақалының арасынан шығып атырғанын көрдим. Умар разыяллаҳу анҳу оларға аўқат писирип берди. Кейин ҳаялға: «Маған бир ыдыс әкел», деди. Ҳаял бир табақ әкелди. Умар разыяллаҳу анҳу аўқатты оған салып, ҳаялға: «Балаларыңды аўқатландыр, мен буны суўытып тураман», деди. Балалар тойғанша Умар разыяллаҳу анҳу аўқатты суўытып турды. Аўқаттың қалғанын оларда қалдырды. Кейин орнынан турды, мен де бирге турдым. Ҳаял: «Аллаҳ сени жақсылық пенен сыйласын, бул исиң менен сен патшамыздан жақсы екенсең!» деди. Умар разыяллаҳу анҳу: «Жақсы сөзлерди айт. Егер патшамыз ҳүзирине барсаң, иншааллаҳ, мени сол жерде табасаң», деди. Кейин ол жерден шетке өтип, балаларды уйқылата баслады. Мен оған: «Бундай қылыў сизге ылайық ис емес», деп айтқанымда, маған: «Сөйлеме», деди. Кейин балаларды қолына алып жатқанын көрдим, соң балалар тынышланып уйқылап қалды. Кейин орнынан турып, Аллаҳға ҳамд айтты ҳәм маған қарап: «Ҳәй Аслам, булар аш болып уйқылай алмаған ҳәм жылаған. Мен өзим көрип турған бул жағдайды туўры шешпегенимше қайта алмайман», деди».

Идрисов Абдулазиз
Абдулла Нарынжаный мешити имам хатиби