Хожели районы «Пирим ийшан баба» жоме мешити тарийхы
Қарақалпақстан Республикасы Хожейли районы гѳне қала аймағындағы «Пирим ийшан баба» жоме мешити тарийхы тиккелей XVIII әсир орталарында жасап өткен Пирим Хожа менен байланыслы. Пирим Хожаның түп аты Пирим ийшан ибн Қутли Муҳаммад Хожа. Пирим Хожа аталиқ дәўиринде 1811-жылы қурылған мусылманлардың жоқары оқыў орны, медресе қурылған. Оның қǝбири медресе жанында жайласқан. Ҳәзирги ўақытта бул теберик орында жаңа жоме мешит тикленип, халықа хызмет көрсетип келмекте.
Аллаҳ тааланың қǝлеўи, ғәрезсизлигимиз шарапаты менен, кѳмек жолы менен 1990-жылы муфтий Шайық Муҳаммад Садық Мухаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳ тәрепинен мешиттиң биринши гербиши қойылып, қурылыс жумыслары басланған ҳәм жергиликли халықтың ҳәрекети себепли Пирим ийшан бабамызға үлкен гүмбезли мақбара қурылысы басланды. 1991-жылы гүзде қурылыс жумыслары тамамланып, сол жылы бул мешит имам-хатиби Қыдырнияз Алимбетов тәрепинен биринши жума намазы оқылды. Мешит 3000 адамға мѳлшерленген. Мешит мǝнзили: Хожели районы Абдирахманов күшеси №47-үй.
1998-жылы 10 август күни №1-санлы гүўалық пенен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен «Пирим ийшан баба» жоме мешити аты менен дизимнен өткерилди.
«Пирим ийшан баба» жоме мешитинде: Қ.Алимбетов (1989 -1997), М. Абдиев (1997-2007), О. Сейтжанов (2007-2014), Б. Алланиязов (2014-2016), А.Алланиязов (2016 -2018), 2019-жыл май айынан баслап ҳәзирги күнге шекем И.Шерниязов имам-хатиб болып ислеп келмекте.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998913947733
Имам-хатиб: Икрам Шерниязов
Имам-найып: Таитров Қурал
Имам-найып: Егамбердиев Уллыбек
Хожели районында Пирим ийшан баба мешитинен басқа және 1 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |