Әмиўдǝрья районы «Яқуб ийшан баба» жоме мешити тарийхы
Әмиўдǝрья районы «Холимбег» аўыл пуқаралары жыйынындағы «Яқуб ийшан баба» жоме мешитине 1989-жылы Худанов Қошқар тәрепинен тийкар салынды ҳәм мешит қурылыс жумыслары, халықтың, намазханлардың қǝўендерлиги ҳәм қол кѳмеги менен басланды. Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен 1999-жылы 2- февраль күни №32-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти.
Мешит мǝнзили: Әмиўдǝрья районы «Холимбег» аўыл пуқаралары жыйыны «Нурата» кѳшесинде жайласқан.
Яқуб ийшан 1825-жылы «Қылышбай» мәҳеллесинде туўылған, Ол 1905-жылы 80 жасында қайтыс болған ҳәм «Холимбег» аўылындағы «Яқуб ийшан баба» қǝбирстанына жерленген. 1989-1990-жыллары қǝбири үстине мақбара қурылып, әтирапы абаданластырылып, зыяратгаҳқа айландырылды.
«Яқуб ийшан баба» жоме мешитиниң улыўма жер майданы 10 000 кв. м болып имарат бир қабаттан ҳәм 7 ханадан ибарат. Мешит узынлығы әйўаны менен қосып есапланғанда 30 метр, енине 21 метрди қурайды. Намазханасының узынлығы 16 метр, енине 12 метрди қурайды. Намазхана 350 адамға мөлшерленген. Мешиттиң орайында бәлентлиги 12 метр, радиусы 6 метрли 2 гүмбез исленген. Мешит заман талабына жуўап беретуғын ысытыў системасына ийе, тахаратхана ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленген.
Мешитте дәслепки мәрте Рахимов Жумабай имам-хатиб болып ислеген, ҳәзирги ўақытта Бабажанав Дастанбек имамлық етпекте.
2018-жылы мешит толық реконструкциядан шығарылды, әтираплары абаданластырылды.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99891-380-67-66
Имам-хатиб: Атажанов Муҳаммад.
Әмиўдәрья районында Яқуб ийшан баба мешитинен басқа және 6 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы |
|
Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы |
|
Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |