Нөкис қаласындағы Ережеп бий мешити ҳаққында

Ережеп бий

Нөкис қаласы «Ережеп бий» жоме мешити тарийхы

Нөкис қаласындағы «Ережеп бий» жоме мешити 2000-жыллары «Шадлы аўыл» елаты турғынларының басламасы менен мешит қурылыс жумыслары халықтың қол кѳмеги менен, қам гербиштен қурылған. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2005-жылы 2-декабрь күнги №54-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти. Мешит мǝнзили: Нөкис қаласы «Боз аўыл» мǝкан пуқаралары жыйыны «Шадлы аўыл» аймағында жайласқан.

Ережеп Қулши улы (Ережеп тентек) қарақалпақлардың атақлы бийлеринен болып, 1801-1889-жылларда жасап ѳткен. Халық оны «Ережеп тентек бий» деп атаған.

Ережеп бий ѳмири даўамында Қоқанд, Бухара, Хийўа ўǝлаятларында елши, бий ҳәм басқа лаўазымларда қатнасып, ѳз орнына ийе сиясий мәмлекетлик ғайраткерлериниң бири. Шымбайдың шығысында «Ережеп қорғаны» деген қорған болған. Оның қалдықлары ҳәзирге шекем сақланып қалған. Ережеп бий «Шымбай-Қазақдǝрья» жолындағы «Аҳун баба» қǝбирстанына жерленген. 1992-жылы оның қǝбирине белги тасы қойылған.

«Ережеп бий» жоме мешити имараты Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты басламасы ҳǝм сақый инсанлардың кѳмеги менен 2021-жылы қайта қурылды, ǝтираплары абаданластырылды. Мешит намазханасы 500-550 намаз оқыўшылар ушын мөлшерленген. Мешиттиң орайында бәлентлиги 10 метр, диаметри 12 метрли гүмбез исленген. Мешит заман талабына толық жуўап беретуғын ысытыў системасына, таҳаратхана ҳәм басқа да зәрүр буйымлар менен тәмийинленген.

Мешитте Узақов Сыдық, Хожасов Айдос имам-хатиб болып ислеп келген. Ҳәзирги күнде Аминжан Набатов имамлық етпекте.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: (90)7091828

Имам-хатиб: Хожасов Айдос,

Имам-найып: Бодиков Бакберген.


Нөкис қаласында Ережеп бий мешитинен басқа және 4 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы