Елликқала районы “Муҳаммад нарынжаный” жоме мешити тарийхы
Елликқала районы Бостан қаласындағы “Муҳаммад нарынжаний” жоме мешитине 1990-жылы жергиликли халық тәрепинен тийкар салынды, мешит қурылыс ислери халықтың хайыр-эҳсанлары ҳәм қол кѳмеги менен қурылды. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 1998-жыл 14-августтаға №14-санлы гүўаҳнамасы менен дизимнен ѳтти. Мешит мǝнзили: Елликқала районы “Бостан” қаласы С.Айний кѳшеси номерсиз жай.
Муҳаммад нарынжаний негизги аты Абу Абдуллаҳ Муҳаммад ибн Даўыд нарынжаний болған. Туўылған сәнеси мәлим емес. Халық арасында ол Нарынжан қаласынан исламды кең тарқатыў мақсетинде елимизге келген деген мағлыўматлар бар. Бирақ бул мағлыўмат тарийхта жазылмаған.
“Муҳаммад нарынжаний” жоме мешити бир қабат ҳәм 6 ханадан ибарат. Мешит узынлығы 50 метр, ени 35 метрди қурайды. Намазхананың узынлығы 40 метр, ени 19 метр. Үлкен намаз залын 12 үстин безеп тур. 1500 намазханға мѳлшерленген. Мешиттиң алды тәрепинде бәлентлиги 13 метр, диаметри 9 метрли гүмбез исленген. Мешит заман талабына толық жуўап беретуғын ысытыў системасына, китапхана, таҳаратхана ҳәм басқа зәрүр буйымлар менен тәмийинленген.
Мешитте биринши имам-хатиб Абуджанов Иноятжон, соң Юсупов Илҳам, Уразимбетов Худаяр, Собуров Шухрат, Сирожиддинов Жамаладдинлер имам-хатиб болып ислеген. Ҳәзирги ўақытта Атажанов Исмайыл имамлық қылмақта. Мешит имараты 2017-жыл қайта ремонтланды, әтираплары абаданластырылды. 2022-жылы жаңадан таҳаратхана қурылды.
“Муҳаммад нарынжаний” жоме мешити Елликқалъа районының бас мешити ретинде хызмет алып бармақта.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998939221046
Имам-хатиб: Атажанов Исмоил, имам-найыплар Маўланов Абдулаҳад, Юсупов Илҳам, Қуранбаев Бегзад.
Елликқала районында Муҳаммад нарынжаный мешитинен басқа және 4 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы |
|
Машариф ақсақал | Елликқала районы |
|
Сафа | Елликқала районы |
|
Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |