Әмиўдǝрья районы «Ноғой ийшан баба» жоме мешити тарийхы
Әмиўдǝрья районы «Ноғой ийшан баба» жоме мешитине 1991-жылы Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдǝрья районы Ноғой ийшан баба тәрепинен тийкар салынды ҳәм мешит қурылыс жумыслары, халықтың қол кѳмеги менен басланды.
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен 1998-жыл 23-февраль күнги №34-санлы гүўалығы менен дизимнен өткен.
Мешит мǝнзили Әмиўдǝрья районы «Шайкул» аўылы «Ноғай ийшан» мәҳеллесинде жайласқан.
Ноғай ийшан 1863-жылы ҳәзирги «Босуў» аўылында туўылған, Хийўа қаласындағы медреседе оқыған. Ѳз дәўириниң жетик алымы есапланған, ѳмири даўамында пүткүл Қарақалпақ халқының руўхый ҳәм ағартыўшылық ислеринде басшылық еткен. Ол 1927-жыл 64 жасында қайтыс болған ҳәм ҳǝзирги «Ноғай ийшан» қǝбирстанына жерленген. Кейин Ноғай ийшан қǝбирстаны деп аталған.
«Ноғай ийшан баба» жоме мешитиниң улыўма жер майданы 120 кв. метр болып, имарат бир қабаттан ҳәм 4 ханадан ибарат. Мешит узынлығы әйўаны менен қосып есапланғанда 26 метр, енине 16 метрди қурайды. Намазхананың узынлығы 12 метр, енине 9 метр. Мешит намазханасы 250 адамға мөлшерленген. Мешиттиң орайында бәлентлиги 3 метрли гүмбет қурылған. Мешит заман талабына толық жуўап беретуғын ысытыў системасына ийе, китапхана, тахаратхана ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленген.
Мешитте жумыс искерлиги басланғанда Ноғай ийшан имам-хатиб болып ислеген. Ҳәзирги ўақытта Уктам Қурбаниязов имамлық етпекте.
2019-жылы жаңадан тахаратхана салынды, мешит әтираплары абаданластырылды.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99833-727-15-40
Имам-хатиб: Уктам Қурбаниязов, имам-найыбы Матяқубов Сардар.
Әмиўдәрья районында Ноғой ийшан баба мешитинен басқа және 6 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы |
|
Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы |
|
Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |