Хожели районындағы Муҳаммад Кǝрийм мешити ҳаққында

Муҳаммад Кǝрийм

Хожели районы “Муҳаммад Кǝрийм” жоме мешити тарийхы

Мухаммад Кǝрим Юсип улы 1927-жылы Тахтакѳпир районында туўылған. Миллети қарақалпақ.

Мухаммад Кǝрим Юсип улы дǝслеп, 1955-1964-жыллары Хожели районы «Дǝн қабыллаў” кǝрханасында жумысшы, одан кейн 1964-1987-жылларында Хожели районы колхозлар аралық кѳшпели механизацияласқан калоннасында уста болып ислеген. Ѳз мийнетлери менен “Ҳүрметли қурылысшы” ҳәм бир қанша орденлер менен сыйлықланған.

Муҳаммад Кǝрим Юсип улы 1998-жылы Ислам дининиң бесинши парызы Хаж ибадатына барған. Муҳаммад Кǝрим Юсип улы диний илимли, алым инсан еди. Ол 2008-жылы қайтыс болған.

“Муҳаммад Кǝрим” жоме мешитиниң қурылыс жумыслары 1993-1998-жыллары кѳмек жолы менен қурып питкерилген. Мешит 200 адамға мѳлшерленген.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тǝрепинен 1998-жылы 10-декабрьде №29-санлы гүўалық пенен дизимнен ѳткен.

Мешит 2005-жылдан 2012-жылға шекем қараўсыз қалған. 2012-жылы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты басламасы менен қайта иске түсирилген.

2013-жылы мешит шиферланып, гүмбез қурылды ҳәм мешиттиң ишки ҳәм сыртқы тǝреплерине ремонт жумыслары исленди. 2014-жылы таҳаратхана заманагөй етип жаңадан қурылды.

Мешит мǝнзили: Хожели районы «Сарышүнгүл» аўыл пуқаралары жыйыны.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998913889900

Имам-хатиб: Хожамуратов Темирбек,

Имам-найыбы: Заримбетов Бахтияр,

Имам-найыбы: Артиқбаев Муханбетали.


Хожели районында Муҳаммад Кǝрийм мешитинен басқа және 1 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Пирим ийшан баба Хожели районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы