Тахиатас районы «Муҳаммад Мурат ийшан» жоме мешити тарийхы
Қарақалпақстан Республикасы Тахиатас раёны «Муҳаммад Мурат ийшан» жоме мешитине 1991-жылы Жумамуротов Иброҳим тәрепинен тийкар салынды. Мешит қурылыс жумыслары қайырқомлық жолы менен қурылды. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 1993-жылы 12-август күнги №24-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти ҳәм мешитке «Муҳаммад Мурат ийшан» жоме мешити деп ат берилди.
1994-жылы 4-февраль күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы марҳум ҳажы Ўǝйс мақсым дәслепки жума намазын оқып, мешитти ашып берди. Мешит мǝнзили: Тахиатас районы «Кенегес» аўыл пуқаралары жыйыны аймағында жайласқан. Муҳаммад Мурат ийшан Бабанияз ахун улы 1840-жылы «Кенегес» аўылында оқымыслы адамлар шаңарағында туўылған. «Кенегес» аўылында жайласқан Бабанияз ахун медресеси (қарыйхана) нде оқыған. Ѳз дәўириниң жетик алымы есапланған. 1888-жылы әкеси Бабанияз ахун қайтыс болғаннан кейин медресеге басшылық еткен. 1913-жылы 74 жасында Шайх Муҳаммад Мурат ийшан қайтыс болған. Ел, халық ол кисини қǝдирлеп, медресе әйўанына жерлеген.
2007-жылы 10-ноябръ сәнесинде Шайх Муҳаммад Мурат ийшанның туўылғанына 170 жыл толыўына арналған Өзбекстан илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты менен биргеликте илимий конфренция болып өтти.
«Муҳаммад Мурат ийшан» мешити алты ханадан ибарат, 450 намаз оқыўшыға мөлшерленген. Мешит ҳәм дәретхона заман талабына жуўап беретуғын ысытыў системасы ҳәм зәрүрли үскенелер менен тәмийинленген. Мешитте дәслепки мәрте Жумамуротов Иброҳим ҳажы (1994-2012) көп жыллар имамлық еткен. 2012-жылдан ҳәзирги күнге шекем Жумамуротов Яқуб мешит имам-хатиби болып ислеп келмекте.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998995558405
Имам-хатиб: Жумамуротов Яқуб,
Имам-найыбы: жәрдемши: Абдукаримов Рахметулла.
Тақыятас районында Муҳаммад Мурат ийшан мешитинен басқа және 2 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Сары ийшан | Тақыятас районы |
|
Кетменши баба | Тақыятас районы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |