Шоманай районындағы Шоманай мешити ҳаққында

Шоманай

Шоманай районы «Шоманай» жоме мешити тарийхы

Шоманай районы «Шоманай» жоме мешитине 1991-жылы Зариев Насратдин тәрепинен тийкар салынды ҳәм мешит қурылыс жумыслары халықтың қол кѳмеги менен басланды. Қарақалпақстан Республикасы ǝдиллик министрлиги тәрепинен 1999-жылы 11-август күни 10-санлы гүўалығы менен дизимнен өткен.

Мешит мǝнзили: Шоманай районы А. Мусаев көшесинде жайласқан.

Мешит аты Шоманай атлы анамыздың атына қойылған болып, анамыз әжайып, қолы ашық саҳий инсан болған. Усының себепинен районымыз аты ҳәм мешит аты да соның атына қойылған.

«Шоманай» жоме мешити улыўма жер майданы 1 гектар болып, мешит имараты бир қабаттан, 5 ханадан ибарат. Мешит узынлығы 36 метр, енине 24 метрди қурайды. Мешит намазханасын 8 үстин безаб турыпты. Намазхона 700 намаз оқыўшыға мөлшерленген. Мешит заман талабына жуўап беретуғын ысытыў системасына, китапхана, тахаратхана ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленген.

Мешитте дәслепки мәрте Зари ийшан улы Насриддин ҳажы, Файзулла улы Нетуллалар имам-хатиб болып ислеген. Ҳәзирги ўақытта Амедов Бахтияр Шоманай районы бас имамы ҳǝм де усы мешиттиң имам-хатиби. Ҳәзирги күнде мешит имаратына ири қайта оңлаў жумыслары исленбекте.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99890-736-30-47

Имам-хатиб: Амедов Бахтияр, имам-найыбы Ѳтемуратов Мақсет.


Шоманай районында Шоманай мешитинен басқа және 1 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Сапар ота Шоманай районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы