Елликқала районындағы Абдуллаҳ нарынжаний мешити ҳаққында

Абдуллаҳ нарынжаний

Елликқала районы «Абдуллаҳ нарынжаний» жоме мешити тарийхы

Елликқалъа районындағы «Абдуллаҳ нарынжаний» жоме мешити қурылысы 2004-жыл кѳмек жолы менен басланып, 2005-жыл қурылыс жумыслары питкерилди. Мешит мǝнзили: Елликқалъа районындағы «Ифтихор» мǝҳǝллесинде жайласқан. Абдуллаҳ нарынжаний ҳǝзирети Пайғамбарымыз алайҳиссалом әўладларынан болып, негизги исми Мухаммад ибн Муса ибн Даўыд абу Абдуллаҳ ан нарынжаний. Шама менен ҳижрий VII ǝсирде Арабстанда туўылған. Жаслығынан дин илимин үйренип, ўǝлийлик дәрежесине ерискен. Рәўиятларға кѳре 17 жасында устазларынан ижоза алып, қалыс Аллаҳ жолында Ислам динине хызмет етиў ушын Арабстаннан кѳшеди. Ҳәзирги «Нарынжан баба» қǝбирстаны аймағында жүдә абырайлы «Нарын» деген қорған болған. Сол қорғанға келип қоным тапқан. Сол себепли лақабы нарынжаний болған.

Адамларға диний илимнен сабақ берип, сап Ислам дини ақидасы тийкарында ибадат етиўди үйреткен. Рухий тәрбия устазы, шайхул ислам болған.

Қǝбири алдындағы арабша жазыўлар жазылған таста жазыў ҳәм сәнелер бар. Онда, «Бул-оқил, обид, Аллаҳ жолында мәңги ораза, Аллаҳ кәраматын жерде пайда етиўши, атақлы - Муҳаммад ибн Муса ибн Даўыд Абу Абдуллаҳ ан-нарынжаный», деп жазылған. Алланың оған ҳǝм оның досларына рахмети болсын 712-жыл» деп жазылған.

Соған тийкарланып илимпазлар усы сәнеде дүньядан ѳткен деген. Туўылған жылы мәлим емес. Ѳзиниң ўәсиятына кѳре Нарын қорғанының батыс пахса дийўалы астына жерленген.

«Абдуллаҳ нарынжаний» мешитинде 6 бөлме болып, еки намаз оқыйтуғын зал бар. Бириншиси енине де, бийиклиги да 14 метр, гүмбез диаметри 10 метр, бәлентлиги 14 метр. Екинши бөлме енине 8 метр, бийиклиги 14 метр, гүмбездиң деаметри 6 метр, бийиклиги 10 метрди қурайды. Мешит 300 намазханға мѳлшерленген. 2014- жылы мешит толық қайта ремонтланды. Заманагөй ысытыў системасы қурылды. Китапханада 200 түрден артық китаплар бар. Мешитте биринши Илҳам Машарипов имам-хатиб болған ҳǝм ҳǝзирги ўақытта Идрисов Абдулазиз имам-хатиб болып ислеп келмекте.

Имам-хатиб: Идрисов Абдулазиз, имам-найыбы: Сапаров Саънатбек.


Елликқала районында Абдуллаҳ нарынжаний мешитинен басқа және 4 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
Машариф ақсақал Елликқала районы
Сафа Елликқала районы
Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы